Қош қылықлы жаўанлар; Ғулпағы түскен белине, Не бир ғошшақ уғланлар; Көкирегинде йошы бар, Ақ найзасы қолында, Күни-түни жортыўлы, Ел қорғаўдың жолында. Не бир қайсар батырлар; Сақал-шашы ағарған, Көп жасаған қариялар; Топпылары дым тозған, Арқалары дым қозған, Отырғанда дизеси, Еки қулағынан озған, Ақ шашлы ғарры мамалар; Белине қалта байлаған, Күни-түни тынбастан, Бәрқулла асық ойнаған, Айдарлары желкилдеп, Зыр жуўырған селкилдеп, Топ ойнаған балалар; Арба айдаған дийқанлар, Мал бағып жүрген падашы; Түйе баққан сәрўаны; Қой-ешки баққан шопанлар; Мәканы жоқ бийгана, Алба-далба кийими, Ел қыдырған дийўана; Алла-ҳуў деген қалендер, Китап ашқан моллалар; Аўрыў баққан тәўиплер; Жин шақырған порқанлар; Зикир салған хожалар; Булар да келди қалаға. Дүкан ашқан баззазлар, Мал сойып сатқан қассаплар; Чай, қант сатқан баққаллар; Қырмызы шалы үйдирген, Теппе менен түйдирген, Гүришти жыйған теппеши; Суў тасыған мәскепши Көмирши менен темирши; Қуўырдақшы, кәбапшы; Ас писирген аспазы; Сөзи жеткен патшаға. Мойны жуўан төрелер, Дады жеткен аллаға, Ғәзийнели көп байлар; Басында бар сәллеси, Үстинде бар меллеси, Қолында бар ҳасасы, Мойнында бар потасы, Қойнында бар қураны, Яратқанның яраны. Жүзинде бар ийманы, Аўзында бар алласы, Басына сәлле ораған, Муртын қыйып, тымпыйтып, Азан айтып «алла» деп, Ертели кеш бақырып, Қулақларын бураған, Алдына барған адамнан, «Нәзир бер» деп сораған, Ақ сәллели ийшанлар; Мәсиўеги уртында, Қиял қала журтында, Ийшанларға қол берген «Я қуда» деп зор берген, Ақ сәллеси басында, Ийшанлардың қасында, «Субҳан» деген суўпылар, Булар да келди бул тойға. Адам асқан жәлладлар, Ет арқалаған саллақлар; Жорға сүрген жигитлер; Ылақ шапқан шабандоз; Мүйизлери шығыршық, Қуйрықлары дигиршик, Қошқар урыстырыўды, Өмиринше кәр еткен, Ышқылы, йошлы қумарпаз; Байраққа ат шаптырған; Арғымақ минген ат шабар; Қарияға шапан жаптырған, Қудайы берген ғанийлер; Ақ жүзинде шоқлары, Күннен бәҳәр алдырған, Күннен көркем гүлзада, Жамалын бир көргенниң, Ақылынан тандырған, Айдан рәўшан айзада; Қылықларын көргенде, Ақылыңды ҳайран қалдырған, Жүзинен поса алғанда, Өлгенше мийрин қандырған, Палдан шийрин палзада; Ҳамиянында теңгеси, Қасында жүрип жеңгеси — Той хабарын еситип, Булар да келди бул тойға. Шар базардың ишине, Алтын тахтты қурады. Алпыс еки ҳәмелдар, Жетпис еки мөҳирдар, Оң жағында — Зийўар бар, Сол жағында — Жанай бар, Не десе «ләббай ханым, Сизики шийрин жаным», деген, Сәркардасы Арсары бар, Үш жүз жәллат алдында, Үш жүз жәллат — артында, Үш жүз қалмақ — солында, Үш жүз қалмақ — оңында, Әдалатлы Ҳәсен хан, Хан сарайдың алдына, Салтанат пенен келеди. Алтын тахтқа минеди, Жүреги суўдай тасады, Халыққа қарап Ҳәсен хан, Салтанатлы сөйледи; Қалмақлардың патшасы, Тақтаполат ол залым, Халыққа әдил болмады, Тум-тусына урынып, Ақырында ол наймыт, Өзиниң басын жалмады, Елиме барған душпанды, Қуўып келип елине, Бағындырдым алдымда, Енди әрманым қалмады. Тақтаполат патшаның, Миндим алтын тахтына, Менде әрман қалмады. Оң жағымда — Зийўаржан, Сол жағымда — Жанайжан, Сенлерден әрманым қалмады. Тилла жығам басымда, Ақылгөйлерим қасымда, Жәллатларым қоршап тур, Мениң тумлы-тусымда, Муннан әрманым қалмады. Қалмақлардың елине, Абақанды хан еттим, Буннан әрманым қалмады. Ўәзир еттим Жанайды, Және әрманым қалмады. Арғымақ сайлап ат миндим, Буннан әрман қалмады. Қамқадан сайлап тон кийдим, Буннан әрман қалмады. Арыўдан сайлап қыз сүйдим, Ярдан әрман қалмады. Алтын тахтың үстинде, Қырқ жыл арыз сорадым, Оннан әрман қалмады. Әдил болып халқыма, Даңқым елге жайылды, Дүньяда әрман қалмады. Қарағай найза дәстимде, Қашқан жаўды түйредим, Басын шаншып