Ақтамақ пенен ер Жанай, Мақсетине жетеди. Қырқ күн өткен соң, Журт ийеси Ҳәсен хан, Тойды тамам етеди, Ноғайдың ҳәмелдарларын, Қасына жыйнап алады, Хорезмге қайтыўға, Мәсләҳәтти салады. Тақтаполат патшаның, Ғәзийнеде зерини, Писентинде барыны, Ели менен журтыны, Қалмақлардың халқыны, Қала менен қәнтини, Есапқа толық алады, Ғуббалы шойын мөрлерин, Барлы дүнья-мүлклерин, Қәлемлесип, хатласып, Абақан менен Жанайға, Тапсырады Ҳәсен хан. Алтын ғәзийнехананың, Ҳәсен аўзын ойдырды, Алтын менен гәўҳарын, Жол азыққа қойдырды, Ләшкерлерин жыйдырды, Бузық тобын қуйдырды, Болажақ истиң барлығын, Абақан менен Жанайға, Өзи сонда туйдырды: — Алдымда тилладан сазды шалдырдым, Суңқарға таўшан ҳәм сүйлин алдырдым, Қияметлик дос болып ең Абақан, Сонлықтан Жанайды саған қалдырдым. Қалмақлардың ўәдеси шын болмайды, Хазан урса кимниң гүли солмайды?! Гәззапларың қаслық етип жүрмесин, Таслап баратырман сизге Жанайды. Хазан урмай қызыл гүллер солмасын, Қаза жетпей пайманасы толмасын, Абақан, сен тайып дослық ўәдеңнен, Жанайым жат елде қапа болмасын. Я тиймесин саяғыңның сөзлери, Жолда телмирмесин еки көзлери. Яки ғаплетте зинданға таслап, Запырандай сарғаймасын жүзлери, Абақан, Жанайсыз дәўран сүрмеңиз, Ер Жанайды басқа адамдай көрмеңиз, Ашыўланып яки кеўлин қалдырып Жанайдың кеўилине тийип жүрмеңиз. Жанай ер батырдың ашыўы жаман, Қыз баладай көрип әлпешле аман, Елиңизди қарап етип жүрмесин, Ақылың болса абайлы бол Абақан. Жанайдан зияда сарпай киймеңиз, Ер Жанайдың зейинине тиймеңиз, Перзентимниң айттым саған минезин, Қарап етер ашыўына тийсеңиз. Басқа адамды ертсең қасыңа, Қәҳәрленип қайғы салар басыңа, Ғурыжланып қуртар сени ер Жанай, Рәҳим етпес көзден аққан жасыңа. Қайтыў ушын Хорезмниң елине, Минип турман тулпарымның белине, Қалмақлардың саяқ-сандырақлары, «Анаў-мынаў» деп жүрмесин келиниме. «Ҳәсен барса Хорезмниң елине, Қайтып айлана алмайды кейнине», — Деп Абақан ҳәдден зият сөз айтып, Тийип жүрме перзентимниң зейнине. Не қылсаң — ўәлийлик пенен билермен, Тулпарымды минип таўда желермен, Хорезмнен ләшкер айдап, топ сүйреп, Ғазап пенен үстиңизге келермен. Егер өлсем орынымда бар ер Зийўар, Келер мунда мәдет берсе бириўбар, Қалмақлардың ханы Тақтаполаттай, Тилла дарға етер сизди сазыўар. Қәҳәрленсе тыңламас ер сөзиңди. Дарға асып ояр еки көзиңди, Өз қылғанларыңды етип өзиңе, Халқыңа шерменде етер өзиңди. Қара, талдай геўек болмас қараман, Сынаўға Жанайды таслап бараман, Абақан, сен ырасыңды айт ҳәзир, Қәҳәрленсем тасты да қақ жараман! Ҳүрметлесең мен де ҳүрмет етемен, Мәрт болсаңыз мақсетиңе жетемен. Көрискенше хош аллаяр Абақан, Ер Жанайды сизге