Хан ушын қырыў халықты, Айтыңлар, беглерим, Ойлаң, кимге жағады?! Қырылғанша хан ушын, Тақтаполат патшаны, Зийўарға услап берейик? Ҳәр не десе Ҳәсен хан, Биз изине ерейик? Сөзлерин мақул көрейик? Халықты қырған гүнасыз, Неге керек залым хан?! Ҳәр адамның өзине, Олжа жалғыз шийрин жан, Залым ханы қурысын, Хансызақ бизлер жүрейик! Иайтақ жатқан қалмақтың, Ел-халқын да берейик. Хан минип арыз сораған, Мынаў алтын тахтын да, Ғәзийнесин патшаның, Мал-мүлки, дәўлет-бахтын да, Ғәзийнели гәўҳәрин, Қиялдай үлкен шәҳәрин— Ноғайға бәрин берейик. Бизлер бермеген менен, Өзи де шаўып алады. Оннан кейин басыңа, Мүшкил ислер салады. «Кире ғой», десе ноғайлар, Динине де кирейик. Ханның тилла дарыны, Ноғайға бәрин берейик. Ханы қурсын беглерим, Ҳәр кимге де жан татлы, Тақтопалат қурысын! Услап берип патшаны, Босатып берип қаланы, Елди тыныш етейик. Қутқарайық қайғыдан, Зарланған қатын-баланы. Ханның келди қардары... Шешен еди Абақан, Арсары сөзин болған соң, Хан ўәзири Абақан, Ырғып турды орнынан, Қамсығып көзин жаслады, Арсарының қасына, Барып қалды жақынлап, Тасқа тийген дойнақтай, Таңлайлары тақылдап, Сөз сөйледи шақылдап: —Тақтаполат хан болып, Алтын тахқа мингели, Толды алдым ләшкерге. Барлығын жыйнап шәҳәрге, Саўаштың жөнин үйретип, Халықта жүйрик атлардың, Барлығын жыйнап алдырды. Елдеги не бир жигитти, Айырып минген атынан— Барлығын жаяў қалдырды. Ләшкердиң азық-аўқатын, Аш халыққа салдырды. Ләшкерге айдап оларды, Аўыр тобын сүйретип, Басқылап ноғай еллерин, Барып қырды шуўлатып. Көкиреги аршынлы, Арысланларын өлтирип, Қызларын жесир қалдырды. Бир жыл шапса тайпа елди, Келеси жыл бул наймыт, Ләшкерлерине дем берди. Минип аттың белине, Неше күн тынбай жол жүрип, Азғана емес мол жүрип, Елеўсиң жатқан бул елди, Аңсызда қырды ахмақ хан. Ўайран салды орынсыз, Хорезмниң елине, Улын жетим қалдырып. Қызларын тул қалдырып. Ғаррыларын қорлады. Аналарын зарлатып, Аўзы түкли залым хан, Арыўларын азнатып, Тыныш жатқан ноғайдың, Мал-дүньясын талады. Ноғайлыны шуўлатып, Мәртлерге қан қустырып, Тақтаполат залым хан, Қылышынан қан жуўырып, Ноғайдың елин қуўырып, Улын, қызын ызғытып, Бир неше рет тоздырды. Хорезмниң қаласын, Сексен гез қара топ пенен, Бир неше рет буздырды. Тыныш жатқан халықты, Қырып-жойып аңсызда, Бағындырып өзине, Тақтаполат қанхор хан, Абырайын оздырды. Гелле кесип, қан төгип, «Залымның кеўили өседи, «Тақтаполат елинен. Алмақ болып бир елди, Атланыпты», дегенде, Есите қойса бул журтлар, «Келмегейдағы бәле», деп, Сыртынан дирилдеседи. Сөзлеримизди тыңламай, «Атланысып ноғайға, «Аламан,—деп,—оңайға», Қырып-жойып халықты, Ноғайдың елин бүлдирди, Қызыл гүлди солдырды, Тақтаполат залым хан, Көзин қанға толтырды. Ҳәсен хан, Зийўар, Жанайдың, Арқаларын қоздырды. Зийўар менен ер Жанай, Батыр екен, адамлар, Қаны қызып қайсарлар, Басып кирген қалмаққа, Қалмақтан арын алмаққа, Атланды дәрҳал майданға. Саўаш етип майданда, Қалмақларды қайсарлар, Қоралы қойдай қосақлап, Аяўлысып өлтирди, Мәнисине келтирди. Еки батыр өликке, Жылға, сайларды толтырды. Адамына тап болып, Тақтаполат батыр хан, Қырғыйдан қашқан шымшықтай, Таслап қашты шатырын. Баспана жер табалмай, Ушырады хан бүликке. Жилиги ханның шағылды. Айрылып ләшкерлеринен, Шырданынан қағылды, Қалаға келип қамалып, Жүрегине от жағылды, Айтқан сөзи тыңламай, Өз пейлинен шатылды. Ноғайларды өлтирип, Қалмақтың елин бүлдирип, Ақылсыз хан не қылды?! Бизлер менен кеңеспей, Тақтаполат жаңылды, Енди қашар жери жоқ, Аяқ-қолы таңылды. Қутырған қанхор көпектиң, Мойнына қарғы тағылды. Қалмақлардың бийлери! Келиңиз қалмай жыйналып. Мен отырман халықтың, Қырылғанына қыйналып. Халық тәғдийрин шешейик? Жатырған ханға барайық, Халыққа еткен гүнасын, Өз мойнына алмаса, Қоймайық енди хан қылып.