Басып кирип әдалатлы ордама, Төгиў ушын келдиңиз бе қанымды? Жүйрик минип бийик таўдан асқанман, Нешелерин түсиргенмен аспаннан, Ноғайлардың қанын төгип майданда, Бир де қайтпай, дәрья киби тасқанман. Жүрегим таўдай асқанында қайтпады, Еситип қай патша «қуллық» айтпады?! Барлығы да қол қаўсырды алдымда, Ҳеш бириниң маған тиси батпады. Душпаныма жеткердим мен дадымды, Сол себептен халық билди атымды, Найсаплар, сатылып қурамсақларға, Сизлер кемиттиңиз инабатымды. Барғанымда ләшкер айдап нешше сан, Қорқып Хорезмге қайтқан Ҳәсен хан, Сизлердиң аўзыңның алалығынан, Душпан келди ат баўрынан төгип қан. Қурамсақтың ели биздей баймеди? Урысыўға ат-жарағы саймеди? Найзаласып гүресиўге майданда, Ҳәсен ханның күши бизге теңбеди? Ноғайлының ели-елаты ашты... Майданда еткенде қанлы саўашты, Басқы таўып ләшкерлери қырылып, Қурамсақлар ғаўлап үйине қашты. Ҳәсен ханның көкке жетти наласы, Саўаш етти Зийўар, Жанай баласы, Бизиң балалардан қашқанлығымыз, Билиң, бийлер, аўзыңыздың аласы. Төтепки бере алмай еки балаға, Қашып келип тығылдыңыз қалаға, Жаныңызды алып қашып ноғайдан, Өзлериңиз қалып отырсыз налаға. «Арғымақтың, жал-кекилин өр», дейсиз: «Хан алдына бизди баслап жүр»,—дейсиз; «Ели-журтты Ҳәсен ханға тапсырып, Хан болып қайтадан дәўран сүр»,—дейсиз. Нәмәрт саўаш күни дәртке жарар ма? Таяқ тиймей бүйирине қарар ма? Ел-журтын бермесе, қолын байлатып, Патша өлмей хан алдына барар ма? Ақыллы хан қарашаға ерер ме?! Өзи өлмей журтын жаўға берер ме?! Ақылы бар болса бийлердиң, Руқсатсыз, хан алдына келер ме? Сизлер ўайран етажақсыз тағымды, Гүлсиз қуўрата жақсызлар бағымды, «Ҳәсен ханға журтты тапсыр», десеңиз, Әмелдарлар айырарман жағыңды. Арсары, Абақан сатылған жаўға, Сөйтип басымызға салмақшы ғаўға, Бундай найсапларды дарға тарттырып, Басларына тири салайық саўда. Найсаплардың саўда салып басына, Рәҳим етпей көзден аққан жасына, Тилла дарға алқымынан асайын, Ҳеш бир жанды келтирместен қасына. Басқа бийлер пайманаңды толтырмаң, Әжел жетпей қызыл гүлиң солдырмаң, «Бизди баслап Ҳәсен ханның алдына, Тақтаполат барады», деп отырмаң. Қолды қыяр бос усласаң қамысты, Хан алдына тири барыў намысты, Бийлерим, барлығың азған болсаңыз, Жүрегиме отлар түсип алысты. Әмелдарлар, сөзиңизге ермеймен, Өлгенше ноғайға қылыш сермеймен, Қалдырмай халықтың бәрин қырса да, Ҳәсен ханға шәҳәримди бермеймен. Тәлим алың Тақтопалат сөзинен, Қәҳәрленсе қанлар ағар көзинен, Бере алмайман қурамсаққа қаланы, Ханлық кетпей турған ўақта өзимнен. Қелген бийлер, артыңызға қараңыз, Сарайымда турмай дәрҳал тараңыз, Егер ҳәмириме «қуллық» етсеңлер, Ол ўақытта жаўға ўайран саламыз. Ханның айтқан сөзине, Қаны қызды бийлердиң, — Қан толған екен көзине, Тақтаполат залымның, Тыңламады бул ахмақ, Әдил сөзин алымның —Кеңеске келген бийлерди, Өлтиретуғын сенбе,—деп, Өзим өлмей басымды, Беретуғын мен бе,—деп; —Сәлемге келген бизлерди, Асасаң ба дарға,—деп?; —Тақтаполаг лашыңды, Тартсын ала ғарға!—деп, Хан қасында Абақан, Арыслан туўған Арсары, Қарқылдап турған патшаның, Жағасынан алады. Алпыс еки ҳәмелдар, Жетпис еки мөҳирдар, Тақтаполат залымға, Булар да пәнже салады. Ақ сарайдың ишинде, Қаны келип аўзына, Есинен хан талады. Ханның көзи тынады, Хан отырған алтын тахт, Аяғы менен бийлердиң, Бөлекленип сынады. Хан қатыны ханшаға, Ақырзаман болады.— Алтын тахттың үстинен, Қаншайым да қулады. — Ашылмаған бахтым!—деп; —Ўайран болды тахтым,—деп; —Сынған енди сақтым,—деп, Қаншайым зарлап жылады, Көзиниң жасын булады, Буласа да болмады, Ашыўлы бийлер қылмады, «Не қылып атыр, ханым» деп, Нәзерин хасла салмады. Қылышлары қолында, Күйип турған жәллатлар, Тақтаполат патшаның, Артына қолын байлады, —Ҳаққыңнанды залым!—деп, Алдына салып айдады. Абақан менен Арсары, Қоршаған көп халыққа, —Бәриң кейин қаш!—деди. Киятырған қул яңлы Тахтаполат патшаға Дәрўазаман, пашшаплар, Ләшкерлер жол береди. —Еки қолың байлаўлы, Киятырсаң ба «батыр»,—деп, —Сениң қылған ғазабың, Таңлайымызға татыр,—деп, Қалмақтың есер баллары, Ермек етип патшасын, Изинен тас атады Тас тийген сайын басына, Ашыўына шыдамай, Патша жортып желеди Хорезм елин ызғытқан, Қанын суўдай ағызған, Қозылы қойдай зарлатқан, Тақтаполат залымды, Ҳәсен ханның алдына, Арсары менен Абақан, Жетирип айдап келеди. —Жүрмей айтқанымызға, Бизлерди де күйдирген. Ләшкерлерин шубыртып, Барып ноғай елине, Нәмәртлерин өлтирген, Қандарыңыз минекей, Ноғайдың елин бүлдирген. Алып келдик алдыңа,— Деп қалмақ бийлери, Ийлип сәлем береди. Әдил еди Ҳәсен хан, Бийлериниң қалмақтың, Сәлемин әлик алады. Бас ийип келген бийлерге, Ҳәсен хан иззет қылады. «Бурынғы өткен ханлардан, Киятырған жол еди, Елши менен патшаға, Ҳеш ўақытта өлим жоқ еди. Я жақсы болсын, я жаман, Ықтыяры өзине. Ким болса да бул найсап, Қалмақларға еди хан. Халқына қылған ислерин, Көрейин сорап мен буннан. Гүнасын алса мойнына, Хан етейин орнына, Қайтпаса егер ырайдан, Асайын тилла дарына», Деп Ҳәсен хан ойлады. Ақыллы еди Ҳәсен хан, Орынсыз исти қылмады. Геўирлердиң ханынан, Бир неше саўал сорады: —Геўирлердиң патшасы.