Жаманның түссең қолына, Я өлтирмейди, я қоймайды, Жаныңды жаман қыйнайды, Дуғымлы туўған мәрт жигит, Ел шетине жаў келсе, Қанасына сыймайды. Қорқақ жигит жаў көрмей, Көзинен жасын тыймайды. Затында болса бир нәрсе, Тентек шоқпар жыйнайды, Жаман менен дос болсаң, Аяқтан шалып ойнайды. Ақыллыға сөз айтсаң, Сөз мәнисин аңлайды, Сөзиңди жақсы тыңлайды, Әдепсизлик қылмайды. Ҳәсен хан менен Абақан, Дослыққа шек келтирмей, Алланы салып араға, Дослыққа бел байлайды, Хош-аллаяр айтысып, Қушақласып көрисип, Еки дос күндей жайнайды, Еки жақсы дос болса, Душпанның иши қайнайды. Жанай менен хошласып, Абақандай досты менен, Ҳәсен хан қол усласып, Артық туўған Ақтамақ,— Келини менен досласып, Ел-журты менен хошласып, Хорезмниң елине, Қайтыў ушын Ҳәсен хан, Тарттырды сырнай-гернайды, Алтын қабақ аттырып, Арғымақлар шаптырып, Салтанат пенен, сән менен, Хорезмниң елине, Журт ийеси Ҳәсен хан, Қырқ ғашырға зер артып, Дүңи толы суў менен, Келте жасыл туў менен, Жер қайысқан қол менен, Сексен қара топ пенен, Қалмақлардың елинен, Қиял деген шәҳәринен — Хорезмниң шәҳәрине, Ҳәсен хан раўан болады. Сазенде менен гойенде, Барлығы нақыра шалады, Түнде жатпай күн жүрип, Хорезмге жетиўге, Хорезмниң ерлерп, Жақсы ықбал қылады. Арадан нешше күн өтти, Қызыл қия шөллерде, Мәртлер ат шабады. Бири алдында қашады, Бири кейнинен қуўады. Қарсақ батпас қалыңнан, Қапсыра кетип барады, Түлки жүрмес түнейден, Түнде өтип барады. Терең жылға, терең сай, Қапсығайлы қарағай, Күйгелекли көп тоғай, Қонбай кетип барады. Қияқлы аўыр таўлардан, Мәртлердиң минген тулпары Аш гүзендей бүгилип; Қулақлары тигилип, Көкке атып ойнады. Көргенниң иши қайнады, Дослардың жүзи жайнады, Тулпарлар туўлап, суўлықты, Ғаршылдатып шайнады. Аўзынан аққан ақ көбик, Омыраўға шарпылдап, Дойнағы полат тулпарлар .. Көзи оттай жарқылдап, Мәртлер кетип барады. Жекенли желли көл, Желип кетип барады.. Шағаллы шаңлы көл, Шағлап кетип барады. Қара таўда Хожа көл, Қонбай өтип барады, Қара таўдың жырасы, Қабағын үйип қалады. Қарсы алдында көринди, Сардабаның қарасы, Ол төбе менен, бул төбе, Көринип турған көк төбе, Күн узақ атын шабады. Бир нешше күн жол жүрип, Аз ғана емес мол жүрип, Мәртлер кетип барады. Қарсы алдында көринген, Сардабаға жетеди. Сырнай, гернай шерттирип, Ләшкерлерге дем берип, Сардабада жатады. Ертеңине таң атты, Ләшкерлерин жыйдырып, Жолларға сақшы қойдырып, Арғымақларын тойдырып, Мәртлерин әбден мәс етип, Раўан болды Ҳәсен хан, Шәҳәрине ләшкер тарттырып, Ғайратын бир арттырып, Айдап кетип барады. Ләшкерге жар урдырып, Қызыл туўды көтерип, Ақ шатырды қурдырып, Қызыларбат қалада, Азырақ дем алдырып, Түн ярымы аўғанда, Сәҳәрге мойыл болғанда, Шатырларын жыйдырды, Қызыл туўды жықтырды, Нарларға жүк арттырды, Арқанын беккем тарттырып, Хорезмниң шәҳәрине, Ҳәсен хан сапар қылады, Атқа қамшы басады, Әйле-пәйле дегенше, Мәртлердиң