Батыр емес найзадан. Денесинен қан шыққан, Соны «Батыр» дегейли, Гүрескенде ким жыққан. Түйе басты ойнасам, Талай қызлар туншыққан, Гүресер болсаң биз бенен, Баҳадыр қыз, кел шыққан! Нәўбетиңди алмасаң, Неге келдиң жин қаққан? «Мақтанып талай сендей қыз, «Батырман» деп бад урып, Гүрескенде жығылып, Жүреклери сығылып, Жан алқымға тығылып, Еки көзи аларып, «Ақша жүзи қубарып, «Өлтирме», деп жалбарып, Қайыл, болған күнликке. Сонда турып Ақтамақ; «Сыйласаңыз қонақты, Рахмет сизге батыр»,—деп; «Найзасын қолға алады.— «Батыр болсаң ноғайлы, «Табжылмастан турың»,—деп; Қорқақ болсаң, қорамсақ, «Маған таман жүриң»,—деп; Аш, қорамсақ, қойныңды, Салып тур төмен мойныңды, Көрсетейин көзиңе, Ҳәр түрли қызық ойынды, Ақтамақ қыздың ойынын, «Халайықлар көриң!»—деп, Арғымағын желеди, Қапталласып геллеғар, Жанайға жақын келеди, Геўирдиң қызы Ақтамақ. Гүреске келген сайланып, Ноғайлардың батыры, Ер Жанай тур ойланып. Ләм демеди ол қызға, Тили қалды байланып. Арман шаўып өтеди, Берман шаўып өтеди, Ер Жанайды айланып. Туў сыртынан Жанайдың, Ақтамақ найза салады; Жети қабат саўыттан, Найза өтпей қалады! Және нәўбет алады: Оң жағынан айналып, Және найза салады. Кейинги урған найзасы, Жети қабат саўыттың, Бәрин тесип өтеди, Ер Жанайды Ақтамақ, Аўыр жарадар етеди. Найза өткен ўақтында, Батыр Жанай жылады, Ҳалы кетип өзинен, Қанлы жас ағып көзинен, Атынан жерге қулады, Тайын турған ер Зийўар, — Қалдың, иним, пәнтқумар, Кел, жылама зар-зар, Кейниңде мендей ағаң бар, Көрип болдым жарадар. Ҳәсен хандай атаңыз, Болып тур ол да бийқарар, Айналайын қарағым, Болсаң бизге интизар, Қутқарыўға геўирден, Зийўар ағаң мен таяр. Сеннен жоқ жанымыз аяр,— Дедидағы мәрт батыр, Найзасын алып дәстине, Ат ойнатып барады, Ер Зийўар барып Жанайды, Көтерип жерден алады, Жанайың естен танады, Қыз да болса Ақтамақ, Батыр еди геллеғар, Қол қатпастан турады. Жанайдан да Зийўардың, Мәрт екенин биледи, Ақтамақ қызға ер Жанай, «Көкирегин ашқанда, «Қонақсаң» деп ҳүрметлеп, Қызға нәўбет бергенде, Ақтамақ қыздың Жанайға, Ышқы жаман кетеди, «Ер Жанай менен қосылып, Бес күн дәўран сүрсем», деп, Жанайға ашық болады, Ер Жанайды ер Зийўар, Көтерип жерден алғанда, Атқа оңғарып салғанда, Ашықлықтың ышқында, Ҳәм мәртликтиң белгиси, Орнында турып қалады, Ер Жанайды ер Зийўар, Ат алдына оңғарып, Ләшкерге алып барады. Бийтақат турған Ҳәсен хан, Ат алдынан алады, Ақ шатырға киргизип, Адам қуны дәри берип, «Ели журттың саўлаты, Дизғанамның қуўаты, Белғанамның мәдәри, Еки көзимниң рәўшаны, Ҳәсен ханның дәўлети, Қайсар туўған перзенти, Ели-журтының ийеси, Ҳәсеншаның сәўлаты, Айналайын, балам»,—деп, Жарадар болған Жанайға, Жүдә пәрмана болады. Жанай сондай болған соң, Зийўардың қаны қайнайды, Еки көзи жайнайды, Астындағы арғымақ, Секирип көкке ойнайды. Батыр болған ер Зийўар, Билекке күшин жыйнайды, Ақтамақ қыздың үстине, Қайтадан атты қояды, — Жарадар еткен инимди, Баҳадыр қыз сен бе?!—деп; — Тайсалақлап нашардан, Қашатуғын мен бе!