Әдилликтиң белгиси — Датқаға келген адамды, Алдында тик турғызар; Қорқақ ердиң белгиси— «Жаў» деп ғаўга туўғызар; Ахмақ ханның белгиси — Ҳалын билмей өзиниң, Ләшкер айдап, топ сүйреп, Батырсынып бад урып, Қан қаплап еки көзлерин, Ақ, қараны тыңламай, Жайлаўда барып үстине, Тыныш халықты қырғызар, Уйқылап жатқан жыланның, Қуйрығын басып турғызар; Әдил ханның белгиси — Гүналы ханды асыўға, Шар базардың ишине, Тилла дарды қурғызар, Уйып жатқан халыққа, Бүлик салған найсапты, Гүнасын қойып мойнына, Көзиниң қанлы жасларын, Сорғалатып қойнына, Дар астында турғызар, Өгизге туўған күнлерди, Баспаққа да туўғызар; Батыр ханның белгиси — Белғанасының мадары, Дизесиниң қуўаты, Еки көзиниң рәўшаны, Алдындағы айбаты, Кейниндеги қуўаты, Саўаш күни ғайраты, Болған өзиниң зүриятына, «Жүреги өскин болсын» деп, Қашқан жаўды қуўғызар, «Бели қатты болсын» деп, Белине қамар буўғызар; Ақыллы бийдиң белгиси — Тыяр тели-тентекти; Жаман ердиң белгиси — Достына мушын салмақлар; Наданлықтың белгиси — Толы жыйын ишинде Сөйлер сөзин табалмай, Қурғақ жерде бақақлар; Елине қаслық ойлаған, Ҳарамзада ханлардан, Тоз-тоз болған халық безер; Әдепсиз келин ел гезер; Наданлар сөзди көп езер. Аңласаңыз бул сөзди, Қалмақтан келген көп бийлер, Хорезмли Ҳәсен хан, Халқыңыздың алдында, Нәсийҳат етип сөз сөйлер. Маңлайынан сыйпалап, Ғәрип пенен қәсердиң, Муңын айтып халықтың, Зарын тыңлап ғәриптиң, Халқына хызмет қылғандай, Обал менен саўапты, Аңғара алғандай: Өтирик қандай, шын қандай? Қосбаў қандай, қын қандай? Шайтан қандай, жин қандай? Сымбат қандай, сын қандай? Ағайин қандай, жаў қандай? Төбешик қандай, таў қандай? Жоя қандай, жал қандай? Шекер қандай, пал қандай? Қайық қандай, сал қандай? Ақтерек қандай, тал қандай? Елди қолға алғандай, Халыққа көзин салғандай, Сөйлесе кеўил толғандай, Душпанның гүли солғандай, Сондай арыслан бар болса, Ҳәсен ханға айтыңыз. Хан болған жигит халқыны, Баслайтуғын жарыққа, Айсыз, думанлы түнинде, Жыйналған барша халайық, Патшалыққа ылайық, Бар ма қалмақ елинде? Қалмақтың ҳәмелдарлары, Тартынбаңыз Ҳәсеннен, Айта бер ойда барыңды. Жыйналған халқың қалмақлар, Ақыллы сөзди салмақлар. Қалмақлар айтсам елиңде, Билгендей истиң жағдайын, Ғәрип пенен қәсердиң, Жетим менен жесирдиң, Сыйпағандай маңлайын, Сөз сөйлеўши орынлы, Ханға ылайық болымлы, Сөз сөйлесе жыйында, Тағы «айт» деп тақылдатқандай, Тыңлаўшының таңлайын, Пуқараға жайғандай, Шапанының шалғайын, Сондай ер бар елинде, «Ол ер жигит ким?» десең, Өзлериңе мәлим аты, Қалмақтың ҳасыл заты; Абақаның қалмаққа, Хан болыўға ылайық! Ел шетинде турғанда Басып кирген душпанның, Маңлайына урғандай, Қалмақлар елатына, Әдил патша болғандай, Ереўли турған ер Жанай, Ол да буған ылайық... Жараса хан етемиз, Алдымда тур тап-тайын. Қалмақлардың ишинен Сөз сөйледи А б а қ а н: — Хорезмде әдалатлы, Ҳәсен хан, Жолыңызда пидә болсын шийрин жан, Сиз миндиңиз Тақтаполат тахтына, «Қутлы болсын тажың», дийип айтаман. Қалмақларға қандай жыллы жүзиңиз! Халықтың қайыры дана сөзиңиз, Алтын тахтқа кимди ылайық көрсең де, Тақсыр ханым, миндирдиңиз өзиңиз, Жаман адам сөз сөйлесе масақлар, Қалмақта да табылар ондай ақмақлар, Алтын тахтқа кимди миндирсеңиз де, Буйрығыңды бузбайды ҳеш қалмақлар. Қутлы болсын астыңдағы алтын тахт, Сизики усынша барлық