минген атлары, Нешше таўдан асады. Ләшкерлерге бас болып, Ерлеўли атта ер Зийўар, Алда кетип барады, Күндей жайнап маңлайы, (Ул болса болсын усындай!) Күндей күлип жүзлери, Көзи шақмақ тасындай, Көргенлер таң қалады. Жас баланың шаўқымы, Қамысқа тийген жалындай, Қәҳәрленип ат қуўса, Ғапыл қалмас алынбай, Басқадан билгиш болжаўға, Бундай ер болған емести, Дүнья—дүнья болғалы. Ат қойғанда геўирлер, Жолбарыстай қарыўлы, Қасарысқан жаўына, — Арысландай айбатлы, Дәў болса да душпаны, — Рустемдей ғайратлы, Ғуўлап келген мәҳәлде— Қыйратады қырандай, Тақта ханды өлтирген, Мәнисине келтирген, Зийўардайын мәрт бала, Ләшкерди баслап келеди. Түнде ноғай далада, Көргенлердиң қиялы, Зийўардай мәрт балада. Бир нешше күн өткенде, Намазлигер мәҳәлде, Көринки Тасқала да. Хорезмли қайсарлар, Майданда атын желеди, Хорезмниң қаласы, Тасқалаға келгенде, Ҳәсен ханның алдынан, Тасқаланың бийлери, Қатын-қалаш, бала да, «Тақта ханның қол астын, Шаўып қайтқан ерлерди, Көремиз», деп қумартып, Ким туў алып қолына, Ким гүл алып қолына, Ҳәмме шығып тур еди, Батырлардың жолына. Жабырласа үстине, Қызлар гүлди шашады. «Қылыш урдың жаўға», деп; Душпаныңның басына, Салып келдиң ғаўға», деп; «Зийўар батыр бахытың, Өрмелей берсин таўға!», деп, Қолға орамал басады. Жигиттиң кеўли тасады. Ер Зийўардың жамалын, Көргенлер «Және көрсем», деп, Қумары сирә қанбайды. Қаншама май қуйсаң да, Пилтесиз шам жанбайды, Зийўардың еткен саўашын, Көрмеген адам нанбайды. Батыр шығар халқынан, Халқын жаўдан қорғайды, Елеўсиз жатқан елине, Елеўреп жаў келгенде, Алмасты алып қолына, Қасарысқан жаўдан қайтпаған, Жортыўлы атқа ер салып, Қарағай найза қолға алып, Душпанына жеткенше, Барып саўаш еткенше, Жолда шаршап жатпаған. Атланғанда қалмаққа, Толыспақ түўе Зийўардың Қабырғасы қатпаған, Күни-түни жол жүрип, Майданда кирпик қақпаған. Қорқақ жигит—жигитпе, Елин жаўдан бақпаған?! Есаплы күнде ер Зийўар, Елин жаўдан сақлаған: Қуўып Тақтаполатты, Өз елине апарып, Минарларын қулатты, Улын-қызын жылатты, Көзинен жасын булатты. Жеңип ата душпанын, Халықтың сөзин ақлаған. Сонлықтан да Зийўарды, Қалмақ ели де мақтаған. Тақта ханды жоқ етип, Ҳәсен хан менен ер Зийўар, Аламанын тоғытып, Ақжүримге келеди. Мәртлердиң аман келиўин; Қуўанып қарсы алады, Ақжүримдей қаласы. Зерли жыға басында, Қырқ канизи қасында, Әйне елиў жасында, Алдынан шықты Зийўардың. Ақ сүт берген анасы. Ләшкерлердиң алдында, Киятырған ер Зийўар, Көрип ғәрип анасын, Сорғалатып көз жасын, Атынан жерге түсти де, Қасына дәрҳал барады. Дәл мойнынан қушақлап, Көзиниң жасын моншақлап; Көриседи солманда. — Таўда қалмас пырағым, Шырағым, аман келдиң бе, Шамшырағым шырағым, Шырағым, аман келдиң бе? Белғанамның мадары, Дизғанамның қуўаты, Көзғанамның раўшаны, Қуўатым, аман келдиң бе? Алдымда жүрсең айбатым, Кейиимде жүрсең ғайратым, Жигербентим, зүриятым, Зүриятым, аман келдиң бе?