—деп, Ақтамақ батыр болса да, Қайсар туўған Зийўардың, Айтқанын жаман көреди, Қәҳәрленип ер Зийўар, Оннан сайын жортады, Жортқан сайын ер Зийўар, Қалтыратпа тийгендей, Денелери жуўылдап, Жүреги де суўылдап, Батырсынған Ақтамақ, Зийўардан күтә қорқады. Зийўар минген арғымақ, Арандай аўзын ашады, Айбатына шыдамай, Ақтамақ қыз қашады. Қыздың минген тулпары, Жүйрик екен жаныўар, Араны узақ ашады. Қәҳәрленип ер Зийўар, Атқа қамшы басады. Астындағы арғымақ, «Суўдай гүўлеп тасады. «Әне, мине» дегенше, Өкшесин бара басады, Ақтамақ қыз сол ўақта, Зийўардан жаман сасады, Қуўып жетип ер Зийўар, Ақтамақтың артынан, Найза менен шаншады, Тартып алып найзасын, Зәңгиликтиң тусына, Жақын келип ер Зийўар, Қатыўланып қатланып, Және найза урады. Тоққыз қабат саўытты, Қәлбирдей тесип өтеди, Мамықтай аппақ етине, Найзаның ушы жетеди, Ийзегенде ер Зийўар, Уйыққа батқан таяўдай, Ақтамақ қыздың етине, Найза сиңип кетеди. Ер Зийўарға жалынып, «Нашарман», деп налынып. Итияр арза етеди: — Ҳәсен ханның улы, батыр Зийўархан, Атбаўрынан сен ағыздың қызыл қан, Сөзин қыймай Тақтаполат атамның, Келип едим, енди болдым мусылман. Саўаш күни оқты жайдан көширдим, Бир нешшениң кепин тонын пиштирдим, Нешше палўанлардың кесип геллесин, Шараптың орнына қанлар иштирдим. Кийген тоны, ат-жарағы сайма-сай, Гүреспеге келген еди ер Жанай, «Батырман», деп келип еди лап урып, Бирақ ол да келе алмады сайма-сай, Ким билмейди Тақтаполат атамды, Неше патшаларға салған матамды, Барған жерин бағындырып өзине, Соның ушын Тақтаполат атанды. Тақтаполат қызы атым Ақтам дер, Қарсы алдымда туралмаған не бир ер, Қәҳәрленип шықсам саўаш майданға, Айбатымнан титирейди аспан жер. Қаңбақтай ушырдым таўлардың тасын, Нешелердиң қыйдым қамыстай басын, Нешелерди бенде етип тирилей, Ағыздым сел етип көзиниң жасын. Хорезмниң жемислерин жегенсең, Маған ат ойнатып қарсы келгенсең, Денем титиреди айбатыңыздан, Ҳақыйқат бир туўған арыслан екенсең. Батырлықтан мен таппадым миниңди, Енди сениң барҳақ билдим диниңди, Батыр екен, ашық болдым Жанайға, Сол себептен өлтирмедим иниңди. Бәҳәр кирмей ашылмайды қызыл гүл... Бағда сайрап киятырған жас бүлбил, Өлсем зарымды тартар бир неше, Я өлтиргил, я қалдырғыл, өзиң бил. Мениң ҳәр сөзимнен шығар мағана, «Инимди шанышты», деп етпе паймана. Та өлгенше хызметиңде боламан, Ендигисин өзиңиз бил, «қайнаға». Ақтамақ қыз Зийўарға, Жалбарынып турғанда, Хорезмниң патшасы, Ҳәсен хан да келеди. Жүзлери гүлдей жайнаған, Көргенниң иши қайнаған, Ханзадаға ылайық, Ақтамақ қызды көреди. Қыздың дана екенин, Ўәлийлик пенен биледи, Көзи түсип жүзине, Ыразы болды Ҳәсен хан, «Қайнаға», деген сөзине. Ақтамақ қызды Жанайға, Ылайық көрип келинге, Ашық күндей жамалын, Даналығын ол қыздың, Ҳәсен хан тәрип қылады: — Ҳаққа жеткен ғош жигиттиң наласы, Жетпеди геўирдиң бизге шамасы, Ақтамақты өлтирмегил, перзентим, Сондай болар адамзаттың баласы. Жақын қалды Еменқиял арасы, Көринип тур мунарының қарасы, Ер Жанайдың өшин алмай-ақ қойғыл, Питип кетер етиндеги жарасы. Балам, тыңла Ақтамақтың дадыны, Сизге айтты ишиндеги барыны, Қылышыңды ҳаўалатпа басына, Өлтирмегил ер Жанайдың ярыны. Тасқа өтер ер жигиттиң қылышы, Жаўды көрип титирер мәрттиң денеси, Қайнағасы —Зийўар, атасы—Ҳәсен, Анаңыз болады оның енеси. Зийўаржаным, жоя менен жал қандай, Шийрин десең шекер менен бал қандай, Көрсе адам Ақтамақтың жамалын, Өзи бийҳуш болып естен танғандай. Көрмейсең бе жүзи гүл-гүл жанғандай, Жамалын көргенниң мийри қанғандай, Зийўар балам, келиниңди өлтирме, Қосылып дәўранды сүрсин ер Жанай. Арғымақты қай таўларда сүрмедим?! Ғазап ушын, қайдан-қайда жүрмедим?! Зийўар жаным, бундай батыр нашарды, Жети ықлымды гезип сирә көрмедим. Ерлик етип ер, сөзине турайық, Ақтамақжан келинликке ылайық, Нәсийҳатымды алсаң, өлтирме, Жанайжанға берип келин қылайық.