Көлге питкен қурағым, Жолға шықсаң сорағым, Үйде болсаң турағым, Мәнзилим, аман келдиң бе? Кеткен қәтерли кәрўаным, Сенсең дәртиме дәрманым, Қалмады менде әрманым, Жигерим, аман келдиң бе? Қәдиралла нәзер салған, Алмас қылыш қолға алған, Қалмақларды жоян қылған, Қайсарым, аман келдиң бе? Жаңа келдиң он төрт жасқа, Қылған ғайратларың басқа, Жаў нәзери—қара тасқа. Қулыным, аман келдиң бе? Еситкил аҳыў-зарымды, Жаўға бермедиң арымды, Жоқ етип душпанларыңды, Арысланым, аман келдиң бе? Қорқып едим сеннен жаман, Қәтериңнен келдиң аман, Абаданлық қутлы заман, Шәни-шәўкетим келдиң бе? Дәўлет қус қонып басыма, Бал қуйып ишкен асыма, Рәҳим әйлеп көз жасыма, Дәўлетим аман келдиң бе? «Ана жан» деген сөзиңнен, Айналсын апаң көзиңнен! Бир сүйсин апаң жүзиңнен, Шекерим, аман келдиң бе? Мәртлер саўашта сайлансын, Душпанның қолы байлансын, Айналсын, апаң айлансын, Ай сәўлем, аман келдиң бе? Аспанда ай ҳәм жулдызым, Суў түбиндеги қундызым, Айналайын ерке қозым, Гәўҳарым, аман келдиң бе? Бастан өтти жәбир-жапа, Кетти бүгин барлық қапам. Шын әрмансыз болды апаң, Арзыўлым, аман келдиң бе? Әўпилдесе —киш-кишлеген, Шөллесең «Сүт иш-иш», деген, Келди анаң әлпешлеген, келдиң бе? Жан балам, сен де келдиңбе? Палапаным уядағы, Исенимим дүньядағы, Қыранымсан ҳаўадағы, Суңқарым, аман келдиң бе? Әлпешлеген атаң қайда? Қасыңда бар ма Жанай да? Барлығың саў болсаң пайда, Ҳәммең де аман келдиң бе? Аман келсең ҳәммеңиз де, Жылап қалған изиңизде, Аман отырмыз бизлер де, Жан қозым, аман келдиң бе? Жигербентим, арыслан ерим, Саған ийди емшеклерим, Келип емсең тарқар шерим, Перзентим, аман келдиң бе? Деп Зийўардың, анасы, Айтар сөзин таўысты, Қублағасы, кабасы, Анасының, сөзине, Жуўап берип сөйледи, Ер Зийўардай баласы: — Ақ сүт берген ғәрип анам, Көзиңди аш, балаң келди, Қублагаҳим, жаным кабам, Зияратқа балаң келди. Жаў басына саўда салып, Қалмақлардың қанын алып, Мынаў турған Зийўар қанып, Ана, илмиканың келди. Бағманы келди бағыңның, Анам, бүгин шағлар шағың, Дәўлет қусың, алтын тағың, Анам, сәўлет-сәниң келди. Набыт етип Тақта ханды, Хан көтерип Абақанды, Ўәзир етип Жанайжанды, Зийўар балаң шағлап келди. Келин етип Ақтамақты, Жанайжанға алып берди, Онда қойып Жанай ерди, Атам Ҳәсен йошып келди. Жаў жағында темир торың, Әтирапында бәлент орның, Еки жақтан имарат қурдың, Анам, Ҳәсен атам келди. Хорезмниң намыс-ары, Хорезмниң мәдаткары, Хорезмниң қайсарлары, Ҳәммеси де аман келди. Душпанның отын сөндирип, Айтқан сөзине көндирип, Бағыңды қулпы дөндирнп, Бәҳәр өтип, жазың келди. Хорезмли қайсар ҳаслы, Саўашта да үстем наслы, Үйреклери жасыл баслы, Гүзде кеткен ғазың келди. Көргенлердиң ақылын алған, Қарағанның көзи талған, Алпыс еки нама шалған, Бүгин сәўбет-сазың келди. Мурғузарлы болды шөлиң, Ашылды ғуншалы гүлиң, Еки жаҳанда бүлбилиң, Ана, жәннет бағың келди. Анажан, бүкпе бойыңды, Сойдырып баққы қойыңды, Баслағыл енди тойыңды, Шағлайтуғын ўағың келди. Буны айтып ер Зийўар, Сөзин тамам етеди. Қушақласып, көрисип, Кеўлин бир жай етеди. Сол ўақлары болғанда, Зерли жығасы басында, Үш жүз жигит қасында, Ѳзи алпыс жасында, Хорезмниң патшасы, Аламанның қасына, Жетип келди сол заман. Қамқадан сайлап кийинип, Арыўдан сайлап алғаны, Қағып төсек салғаны, Қасында пидә болғаны, Ата менен анадан, Ини менен ағадан, Қарындастан, ападан, Ағайиннен, ел-журттан, Бәринен жақын болғаны, Қуда қосқан қостары, Алтын тарақ қолға алып, Жипектен шашын тараған, «Арысланым қайтты мекен» деп, Жолына бәрҳа қараған, Басына мүшкил түскенде, Ҳәр исине жараған. Сонарға кетип, кешиксе «Не болды екен жаным», деп, «Кешикти ғой ханым», деп;— «Көрген-билген бар ма?»деп, Жолаўшы өткен адамнан, Хабарын бәрҳа сораған, Шийрин жанның жәннети, Қияметлик жолдасы, Көзинен жасы моншақлап, —Ҳарма төрем, ҳарма, — деп; —Әдалатлы султаным, Тақта ханның елинен, Әкелген саўғаң бар ма? —деп, Ҳәсен ханның атының, Жылаўынан алады. Қасындағы қырқ кәниз, Ҳәсен ханды ҳүрметлеп. Бәршеси хызмет қылады, Хан отырған ақ сарай, Арыз сораған датқа жай — Сарайға алып барады. Журт ийеси Ҳәсен хан, Алтын тахқа минеди. Алпыс еки ҳәмелдар, Жетпис еки мөҳирдар, Жыйналып бәри келеди. Ҳәсендейин патшаға, Ийилип сәлем береди. Сырнай-гернай шалдырды, Журтындағы қарияның, Барлығын жыйып алдырды. Барлық қарияларына, Ҳүрметлеп сарпай жаптырды. Ели-халқын жыйдырды, Мал семизин сойдырды; Алды менен ҳәммеден, Кәтқудаларын тойдырды; Қулыплы ғэзийнесиниң, Дәрўазасын ойдырды; Урыстырып қошқарды, Ортада гүрес тутқызды; Байраққа атлар шаптырды; Жалғыз оқ пенен ширкейди, Байлап атқан мергенге, Мүнәсип сарпай жаптырды; Алтын қабақ аттырды; Тилла дабыл қақтырды; Алаңға от жақтырды... Қаланың орнын жағалап, Жасаўыллар тақ турды. Қырқ күн, қырқ түн той берди.