Бурынғы заман ўақтында, Хорезм елинде, Ақжүрим деген қалада Ҳәсен деген хан болды. Шаҳы Ҳәсенниң ўақтында Хорезмниң еллерин көп абадан дер еди. Сансыз қалмақ елинен Тақтаполат «Хорезмди алсам», деп әрман етип жүрди. Бир күнлери: Шийрин жанын қыйнады, Патша ләшкер жыйнады, Ябыдайын туўлады, Он алты топ сүйретип, Хорезмди алмаға, Отыз мың ләшкер айдады. Ләшкерлерин ертип, патша жолға рәўана болды. Бир неше күн жол жүрип, аз ғана емес мол жүрип, Хорезмниң шетине келип қосын таслады. Тақтаполаттың жақсы көрген ҳәмиреси Абақан ўәзир еди. Шақырып алып қасына, зерли жығасы дирилдеп, «Шаҳы Ҳәсенге сен тайсалмай бар, басына қайғы сал. Тегинлик пенен бермесе, Тақтаполат патшамыз Хорезмдей елиңди, соналы айдын көлиңди, дәўлетиңди, бахытыңды, арыз сораған тахтыңды талап етти алмаға, буны қалай көресиз, де. Тезлик пенен қайт!—деди. — Әжеп болар тақсыр,—деп Абақан турып орнынан, Тулпарға ерин салады, Мақпал менен терликлеп, Гүдары айыл шалады, Ақ найза қолға алады, Алдына дабыл өңгерип, Кейнине саўыт бөктерип, Ақтамгердиң жылаўын, Оңғарып жолға салады. Қырқ жигити оңында, Қырқ жигити солында, Хорезмниң елине, Ләшкер тартып барады, Көзлери оттай жайнады, Ғәрип жанын қыйнады. Астындағы Ақтамгер, Көкке атып ойнады, Тулпарға қамшы басады, Бәлент қумнан асады, Дәрьядайын тасады, Әйне сәске ўақтында, Шаҳы Ҳәсенниң алдына, Абақан ўәзир жетипти, Ханға қарап турады, Абақанға Ҳәсен шаҳ, «Не арзың бар?»—деп сорады: —Сени көрип кеўилим болды бийқарар, Болғандай-ақ кең дүньялар бизге тар, Әреби атлы, темир тонлы, әй сардар, Айта бериң бизге қандай арзың бар? Душпанларға сен саларсаң қайғы-зар, Саўашыңды көрген ғаним муңаяр, Қайсы журттан қайсы журтқа барасаң, Ырасың айтқыл, ҳаслы кәриң ким болар? —Арзымды есит қулақ салған, Ҳәсен хан «Сиз», деп мен атланып келдим қалмақтан, «Тақтаполат», дер бизиң ханымыз, Журтыңды алмаға етти талабан. Хорезмде сен бир Ҳәсен төресең, Нешше жылдан бери дәўран сүресең. Хан жиберди «Хорезмди берсин», деп, Ҳәсен шаҳым, буны қалай көресең? Елим, деп парлап-күйип жанасаң, Халкың менен мәсләҳәтти саласаң, Саўашларға бизге қарсы шықпасаң, Ханымызға мөриңди алып барасаң! Мен Абақан, салтанатлы төремен, Ат қуйрығын Нәдиршадай өремен, Жайлы екен Тақтаполат ханымыз, Ҳәсен ханым бес күн мәўлет беремен! Ләшкериңди жыйна, халқыңа ур жар, Бизиң менен саўаш ашсаң, геллеғар! Саўашпасаң, я журтың бермесең, Басларыңа биз салармыз қайғы-зар. Ҳәсен хан турды ойланып… Абақан сөзин айтып боп, Атының басын тартады, — Көргенше хош бол, Ҳәсен хан,— Деп Абақан қайтады. Ҳәсен хан алпыс еки ҳәмелдар, жетпис еки мөҳирдар, барлық бийин жыйнады; ғарры жанды қыйнады. Ортаға шығып Ҳәсен хан, буларға қарап толғады: Алпыс еки ҳәмелдар, Жыйналысқан беглерим, Хорезмди