Тақтаполат сенбисең? Тыңламай халықтың датқасын, Зар жылатқан сенбисең? Қалмақлардың елинен, Ғажырлы жигит жыйнаған, Ғайратлы хан сенбисең? Саўаш етип қан төгип, «Хорезмниң халқына, Хан болсам бир» деп ойлаған, «Ақыллы» хан сенбисең? Урыс өнери илимин, Ләшкерлерге үйреткен, «Алым» патша сенбисең? Аўыр топты сүйреткен, Найзаға халықты түйреткен. Залым патша сенбисен? Баўырынан жел өткен, Жанды қоймай жыйнаған, Жаршы патша сенбисең? «Хорезмди алсам», деп, Ғарры жанды қыйнаған, Жансебил патша сенбисең? Халықты геўлеп қоймаған, Лепсиқаў патша сенбисең? Шөпти-шарды, таў-тасты, Айдарҳадай жутса да, Бир тамағы тоймаған, Жетимше хан сенбисең? Минип тулпар белине, Таўдан асқан сенбисең? Хорезмниң елине, Барған патша сенбисең? Саўыт кийип үстиңе, Саўашқа келген сенбисең? Қылыш алып дәстиңе, Халықты қырған сенбисең? Тыныш жатқан елиме, Қозғалаң салған сенбисең? Жайлаў жатқан халқымды, Қырып-жойып шуўлатқан, Қанхор патша сенбисең? Ат қойып сениң үстиңе, Көзиңе қан толтырып, Ақша жүзиң солдырып, Айдарлыңды қул етип, Өз қылғаныңды өзиңе, Тер толтырып көзиңе, Зийўар менен Жанай жан, Ләшкериңди қуўғанда, Басыңызға күн туўып, Қан жутқан «батыр» сенбисең? Ләшкерлерге қарамай, Қашып барып дәрбентке, Демиң ыраслап алалмай, Жүреклери сығылған, Шыдамлы патша сенбисең? Бунда да шыдап туралмай, Қашқан патша сенбисең? Күни-түни жол жүрип, Артыңа қарамай, Күни-түни қашыўға, Минген атың жарамай, Жаяў қашқан сенбисең? Күни-түни уйқыламай, Сегбир етип жайыңа, Қанлы өзектен дәрбентке, Қашып барып қамалған, Қашқыншы патша сенбисең? Зийўар менен Жанайым, Қылыш урып қалмаққа, Көрсеткенде дуғымын, Еңиреп қашқан сенбисең? Қашып қанлы өзектен, Қиялға келип қамалған, Тақтаполат сенбисең? Ала жип салып мойныңа, Көз жасы толып қойныңа, Қалмақлардың бийлери, Жыйналып бәри алдыңа, Мәсләҳәтқа барғанда, Ҳәр түгиң болып тебендей, Жулып бәрин жегендей, Аш жолбарыстай шабынған, Жалғызақтай қағынған, Бийлердиң зарын тыңламай, Истиң соңын ойламай, Аўзына келген сөзлерди, Қайтармай бәрин көпирген, Көбикли патша сенбисең? Халқыңызды қайғырмай, Сазыўар еткен саўашқа. Залым патша сенбисең? Кеңес сорап барғанда, Бийлерге кеңес бермеген, Өжет патша сенбисен? Уйып жатқан ноғайға, Қанлы қылыш сермеген, Тақтаполат сенбисең? Үш жүз алпыс бийлердиң, Айтқанына жүрмеген, Шаш ал десе—бас алған, Айбатлы «арыслан-шермисең?» Түңилип сизден көп бийлер, Қолларыңды байлатып, Көзлериңди жайнатып, Ишиңди оттай қайнатып, Ат алдында айдалып, Майға түскен тышқандай, Сүмирейип алдыма, Келип турған «ермисең?» Бир тислем ғана нан берсем, Алғыс айтып жермисең? Көз жасың толып қойныңа, Гүнанды алып мойныңа, Тәўбеге келип қайтадан, «Ел де, журт та сеники, Бағы-дәўлет те сеники, Алтын тахт та сеники Қол қаўсырып, қуллықлап, Хызметиңде турайын, Өлгенимше Ҳәсен хан, Қулың болып жүрейин. Бир жаныма раҳим қыл, Ендигисин өзиң бил, Тақсыр ханым», дермисең? Сонда Тақтаполат сөйледи: —Ноғайлардың мунарларын қулатқан, Зар жылатып көзден жасын булатқан, Ҳәсен хан, сен мени билмей жүрмисең?! Қалмақлардың ханы Тақтаполатпан. Дал бедеўдиң жал-кекилин өргенмен, Сениңдейин талай ханды көргенмен, Бағындырып бас ийдирип алдымда, Заманымда шағлап дәўран сүргенмен. Ҳәсен хан сен Хорезмниң ханысаң, Бәлки ноғайлардың шийрин жанысан, Асықпа сени де бағындыраман, Атым Тақтаполат мени танысаң. Дүньяға жайылған мениң ҳаўазым, Алдымда еле қуллық етер ул-қызың, Асықпай турыңыз еле, Ҳәсен хан, Өлмесек бизики болар Хорезм. Ләшкер жыйнап Хорезмге бармасам, Ноғайларды дүркиретип қырмасам, Ордаңа ат ойнатпасам, Ҳәсен хан, Атым бийкар, тулыбыңды жармасам! Зийўарыңды дәрўазаңда шалмасам, Басларыңа ақырзаман салмасам, Мениң Тақтаполат атым қурысын, Хорезмди бағындырып алмасам! Бес күн жалғаншыда жан барды менде, Тириде болмайман ноғайға бенде, Ҳәсен хан, сөзимди айтып қысқарттым, Өлтир, я өлтирме—ықтияр сенде. Өлтирсең де диниңе ҳеш кирмеймен. Өлгенше ноғайға қылыш сермеймен, Әжел жетип пайманам толмаса, Ноғайға Еменқиялды сирә бермеймен. Ҳәсен хан, алсаң да мениң жанымды, Бирақ зүриятларым алар қанымды, Әўладларым ат ойнатып барғанда, Қоярға жер табалмайсаң жаныңды. Өлтирсең тыңламай мениң дадымды. Бирақ қыралмассаң барлық халқымды, Перзентлерим барып сени өлтирер, Ўайран етер Хорезмдей қалаңды. Патшаларды зар жылатты пәрмәным, Ғурыжлансам тасар тәнде дәрманым, Тақтаполат—даңқлы «патша» атандым. Енди өлсем зәрре жоқты әрманым. Халық алдында көзден төкпей жасымды, Алар болсаң тезирек ал басымды, Даўрығыңнан қорқып, бас ийерим жоқ, Гүржилерге тарттырсаң да лашымды. Хан болсаң өзиңдей ханды қыйнама! Өзиң өлтир, бирақ халықты жыйнама!