найзаға, Лашын атқа сүйретдим, Буннан да әрман қалмады. Шыдам берип душпанлар, Тура алмады алдымда, Душпанымды қыйраттым, Сүрен салып майданда, Буннан да әрман қалмады, Гүресиўге келгенде , Ҳеш палўаннан таймадым, «Әне, мине» дегенше, Ылақтырдым аспанға, Ырқына қоймадым, «Баҳадыр палўан» атандым, Буннан да әрман қалмады, Хорезмниң елинде, Әдил патша атандым, Буннан да әрман қалмады, Кеше— душпан бүгин—дос, Қиялдағы қалмақлар! Қысылғанда ақылгөй, Патшаңыз болды Абақан, Ўәзири оның Жанайжан, Ақылгөйи —Арсары. Үш жүз алпыс бийлердиң, Арсарыжан сәрдары, Қалмақтың сүйген улларын, Алтын тахтқа миндирдим, Буннан әрман қалмады. Қарияларын сыйладым, Сарпай жаўып үстине, Сыйламағаным қалмады, Менде әрман қалмады. Тақтаполат патшаның Маңлайындағы жалғызы— Ақтамақтай арыўды, Алып бердим Жанайға, Бул ис маған түскен жоқ, Әлеўметлер, оңайға, Ақтамақ пенен Жанайжан, Дәўран сүрсин бул күни, Асқан мерўерт сарайда, Батырлығын танытсын, Қалмақларға Жанай да. Алпысқа келген шағымда, Артты ығбал бағым да, Өзим өлсем бир күни, Зийўаржаным отырар, Ҳәзирги алтын тағымда. Хорезмге жаў келмес, Өзим турған ўағымда. Жыйналған, әй, халайық, Ат кекилин өриңиз, Ақтамақ пенен Жанайдың, Қызық тойын көриңиз. Байраққа атлар шаптырды, Алтын қабақ аттырды, Журтта жоқ не бир ҳасылды, Жоқ жеринен келтирди. Көп жасаған қарияға, Жайнатып сарпай жаптырды, Әдалатлы Ҳәсен хан, Саўлатлы тойды баслатты. Билеги жуўан палўанлар, Ортаға шықты сыбанып. Екеў-ара гүресип, Қошқардайын тиресип, Ортада жүр алысып, Сырнай жатыр шертилип. Масқарапазлар ойнап жүр, Танаўлары тартылып. Сәзенде менен гоянде— Бәршеси бар бул тойда. Қырқ күн, қырқ түн өткенше, Күнде усындай тамаша. Қалмақ пенен ноғайдың, Улықларын жыйнады, Ақтамақтай арыўды, Жанайға неке қыяды. Гүлшин менен Зулпия, Қос жеңгеси келеди: «Мынаўым ўәкил қәде» деп; «Мынаўым дақыл қәде» деп; «Ушырасыў қәде» деп; «Қол усласыў қәде» деп; «Таныстырыў қәде», деп; «Дизе бүгер қәде», деп; «Шымылдық ашар қәде», деп; «Төсек салар қәде», деп; «Қыз әкелер қәде», деп; «Үйге кирер қәде», деп; «Сәлем берер қәде» деп; «Көрпе жабар қәде», деп; «Күйеў бала, бийкешим — «Кеўлиңди табар қәде», деп, Еки бирдей жеңгеси, Қәделерин алады. «Ҳа, жездежан, жездежан, Шабдырар қәде бериң!», деп, Қалмақтың көп баласы, Далада шаўқым салады. Ақтамақтай арыўды, Еки бирдей жеңгеси, Отаўға алып киреди, Қағып төсек салады, Арыў туўған Ақтамақ, Жанайға қарап күледи, Еки жастың жүреги, Шәўкилдесип тасады. Ханның қызы Ақтамақ, Кийиктейин керилип, Басарына еринип, Жанайға жүдә берилип, Ләбин тислеп наз етип, Наз бенен қәдем басады, Жанай да шағлап йошады, Қызға жақынласады. Жанай жақынласқан соң, Ақтамақ та күлимлеп, Керилип қушақ ашады, Жанай да қушақ ашады, Мойнына қоллар салады, Ақ жүзден поса алады, Шырмалысып алысып, Палўанша жанбас салысып, Ақ отаўдың ишинде, Жанай менен Ақтамақ. Қос жеңгеси майданда, Ақтамақ пенен Жанайға, Сыртта сақшы болады. Ақтамақ пенен Жанайдың, Шырмалып еткен ойнына, Гүлшин менен Зулпия, Әбден кеўли толады, — Ашық болсаң сондай бол, Өткен ессиз өмиримиз! Кеўили сүйген яр менен, Шырмалып ойнап, күле алмай, Қорлық пенен өтти ғой, Бизлердиң жаслық дәўиримиз. Күйеў менен бийкештиң, Бул жалғаншы дүньяда, Бармекен сирә әрманы?! — Деп Гүлшин менен Зулпия, Еки бирдей жеңгеси, Қарап турып қызыққа, Булар әрман қылады. Екеўиниң ойынына, Гүлшин менен Зулпия, Еслеринен танады. Еки бирдей жеңгеси, Бийҳуш болып жатқан соң, Ақтамақ пенен Жанайдың, Қылған «ойынларының», Есабын жулдыз алады, Жанай менен Ақтамақ, Ақ отаўдың ишинде, Күндиз бенен кешинде, Сәске менен песинде. Я оңында, түсинде, Айшыў-әширет етеди. Әширет пенен арадан, Бир неше ўақыт өтеди.