Қуўып шаншып душпанды, Тарқатың кеўил шерлерин. Кейин қуўсаң душпанды, Патшаның кеўили толады. Өлсең шейит боласаң, Өлтирген қазы болады». Бул сөзди айтып Ҳәсен хан». Беклери менен қосылды. Тыңлап оның сөзлерин, Мәртлердиң кеўили йошады. Ат ойнатып Ҳәсен хан. Найза алды дәстине* Қара қур болып ләшкери, Ат қойды жаўдың үстине. Батыр туўған Ҳәсен хан. Тулпардың жалын тарайды, Әйне сәске ўақтында, Тақтаполат патшаның. Оң жағынан барады, Шатырда жатқан қалмаққа Топалаң—тозаң салады, Тақтаполат залым хан, Ләшкерин топлап алады. Бойын жыйнап Ҳәсен хан, Тақтаполат патшаға Қәҳәрленип қарады. Еки патша шекисип. Жақынласып барады, Сол ўақытта Ҳәсен хан. Оң жағына қарады, Ләшкерине сөйледи, Сөйлегенде бүйдеди: — Бул урыстың қәдеси, Алыспақты палўанлар, Урыспақты батырлар, Барың душпан үстине, Батырларым жекпе-жек. Ҳәсен ханның палўанын, Мәрт Аққозы дер еди, Мәртлигинен мини жоқ, Хорезмниң халқында. Жалғыз туўған ер еди. Тамағына геллеғар, Тоғыз қойды жер еди. Қара сур атқа минеди. Қарағай найза қолға алып. Душпанға қарап жөнеди. Тақтаполат патшаның, Ақжүгинис деген палўаны, Қапталында бар еди — Бул да минди атына, Шыға келип бәтшеғар, Ат ойнатып желеди, Еки жақтан еки ер, Бир-бирине дус болды, Атының басын бурады. Аққозы деген батырға, Тақтаполаттың палўаны, Керилип найза урады. Сол ўақытта Аққозы, Қалқанын тутып алдына. Душпанның кеўлин солдырды. Алдына тутқан қалқаны. Жаў найзасын сындырды. Аққозы кейин шегинип. Душпанға найза салады. Аққозының найзасын, Ақжүгинис батырың. Қолынан жулып алады. Найзасы қолдан кеткен соң, Қәҳәрленип Аққозы, Қолына алып қылышын, Ақжүгиниске урады, Қылышы тийип саўытқа, Шорта сынып қалады. Арыслан туўған Аққозы, Қылыштан жуда болады. Жарақсыз жигит қалған соң, Душпанға қарсы барады. Ақжүгинис батырдың, Жағасынан алады. Хорезмли Аққозы, Ат үстинен алысты, Қолдан бермек абырайды, Мәрт жигитке намысты. Беллери жайдай бүгилди. Маңлайдан терлер төгилди, Еки мәрттиң саўыты, Тозған тондай сөгилди, Астындағы тулпарлардың, Беллери нәзик бүгилди, Бир биреўин қушақлап, Ақжүгинис пенен Аққозы, Ат үстинен жығылды. Өкпелери қысылып. Аўызына келип тығылды. Еки батыр майданда, Аш арысландай алысты, Бир-биринен қалыспай, Кешке шекем айқасты. Қайғыға кеўлин толтырды, Ақша жүзин солдырды, Рейимсиз Жүгинис, Аққозыдай батырдың Шылбырдай мойнын бурады, Айналдырып басынан, Көтерип жерге урады. Ақжүгинистей батырың, Әрўақларын шақырып, Суўырып алса жылт еткен, Семсерин қолға алады, Аққозыдай батырдың, Алқымына салады, Қарқыратып шалады, Басын кесип алады. Найзаға басын илдирип, Нар текедей майысып, Хан алдына келеди. «Оғада батыр екен»,—деп, «Басына қайғы салдың»,—деп, Ақжүгинистей батырға, Көп инамлар береди. Кеўили тасып Ақжүгинис, Қарғып минип атына, Ақ найзасын қолға алып. Майданға қарап жолланды Қарсы қарап жаўына, Жүгинис сөйлеп толғады: —Ҳәсен хан, кетти сеннен бағ, Бизики болар сизиң таҳт, Батырың болса жекме-жек, Жиберип, қызығын көрип бақ. Еситип буны Ҳәсен хан Жән-жағына қарады, Көп муңайып турады, —Жаўға қарсы шыққандай, Мәрт бар ма?—деп сорады. Көп ләшкердиң ишинде, Бир батыры бар еди, Ол батырдың исимин, «Сәрўанлы батыр» дер еди. Қандай батыр болса да, Қатпай шапқан шер еди.