Аты еди Арсары, Ол бийлерге толғады: —Тақтаполат залым хан, Тыныш жатқан ноғайға, Ләшкер айдап, топ сүйреп, Минип аттың белине, Қызыл қия шөлинде, Сегбир етип нешше күн, Барды ноғай елине Саўаш етип майданда, Ат баўырынан ақты қан, Баланы айырды анадан. Ананы айырды баладан, Барлық ноғай қырылды. Тақтаполат патшаның, Қылышының зарынан. Ҳәсен ханның баласы, Зийўар менен Жанай мәрт, Бул қорлыққа шыдамай, Қалмақларға ат қойды. Батыр екен балалар, Зар жылатып бизлерди, Қуўып шықты қаладан, Ақылсыз надан ханымыз, Өшиктирди ноғайды. Қайсар екен ноғайлар, Тақтаполат патшадан, Жеңилмеди оңайда, Жигерли сансыз қалмақтың, Өлиги қалды көмиўсиз, Дәрья, теңиз, тоғайда. Зийўар менен Жанайдың, Батырлығын буннан бил: Ғаўлап турған қалмаққа, Ат қояды қорықпастан! Усынша жасқа келгенше, Барғалы талай урысқа, Көрмедим бундай арыслан! Хорезмли ноғайлар, Әкелди қуўып бизлерди, Бесмазар деген жерлерге. Ҳеш илаж ете алмады, Гүркиреген ханымыз, Зийўар, Жанай ерлерге. Қуўды Бесмазардан да... Сол қашыўдан қаштық биз, Өликлерге қарамай, Бир нешшениң атлары, Қалды жолда жарамай. Алды менен қашты өзи, Тақтаполат «батыр хан», Бизлерге де қарамай, Дослардың ҳалын сорамай. Қызыл қия шөллерде, Шомылды атлар терлерге, Ким атадан айрылды, Ким анадан айрылды, Ким баладан айрылды, Ким ярынан айырылды. Тоқтаполат залым хан, Бизлер менен ел ме еди? Қырылса да қалмақлар, Қасына ҳеш келмеди. Қарамады ханымыз, Халықтың көзде жасына. Таўлардың толды жырасы, Қалмақлардың лашына, Қашып келди ханымыз, Қанлы өзектиң қасына. Ноғайлар найза урғанда, Қыйналды шийрин жанымыз. «Мен мен» деген батырлар, Ким аяқтан айрылды, Ким қолынан айрылды, Ким қулақтан айрылды. Бул майданда ханымыз, Абақандай ўәзирди, Атландырды қалаға. Ат шаўып барып Абақан, Жар салдырды, қалада, Қайғы түсти беглерге, Кемпир, ғарры бийшара, Қатын менен балаға. Ханнан буйрық болған соң, Қараўлап тоқтаў қайдады?! Ханнан барған Абақан, Елде қалған адамның, Барлығын жаўға айдады. Саўаш болып майданда, Қара топлар атылды, Қалмақлардың өлиги. Таўдай болып үйилди, Қаза жетпей қалмақлар, Қыршынлай өлимге шатылды. Ханның қызы Ақтамақ, Үш жүз алпыс қыз бенен, Бул да келип саўашқа, Барлығы жаўға сайланды. Ақтамақ шықты ортаға... Ноғайлардың ишинен, Қарыўланып, бурсанып, Муздай темир қурсанып, Жанай да шықты майданға, Еки қайсар алысты, Буўрадай болып шайнасты.. Жанай болып жарадар, Ноғайды азмаз сус басты.. Зийўар деген бир батыр, Тур екен наймыт ол сапта, Қаны қайнап туралмай, Бул да шықты майданға, Шап берип жолбарыстай, Ақтамақтан қорықпай. «Батыр қыз ол қайдады?! Иним ушын майданда, Қан төгип, өлсем пайдады»,— Дедидағы ер Зийўар, Ақтамақтың үстине, Арғымағын айдады. Батырлығын буннан бил Палўаннан қыз тайсалды. Ақтамақтай арыўға, Найза урылды майданда; Ер Зийўардың найзасы, Жарқырады майданда; Ақтамақтың саўытын, Тилкимледи майданда; Уўзыдай аппақ етлери, Паршаланды майданда; Менменсинген Ақтамақ, Зар жылады майданда; Қамшы басып атына, Қашты Ақтамақ майданда; Қуўып, жетип ер Зийўар, Және шанышты майданда. —Неге кирдим саўашқа,— Деп Ақтамақ налынды; —Өлтирмегил, аға,—деп, Ер Зийўарға жалынды. Мәрт екени Зийўардың, Қалмақларға билинди. Олжа етти өзине, Ақтамақ қызды майданда, Үш жүз алпыс қызларын, Қоралы қойдай шуўлатып, Қырды батыр майданда. Әне-мине дегенше, Бир тислем нан жегенше, Бираз қызды өлтирип, Биразын етип жарадар. Ер Зийўардың урысы, Болды мыңға барабар, Ақтамақ қыздың нөкери, Үш жүз алпыс қызды да, Бағындырып өзине, Олжа етти майданда. Тақтаполат патшаның, Күйе жақты жүзине. Қырып салып қалмақты, Қуўып Тақтаполатты, Алтын тағын қулатты, Ели-журтын жылатты, Айтқан сөзин орнатты. Ер Зийўарың мәрт екен!!! Тақтаполат патшаның, Қан толтырды көзине, Ноғайлының отыз мың, Ләшкерин ертип изине, Қелди Қиялқалаға. «Бул қалай күн болды» деп; «Пайманамыз толды» деп; «Қызыл гүллер солды» деп, Қайғы түсти, халайық, Қатын, сағыйра балаға. Хорезмли ноғайлар, Қаламызды қамады... Қәҳәрленсе ноғайлар, Қылыштан қан ағады. Бенде етер бизлерди, Бағынбаса патшаңыз, Қара жерге тирилей, Қазық етип қағады! Ағызар суўдай қаныңды! Қутыламыз өлимнен, Услап берсең ноғайға, Тақтаполат ханыңды.