таслап кетемен. Сонда турып Абақан сөйледи: — Тақсыр ханым, маған салдың қыйын ҳал, Маған керек емес ҳасла дүнья-мал, «Достым» деп тапсырсаң маған Жанайды, Кеўлиңе алмаңыз ҳасла кыйлықал. Ҳасла қапа болмас Жанайжаныңыз, Тақсыр ханым, сөзлериме наныңыз, Алланы араға салып дос болып, Ҳеш жаманлық етпес Абақаныңыз. Жанайжанға миндиремен атымды, Қолына беремен қазы-хатымды, Ақтамақжан менен дәўран сүргизип, Кийдирип қояман ҳасыл затымды. Алтын айдарларын таллап өремен, Жанайды жанымнан зият көремен, Әлпешлеймен алтын тахқа миндирип, Өзим хан атасы болып жүремен. Жанайжанды артық көрдим баламнан, Оған қарсы жан шықпайды қаламнан, Қияметлик жандай достым, Ҳәсен хан, Қәтережам бол Жанай атлы балаңнан. Жанайға беремен алтын тағымды, Дәптердеги барлық несийе, нағымды, Жанайжанды өз орныма хан қылып, Тапсыраман барлық елим-халқымды. Қант орнына набат берсе жемес пе? «Жанайжаным» десем, «ата» демес пе?! Мынаў Жанай сениң балаң болғанда, Айтыңызшы, мениң балам емес пе?! Сиз кетсеңиз зияратқа барарман, Буйырсаңыз ҳәр бир иске жарарман, «Иним» деп сағынып келип турмасаң, Жанай менен жолыңызға қарарман. Жасың үлкен әдалатлы ағасаң. Маған сенбей мени отқа жағасаң, Аға, қылған ғайратыңды билемен, Жаўды жерге қазық етип қағасаң. Ҳәсен аға, сениң менен болдым дос, Сизиң менен дос болғанға ўақтым хош, «Сөзинен танар», деп меннен қәўип етпе, Мәс бол, аға, ялғаншыда шағлап йош. Ҳәсен аға шек келтирме сөзиме, Антты бузсам қорғасын қуй көзиме, Егер мен дослыққа қиянет етсем, Нәлет тамғасыны басың жүзиме. Егер шықсам өзиң салған жолыңнан, Ол ўақтында өзиң өлтир қолыңнан, Өлгенше бузбайман берген антымды, Қәтержәм бол, аға, жан улыңнан. Жақсының сөзи жандайды, Жаманның сөзи қандайды? Нәмәрт туўған жигитлер, Ҳақыйқат сөзге инанбайды, Ақыллы адам сөз айтса, Қимниң мийри қанбайды?! Жетеси жаман жигитлер, Жыландай шағып сөйлесе, Кимниң иши жанбайды?! Кесер басты кессе де, Мәрт жигит сөзден танбайды. «Енди жеттим», дегенде, «Аўыз салдым», дегенде, Аң алмаған тазыны, Майданның сум түлкиси, Қуйрығын былғап алдайды. Еки жақсы қосылса, Шекер менен палдайды, Еки жаман қосылса, Суўдан шығарып таслаған, Жаман жекен салдайды. Наданларға сөз айтсаң, Ақылыңды алмайды. Жақсы менен дос болсаң, Кеўлиңе кир салмайды. Жаманға дос болсаңыз, Өткен иске қуўынып Бир ис оңлы болмайды, Баяғы сөздиң изинен, Өлгенинше қалмайды. Сарымайға бир тойсаң, Басыңа ис түскенде, Нешше күн аш жүрсең де, Жүрегиң ҳеш талмайды. Жақсы менен жаманның, Кеўли бирдей болмайды. Жети атасы көрегенли, Истиң соңын ойлайды. Жети атасы көргенсиз, Гүнасыз қол байлайды. Жаманның еткен исине, Кеўлиң сирә толмайды.