«Аҳ» дегенде нур тамады жүзинен, Ушқынланып от шығады көзинен, Ашық екенлиги жаным Жанайға, Көринип тур «қайнаға» деген сөзинен. Дүньяда өлим жоқ, балам, ашыққа, Ашықты қоспақ парыз машыққа, Геўирлерден аларсаңыз өшиңди, Келинди өлтириўге балам, асықпа. Ақтамақжан екен қыздың данасы, Қандай екен оны туўған анасы? Аларсаңыз геўирлерден арыңды, Көринип тур жақын анаў қаласы. Араларсаң қала менен көшесин, Шаншарсаң геўирдиң сайлап нешесин. Ақтамақты келин етейик, Зийўаржан, Қудағай етермиз туўған шешесин. Жығып геўирлердиң бәлент мунарын, Кесип қызларының таққан тумарын, Ақ отаўда ышқы-ишрет етерсең, Тарқатсын Жанайым кеўил қумарын. Тақтаполат қашса қуўып жетерсең, Қуўып жетип тири бенде етерсең, Қылған гүналарын алса мойнына, Онда оның гүналарын өтерсең. Ырайдан қайтпаса басын кесерсең, Найза менен еки көзин тесерсең, Оннан кейин не қылсаң да өзиңде, Ата тилин алғыл, балам, өсерсең. Геўирлерге етсеңиз де қарыўды, Өлтирмеңиз Ақтамақтай арыўды, Зийўар жаным, усы айтып болғаным, Келинге бола мениң басым аўырды, Батыр туўған ер Зийўар, Әдепли еди жасынан. Атасының айтқанын, Зейин қойып тыңлайды, Әдепсизлик қылмайды, Қылышын тартып алады, Қынабына салады, —Әжеп болар, ата—деп; —Атажан ҳәзир сөзиң,—деп; —Мениң қылған гүнамды, Кеширегөр өзиң,—деп, Баласы нала қылады. —Хорезмниң палўаны, Айналайын, перзентим. Еки көзимниң раўшаны, Өзиңдики дүнья-мал. Пандыў-нәсийҳатымды, Балам ойыңа жақсы ал; «Атама гүна қылдым», деп, Етпе ҳасла қыйлықал. Үстине минип арыз шешкен Алтын тахтта сеники; Төкпей, шашпай жыйнаған Дәўлет-бақ та сеники; Жети ықлым Хорезмдеги Ели-журт та сеники; Басымдағы жан балам, Тилла таж да сеники; Кәрўаннан алынатуғын, Бажым да балам сеники; Асатуғын гәззапты, Тилла дар да сеники; Маңлайдағы шырағым, Ҳәрне бар да сеники; Бағындырсаң душпанды, Намыс-ар да сеники; Дүньядағы шырағым, Сулыў яр да сеники. Перзентим сеннен, Зийўаржаи. Аяйтуғын жаным жоқ, Не қылсаң да қарағым, Бәри саған ылайық. Хорезмниң душпанын Женгениң ушын жан балам. «Рахмет» дейди халайық. —Мынаў Қиялқалада, Алып барып келинди, Бағына кирип геўирдиң, Той-тамаша қылайық, Шығарып иштен ҳәўирди,— Деп мәртлер минди тулпарға, Бир жағынан ер Зийўар, Бир жағынан Жанайжан, Ортасында, Ҳәсен хан, Дөгерегин қоршаған, Хорезмли көп арыслан, Ханның қызы Ақтамақ, Латманаттан дөнеди, Не айтсам да ер Зийўар. Патшаның қызы көнеди. Батыл динди қояды, Барҳақ динге енеди, Көк сандалға минеди. Хорезмди жайлаған, Ат жақсысын сайлаған, Геўирдиң қолын байлаған, Басып кирген геўирди, Қоралы қойдай айдаған, Қандай саўаш болса да, Туўра барған, таймаған, Ноғайдың сансыз ләшкери, Тақтаполат патшаның, Үстине қарап жөнеди. Ол шатыр менен бул шатыр. Ол шатырдың ишинде, Тақтаполат хан жатыр. Ол шатырдың үстине, Ғурыжланып ат қойды. Хорезмли қос батыр. Қос батырдың ортасында, Ақтамақ арыў киятыр. Қоршап турған геўирлер, Булар да ат қояды. Ақтамақтай арыўдың, Ноғайға олжа болғанын. Батыр қызлар биледи. Ҳайранлықтын дағлары, Жүреклерин тиледи. —Ноғайға олжа еткенше, Ақтамақ сәрдарымызды, Ноғайлар менен урысып, Өлейик қанлы майданда,— Деп батыр қызлар қолына, Қарыўларын алады. Ҳәсен ханның үстине, Бәршеси ат салады. Зийўар менен ер Жанайдың, Ат басындай жүреклери, Қанасында туўлайды. Әсиресе Зийўардың, Ети жаман жуўлайды— Қызларға қылыш урғанда, Қойларға қасқыр тийгендей, Лалаўлап қызлар шуўлайды, —Мәрт болсаң геўир қызлары, Беррегирек кел!—дейди, Қызларға қылыш силтейди, Нешше қыздың жанлары, Жәҳәннемге кетеди. Талай қызды ер Зийўар, Аўыр жаралы етеди. Ат қуйрығы түйилди, Батыр қызлардың геллеси. Таўдай болып үйилди. —Билдик, батыр екенсиз, Ҳәсен ханның баласы, Мәрт екенсең ер Зийўар, Қылышыңды тарт,—дейди; —Алсаңыз, әне ел,—дейди; —Қанымыз болды сел,—дейди; —Бизиң менен еллессең, Зийўар батыр, кел,—дейди; —Обал-саўап мойныңа, Я өлтир, я олжа қыл, Зийўар ер, өзиң бил,—дейди. Аман қалған батыр қызлар, «Қуралларын таслады, Өзиңиз бил,—деп,—не қылсаң», Барлығы көзин жаслады. Қызлардың өлмей қалғаны, Зийўаржанға жалбарып, Олжа бола баслады. Аттың жалы өрилди, «Мен мен» деген геўирдиң, Абырайы қолдан берилди. —Қойғанға берекет, Қоймағанға жаўсын нәлет, Қашқанға жаўсын рахмет,— Деп геўирлер қашады, Қиял деген қалаға, Бәри барып қамалды. Қубладан қойған дәрўаза— Дәрўазасын бекитип, Ишинен тәмби басады. Отыз мың ләшкер ноғайлы, Қаланы қамал етеди, Жан шығармай далаға. Қырқ мың ләшкерли геўирлер, Ҳеш илаж ете алмады, Ер Зийўардай балаға. Журттан озған ақылгөй, Алпыс еки ҳәмелдар, Жетпис еки мөҳирдар, Барлығы жыйналып, Мәсләҳәтти салады. Көп бийлердиң ишинен, Аппақ қуўдай сақалы, Орта бойлы дамбелше, Минез-қулқы заңғардың, «Белин беккем байлады, Басқалардан өзгеше, Ҳәр иске өзин сайлады, Өрре турып орнынан, Бир қиялды ойлады. Халық қоршаўда турған соң, Ойламасқа болмады.