Бағынбаса ноғайға, Аяқ-қолын бәнт етип, Амуд пенен алпыс пуд, Төбесине урайық. Ийжандай қылып унтайық, Бәтшағарды нан қылып! Гүржиге етин тарттырып. Сан етлерин паралайық... Бир бармақта турмаса, Төбелеп неше сан қылып, Сөйтип бундай залымның, Танытайық бабасын! —Турың бийлер, турың!—деп, —Адымды шаққан урың!—деп, —Ақмақ ханның үстинде, Барып мәтте қурың!—деп, Абақан уран салады. Алпыс еки ҳәмелдар. Жетпис еки мөҳирдар, Орнынан өрре турады, —Абақан қайсар төреди, Ҳәр истиң жөнин биледи. Геллеғардың айтқаны, Ҳәр ўақытта да келеди,— Деп қалмақтың бийлери, Абақанның изине, Барлығы ғаўлап ереди. Хан жатырған ақ сарай, Арыз сораған датқа жай— Хан жатырған ордаға, Бәри жетип келеди. Бийлер келген ўақтында, Тақтаполат залым хан, Датқа жайдың төринде, Отыр екен түнерип. Баслап келген бийлер менен, Абақан ўәзир тик турып, Ханға сәлем береди. Қәҳәри қатты залым хан, —Көргенсиз, нәлет бийлер, Не себептен үстиме, Руқсатсыз келдиңлер!—деп, Буўырқанды, пурсанды, Қәҳәрленди, қатланды, Қабағынан қар жаўды, Кирпигинен муз жаўды, Бийлерге кейип, бақырды, Мүлгиген басын көтерип, Аш жолбарыстай ақырды: —Келген шешен, көп бийлердиң сәрдары, Әзелден Тақтаполаттың қандары, Бир ой менен ақ ордадан келипсең, Көп бийлерди баслап, найсап Арсары. Арсары, баслай бер айтар сөзиңди, Айтпасаң оярман еки көзинди, Журтты жыйнап, тас аттырып көшеде, Сарсаңкесек еттирермен өзиңди. Миниў ушын мынаў алтын тахтларға, Ийе болыў ушын дәўлет-бақларға, «Бенде етемен,—деп,—Тақтаполатты», Хабар бердиң бе қурамсақларға? Ашық болып келдиң бе я ярыма? Я болмаса ғәзийнемде бары ма? Жаман қыял менен келген болсаңыз, Асып өлтирейин тилла дарыма. Отырғансаң орын алып қасымнан, Талай жедиң жылытпаға қалған асымнан, Бүгинги күн сен де душпан болдың ба, Дәўлет қусы ушқанымда басымнан?! Егер жекке келгениңде не ҳәдди?! Нәҳәр емес, жегизейин зәҳәрди! Арсары, сен қанша арыслан болсаң да, Қурамсаққа бере алмассаң шәҳәрди! Арсарыға ықтыярды берипсиз, «Арыслан» деп изине ерипсиз. Мени байлап берип қурамсақларға, Бийлерим, аман қалыў ушын келипсиз! Абақан, сен қурамсаққа сатылып, Я келдиң бе қол-аяғың шатылып, Егер келген болсаң жаман ой менен, Онда өлесең ҳәзир дарға асылып. —Тыңла сөзди, Тақтаполат ханымыз, Тақсыр, ханым, алсаң мине жанымыз, Ноғайлар қоршады келип қаланы, Қамалыўда, қырылажақ халқыңыз. Хызметиңди етип жедим сизден нан, Халқым ушын пидә болып шийрин жан Бирақ халық тәғдийрин тез шешиңлер, Алдыңызға келди ўәзир Абақан. Ноғайлар тур сыртқа шықсаң жан алып, Өлгенлер көп көрсең, ханым, сан алып, Ҳеш нәрсе жоқ Арсарыдан көргендей, Халқың әне өлип болды қамалып. Хан болсаңыз халқыңызды қайғырың, Қайғырмасаң қыйын