дәўлет-бақ, Алтын тахтқа кимди шығарсаңыз да, Тақсыр ханым, өзиң тилла дабыл қақ. Егер сиз қақсаңыз тилла дабылды, Сениң сөзиң қалмақларға қабылды, Сиз келдиңиз қуўып Тақтаполатты, Қалмақлардың абырайы жабылды. Сиз көрсеңиз ханға кимди ылайық, «Намақул», демейди турған халайық, Кимди тахтқа миндирсеңиз хан қылып, Бизлер бәрше хызметиңде болайық. Саўашта гүнадан бәс еттиң бизди, Сонлықтан қалмақлар сүйеди сизди, Алдыңызда қол қаўсырып тақ турып, Жан менен етемиз хызметиңизди. Жоқ еттиң Тақтаполаттай залымды, Ким жақсы көрмесин сиздей алымды! Қалмақ әўладлары сақлап жүреди, Уллы ханым бизге бердиң тәлимди. Қалмақ халқы ҳүрметлейди атыңды, Көкке көтереди инабатыңды, Өзимиз өлгенше есте тутайық, Ҳәсен ханым, берген нәсийҳатыңды. Сөзиңди еситип болдым бийқарар, Айтқан сөзиңизде терең мәни бар, Қалмақларға әдил ханлық еткендей, Кимди хан қойсаңыз сизде ықтыяр. Ханға ерип жасынан, Орын алып қасынан, Ишип бирге асынан, Оның ҳәр бир сөзлери, Аўыр таўдың тасынан, Бир неше аўыр ислерди, Кеширген ол баcынан,— Сондай еди Абақан. Алтын тахтқа отырған, Халық ийеси Ҳәсен хан, Мықлым тыңлап тур еди, Сөйлегенде Абақан: «Қалмақтан шыққан ермекен? Я болмаса геллеғар, «Елге келген миймансыз, Ҳәм жас үлкен ағасыз, Ҳәм ақыллы патшасыз, «Сиз боларсыз» дермекен? Я болмаса бул найсап, Елине келген мийманды, Жасы үлкен ағаны Сыйламақты билместей, Қатын менен бирмекен? Басы кетсе де бир сөзде, «Туратуғын ермекен?». Еки адам урысып, Төрелесип келгенде, Әдил еди Ҳәсен хан, Қасарысқан ханлардың, Урысып жыққан өресин, Батыр еди Ҳәсен хан. Ҳәсен ханның бийлиги, Халқына да унаған, Сөз сөйлесе тежеўли, Мәнисин билип сынаған, Хорезмли халқына Орынсыз исти қылмаған, Әдил еди Ҳәсен хан. Абақанның ҳәр сөзин, Ықлас пенен тыңлады, Абақан хан боларын Сөзинен-ақ аңлады, «Қалмақлардың патшасын, Егер қойсам ноғайдан, Көргенсизлик болар»—деп, — «Өзинен қойсам патшасын, Тыңлар халықтың датқасын, Көрер халықтың көз жасын, Ол орынсыз болмас», деп, Ҳәсен хан қиял етеди. Алтын тахттың қасына, Абақанды келтирди, — Бизге хызмет етиң, —деп; — Сабыр түби сары алтын, Мақсетиңе жетиң, — деп; — Мынаў дәўлет-бахтың —деп; — Сынбасын ҳәргиз сақтың, деп; — Мынаў ели-халқың, — деп, Алтын тахқа миндирди. Журт ийеси Ҳәсен хан, Қалмақлардың елине, Абақанды хан етти. Кеўилин әбден жәм етти. Өзиниң улы Жанайды, «Ақыллы ўәзир болар», деп, Ҳәсен хан турып пәм етти. Абақанды хан қылып, Ўәзир етти Жанайды. Алтын, гүмис, зерлерин, Ғәзийнедеги барларын, Тебилдекли атларын, Ақ ордада отырған, Ақтамақ перийзатларын, Абақан менен Жанайға, Қазы-хат етип тапсырды. Тахт үстинде Абақан, Тилла жыға басында, Оқ жағында — он пашшап, Сол жағында— бес пашшап... Арыслан туўған ер Жанай, Ўәзири болып турады, Абақанның қасында, Ай балтасы дәстинде, Найза тийип сөтилген, Бөдене баслы көк саўыт, Ер Жанайдың үстинде. Абақан елге хан болып, Ер Жанай ўәзир болғанын, Қалмақлардың бийлери, Бәри мақул көреди. Ақтамақты Жанайға, Неке қыйып береди. Салтанатлы Ҳәсен хан, «Тамашагөй болсаң қалма!» деп, Қалаға жар урдырды, Ат шаптырды далаға, «Хан болды, —деп,—Абақан», Анық хабар жетисти, Елдеги қатын, балаға. Қалмай барлық ат шабар, Жаўырынлары қақпақтай, Билеги жуўан палўанлар; Бурымлары тоқпақтай, Қайрыла берип наз еткен, Үш ай тоқсан қысларды, Бир күлгенде жаз еткен.