алмаға, Халқыма қайғы салмаға, Келипти айдап ләшкерин, Тақтаполат залым хан. Белиңди қынап буўмасаң, Басыңды жолға қоймасаң, Мәрт болып саўашта, Келген жаўды қуўмасаң, Алар келип елиңди, Солдырар қызыл гүлиңди, Олжа қылар малыңды, Жесир етер қызыңды, Қул етерлер улыңды. Берк буўмасаң белиңди, Қорымасаң елиңди, Ала ғойса Тақта хан, Солдырар қызыл гүлиңди. Пасық қылар диниңди. Алпыс еки ҳәмелдар, Ақыллы дана төресең, Бир бириңниң изиңе, Иззет пенен ересең, Ҳәсен шаҳтың алдында, Қандай кеңес бересең? Бул сөзди айтып болғанда, Жыйналысқан көп беглер, Муңайып бәри турады, Көп ишинен бир ўәзир, (Ол ўәзирдиң лақабын, «Сарим ўәзир», дер еди), Сайланып шығып ортаға, Көпке қарап сөйледи, Сөйлегенде не деди: — Тыңласаңыз патшаҳым, Шығып ханның алдына, Саўаш қурсаң набада, Қаларсаң халықтың қанына. Қарсы келсең набада, Тақтаполат залым хан, Суўдай төгер қаныңды, Алар шийрин жаныңды, Олжалар қылар малыңды, Қозғар гөне дәртиңди, Қозға көмер артықды, Көширип кетер журтыңды. Оннанда биз хат жазып, Ҳал-жағдайларды айтып, Халықты қырмай, урыспай, Тақтаполат патшаға, Ели-журтты берейик? Зийўар менен Жанай мектептен қайтып киятыр еди. Атасының адамларды жыйнап, мәсләҳәт етип отырғанын көрип, Сарим ўәзирдиң сөзин еситип, еки бала жыйналған көпшиликтиң арасына келип, халыққа бир ғулғыла түскенин, ел шетине жаў келгенин билип, қанлары қайнап, көзлери оттай жанады. Жигери тасып, аяғын ғаз-ғаз басып, ортаға шығып, Зийўар жыйналған әлеўметлерге қарап бир сөз баслайды, — Жыйналысқан адамлар, Арзымды есит, ағалар, Келген жаў менен урыспай, Халықты берсек душпанға. Болмай ма бизге намыс-ар? Журтыңды алса залым хан, Ел-ҳалқыңды шуўлатып, Басыңа салар қайғы-зар. Елиңди берсең еңиретип, Болмас па екен намыс-ар? Бизлер менен оқысқан, Он мыңдайын бала бар, Ели-ҳалқың тағы бар, Он мыңдай ләшкер бар. Қарыў-жарақ тағы бар, Аўыр топлар бизде бар. Бизге келген душпанға, Ат қоямыз бәримиз, Урыспаға жаў менен. Қорықсаңыз, бизге рухсат бер: Душпан менен урысып, Нар буўрадай алысып, Қайтпай найза салысып. Қызыл қанға қарысып, Жаўдың мурынын уўайық, Жерге тамған қанларын, Ағын суў менен жуўайық. Зийўардың мәртлик сөзлерин, Халайық тыңлап турады, Жүреклери шәўкилдеп, Бәри ҳаллас урады. Зийўар атлы улының, Ер екенин сөзинен, Журт ийеси Ҳәсен хан, Сол ўақытта биледи., Жар урады қалаға, Қайғы түсти сол ўақта, Қатын менен балаға. Ғамға кеўилин толтырды. Ақша жүзин солдырды. Жыйнап елден жигитти, Ләшкерлердиң санларын, Он бир мыңға толтырды. Батыр туўған Ҳәсен хан, Ақ туўды қолға алады, Қайғы түсти сол ўақта. —Атланың жаўдың үстине!— Деп халыққа жар салады. —Халайық, жаўым улғайды, Атланбасаң болмайды, Я алың я өлиң—деп, Халқына қарап толғайды: «Атланың жаўға мәртлерим, Солдырың жаўдың гүллерин.