Атаңа не қылсаң алдыңа келер, Батыр болсаң мениң менен ойнама! Ҳәмелдарларым да сизге сатылған, Сол себептен мениң қолым шатылған, Яки өлтир, яки босат, Ҳәсен хан, Бул турыстан жақсы тезирек шабылған. Ҳәсен хан, жүрипти сениң дәўлетиң, Қасыңдағы көпеклериң сәўләтиң, «Өлтиремен», десең—минекей басым, Алсаң—алды, әўел сениң нәўбетиң. Ҳәсен, сениң Зийўар, Жанай улың бар... Зүриядымнан мен жылайман зар-зар, Жалғаншыда қыз перзентиң болмасын, Улсызлықтан маған болды жаҳан тар. Қызы қурысын—өзиңе жаў болады, Исин көрип көзиң қанға толады, Улым болса қолым байланбас еди, Енди мениң қызыл гүлим солады. Бул жалғаншы дүнья екен бийпаян, Паянсыз екени болып тур аян, Кесер болсаң кес басымды тезирек, Сеники бул пәни дәўран, Ҳәсен хан. Ҳәсен хан, кессеңдағы тилимди, Қорқып сеннен бергеним жоқ елимди, Ғазап етсең бир шыбынлық жаным бар, Өлимге келдим мен буўып белимди. Маған яр болмады енди латманат... Ушсаң қолтығыңда сениң қос қанат, Перзентсиз, сораўсыз ханды өлтирип, Шәҳәримде ете бериң салтанат! Сонда Ҳәсен сөйледи: —Еситип сениң атыңды, Көрсем де қатты бадыңды, Өзиң барып геллеғар, Ўайран салған соң елиме «Бизге келген батырдың, Көрейин, —деп,—ел-журтын». Шығып едим, елимнен. Ләшкер айдап топ сүйреп Өттим талай көлиңнен. Ат баўырынан қан төгип, Өттим талай шөлиңнен. Кеўилимде бул ис жоқ еди, Жолықтырдың бәлеге. Мени өзиңдей көрмедиң. Халыққа қылыш сермедиң, Шуўлатып қойдай халқымды, Бир тынышлық бермедиң. Урып-шаўып елимди, Сениң өзиң ермедиң?! Искенжедей қысып мен, Алғаным жоқ па белиңнен?! Байлаўлы турсаң алдымда... «Шешемен, деп қолыңды, Бир ер шықты ма елиңнен?! «Ал», десе де алмадың, Мойыныңа қылған гүнаңды. Танымадың, бәтшеғар... Танытарман анаңды! Ҳәр нәрсени айтасаң, Билмей бәдирек шамаңды, Қалаңды алып қыйратып, Бузарман түп қанаңды. «Қайт», дегенде қайтпадың, Тақтаполат ырайдан, Ахмақ геўир, адастың, Күнде жүрген жолыңнан, Сениң улың жоқ болса, Халқыңда ул жоқ па екен?! Әдил болсаң халқыңа, Сен сүйген болсаң «жаным» деп, Халық сүйсе сени «ханым» деп, Халықтың улы — хан улы, Кем бола ма улыңнан! Жыландай шағып сөйлейсең... Өткерсе ҳәзир қылыштан, Не келеди қолыңнан? Мынаў турған ләшкердиң, Барлығы мениң перзентим, Тар қолтықтан тийсе оқ, Сүйер келип оңымнан, Бири сүйер солымнан, Биреўи услар қолымнан, Адастырмай жолымнан. Мен халқымды сүйемен, Халқым да мени сүйеди, Соның ушын ләшкерлер, Кем емес еки улымнан, Ноғайлы халқым — улларым, Тәлим алған алымнан, Сонлықтан өшин алады, Сендей душпан залымнан, Ойладым усылай етер деп! Шықтың залым жолыңнан, Ҳалыңды билмей бад урдың, Қорқпай жалғыз жаныңнан, Өлтирсем сени ис питер, Шымшық та тоймас қаныңа. Ҳәсен ханды өлтирмек, Келер ме сениң қолыңнан! Жотасы жаман залым хан, Билмедиң айтар сөзиңди, Бир аўышқа теңгердиң, Тақтаполат өзиңди. Қулақ салмай зарыңа, Асайын, ахмақ дарыңа, Таңып еки көзиңди, Гүнаңды қойып мойныңа. Арысланларым қайдасаң? Келиң дәрҳал қасыма! Дарға асың мынаны, Ойнаған екен биз бенен!!! Көзине қара қаплансын! Бул ҳәмирди еситип, Ҳәсен ханды қоршаған, Хорезмли қайсарлар, Тақтаполат залымның, Мойнына арқан салады; Тилла дардың астына, Сүйреп алып барады, Көзлик салып беккемлеп, Суў қабақтай мойнына, Тилла арқанды салады, Илмек етип бир ушын, Қазық баў шалып алады. Ол арқанның бир ушын, Дар ағашқа байлады, Және бир ушын арқанның, Тоғанақтан өткерип, Сырлатып тартып қалады. Тақтаполат ол залым, Үш ағашқа асылды. Ҳәўжирип турған жүреги, Суў сепкендей басылды. Еки көзи аларып, Ақша жүзи қубарып, Геўдеден жаны шығады. Қулақлары қалқандай, Самал менен жалбырап, Қап-қара болып жүзлери, Жумылып еки көзлери, Бәле болып өзине, Айтқан оның сөзлери, Дарда салбырап турады. Хорезмли Ҳәсен хан, Тақтаполат залым хан, Ләшкерлерин тоғытып, Қалаға ғаўлап киреди. Оң жағында — ер Зийўар, Сол жағында — Жанайжан, Тақтаполат отырған, Ақ сарайға келеди, Хан отырған алтын тахқа, Ҳәсен хан барып минеди. Ҳәсен хан тахтың үстинде, Зийўар менен ер Жанай, Алпыс еки ҳәмелдар, Жетпис еки мөҳирдар, Хызметинде турады. Үш жүз тоқсан бийлерин, Абақан ертип қасына, Ҳәсен ханның алдында, Қол қаўсырып турады. Сол ўақтында Ҳәсен хан, Еки жақтың бийлерин, Жыйып кеңес қылады: — Алпыс еки ҳәмелдар, Жетпис еки мөҳирдар, Қулақ салып тыңлаңыз, Сизлерге айтар сөзим бар...