болар тәғдириң, Айтқанға жүрмесең, қарап етиўге, Қардай борап келмеспекен ул-қызың. «Руқсатсыз келди» деп күйип-жанбаңыз, «Мәҳәлсиз келди» деп шубҳаланбаңыз, Абақанның алдында айтқан сөзине, «Буған не болды», деп таңырқанбаңыз. Ҳәсен ләшкерине ҳәмирин етти, Қалмақлар өзиңе өлим мәр етти, Зийўар келип басыңызды алажақ, Урыс тыңламайды, тақсыр, әдепти. Тақсыр, ханым, әдалатлы төремиз, Сасып келдик, не деп жуўап бересиз? Халықты қырмай берилейик ноғайға, Тақтаполат буны қалай көресиз? Бермесеңиз еркиңизге қоймайды, Соның ушын бермесеңиз болмайды, Не қылсаң да, ханым, тезирек болмасаң, Ҳәзир төбеңизде қылыш ойнайды. Журтыңды бермесең жаннан кешиңиз! Ханым кепиниңди өзиң пишиңиз! Сениң ушын халықты қамап, қырмаспыз, Не қылсаң да тақсыр тезирек шешиңиз! Зийўар, Жанай бузып өтер орныңды, Парра-парра етип үзер торыңды, Алдына бас ийип өзиң бармасаң, Ноғайлылар келсе қуртар сорыңды. Дәл бедеўдиң жал-кекилин тарайық, Келиң, бийлер, бул бир иске жарайық, Сөзди тыңла, Тақтаполат ханымыз, Ҳәсен ханның алдына биз барайық? Қол қаўсырып хызметинде турайық, Еткен гүнамызды ханнан сорайық, Патша халқы кеширимли болады, Гүнамызды кеширсе ел болайық? Тақтаполат таўлай берме муртыңды, Ашыўланып томпайтпаңыз уртыңды, Сизге де, бизге де тақсыр өлим жоқ, Ҳәсен ханға тапсырсаңыз журтыңды! Халық ушын қанлар жутып, қыйналып, Алдыңызға келип турмыз жыйналып, Тақсыр, ханым, бир жуўабын бериңиз, Абақанның сөзине аўыр ойланып. Ойланбасаң, ақыр ўайран боларсаң, Зийўар келип қызыл гүлдей соларсаң, «Абақанның айтқаны ырас екен», деп, Сол ўақтында маңлайыңа урарсаң,— Дедидағы Абақан, Айтар сөзин таўысты, Сол ўақтында патшаның, Қиялы ҳәм нәзери, Басқа жаққа аўысты: Еки көзи қызарды, Жайнатып алмас қылышты, Қынабынан шығарды. — Шабайын сени, найсап!—деп, Абақанға умтылды, Абақанның алдына, Тикке қалқан тутылды, Бир келген жаза-өлимнен, Абақан сөйтип қутылды. Тақтаполат патшаның, Көзи оттай жайнады, Абақанның сөзине, Жүреги күйип, қайнады, Ақша жүзден қан қашып, Жүзлери кетти қуўарып, Еки көзи жумылып, Аш қасқырдай қабынып, Абақанды жегендей. — Жәллат!—деди, шақырды, Даўысы кетти жер жарып. Келетуғын жәллат жоқ. Белинен кетти қуўаты, Өзинен кетти мәдәры, Бетлеринен қан қашып, Абақанды түтиўге, Қалмады ханның ҳалаты. Жан-жағына қарады, Арсары тур бир шетте, Қолында қылыш жарқылдап, Келетуғын жәллат жоқ... Тыңланбаған сөзлери, Қызарып еки көзлери, Суп-сур болды жүзлери, Мынаў турған бийлердиң, Жаман көрип түрлерин, «Не болса да буларға, Мен бир ис қылайын», Деп оларға тигилип, Көкиреги егилип, Қабырғасы сөгилип, Сөз сөйлейди барқылдап: — Дәстурқаннан жедиңизлер нанымды, Енди қыймақпысыз жалғыз жанымды?