Ҳәсен ханның ҳаўазасы, Он сегиз мың әлемниң, Бәршесине жайылды. Қандахардиң шәҳәринеп, Алып ханның елинен, Самарқанд сәйгелинен, Гүржистанның халқынан, Азыўлының атынан, Бухар менен Қоқаннан, Истанбулдың журтынан, Ҳәсен ханды көриўге, Көп патшалар келеди. Хорезмниң елине, Желбегей шапан жалпылдап. Әдалатлы Ҳәсен Хан, Жақсы сыйлап күтеди. Қол қаўсырып ҳүрметлеп, Келген мийманларының, Ўақтын хош етеди. Ҳәсен ханның күн сайын, Инабаты артады, Артық туўған атадан, Кетпейди сирә шамадан, Ҳәсен ханның перзенти, Қайтпай қайсар ер Зийўар, Негизине тартады. Зерли жыға басында, Қырқ жигити қасында, Сыбызғы, сырнай шерттирип, Ойын-қызық еттирип, Ақ ордада жатады. Көп жасаған кемпирлер, Тоқсанға шыққан мамалар, Алпыстағы әкелер, Жетпистеги аталар, Той хабарын еситип, Гөне дәрти қозылды. Той десе қуў бас жумалап, Саўыры етиги салпылдап, Желбегей шапан жалпылдап. Аяғындағы шарығы, Жуўырыўы менен тозылды. Ат шаўып, гүрес тутылып, Күнде—қызық тамаша, Масқарапаз ойыншы... Не бир қызық ойынлар, Көрсетип атыр Ҳәсен хан, Көргенсиз гей қыз-жигит, Бармай қызық ойынға, Тар көшениң ишинде. Қараңғы жайдың мушында, Сөйлесип турған оңаша... Мереке көрген қыз-жигит, Уллы жығын ишинде, Көрип жүр ойын-тамаша. Бул жыйынның ишинде, Жаман да бар, жақсы да, Кешеси күндиз тынбастан, Жырлап атыр шарқ урып, Жыраў менен бақсы да. Қара көзли қыпша бел, Тамағында палы бар, Жүзлеринде қалы бар. Бр нешше қызжаўанлар... Рустемнен күшли билекли, Булдырсын, шубар көйлекли, Бир назлы яр тилекли, Ат жақлы келген қуба жүз, Мүлайым, сулыў шийрин сөз, Қыр мурынлы, қара көз, Не бир батыр жигитлер... Ғош жигит пенен гөззаллар, Ғуншадай болып доланып, Жасыл жипек оранып, Аткөншекке ушады. Несин еткен жигитлер, Көзлери күндей жайнаған... Ләбиндеги паллары, Тасбулақтай қайнаған, Ләбиндеги палынан Жүзиндеги қалынан, Бир сорған адам тоймаған, Журттан биреў алғанша, Қиямет қостар болғанша, Ашықлығын қоймаған, Жылўа етип ойнаған, Қара қаслы, бота көз, Сүмбил шашлы, жарқын жүз Гөззаллардың белинен, Жигитлериң қушады. Бул ойынды көрген соң, Кемпир менен ғаррының, Гөне дәрти қозады. Көргени көп кәйўаны, Бираз қыздан озады, Билимсиз надан жигитлер, Көргенли, көрикли жаўан, да, Не барын билмей ойында, Қыйсайтып мойнын созады. Артық сөз айтқан жигиттиң, Минин таўып көп қызлар, Сөзлерин дүзеп турады. Тамашагөйлер көбейип, Той да әбден қызады. Ҳәсен ханның исине, Халықтың кеўли толады. Сексен күн өткен соң, Той да тамам болады. Гүрес тутқан палўанлар, Қошқар урыстырғанлар, Дәрўаз қурған ойыншы, Ат оздырған байрақтан, Ылақ ойнаған шабандоз, Пәйекши менен қумарпаз, Нышана—алтын қабақты, Атып жыққан мергенлер, Ас писирген аспазы, Суў тасыған масқапшы, Қуўырдақшы, кәбапшы — Қысқартқанда, алғәрез, Хызмет еткен бул тойға, Адамлардың бәршеси; Патшадан инам алады. Ақ сарайдың төринде, Адам бармас жеринде, Қылўат жайдың биринде, Ҳәсен ханның жалғызы, Маңлайындағы жулдызы, Суў түбинде қундызы, Улдан ҳасыл перзенти, Ер Зийўар дәўран сүреди, Қызлар менен қосылып, Шарап ишип мәс болып, Уллы байрам тойдың да, Өткенин билмей қалады. Ханзададай қырқ жигит, Және үш жүз қыз бенен, Хызметкер қырқ кәнизлер, Өткенин тойдың билген соң, Ер Зийўардың қасына, Бәршеси жыйылып келеди, Ер Зийўардың алдында, — Тойың да өтти, төрем, деп; —Және тойың болғанда, Хызметиңе келермиз, Саўдың мынаў тойыңды, Хызметиң болса ҳәр ўақыт, Бизлер бәрҳа таярмыз, Ҳүрмет етип алдыңда, Хызметиңди қылармыз. Бизлерге жуўап бериң деп, Қол қаўсырып турады, Қырқ жигит пенен үш жүз қыз. Зийўардан жуўап алады. Қырқ жигит пенен қызларға, — Жақсы хызмет еттиң,—деп, Ер Зийўар алғыс айтады, Қуллық етип олар да, Үйлерине қайтады, Отырады ер Зийўар, Атасының қасында, Патшалық дәўран сүреди. Алтын тахтың үстинде, «Мен, Мен» деген задалар, Арыз айтады дәстинде. Той өткен соң арадан, Бир нешше күнлер өтеди, Ер Зийўардың дабылы, Жети ықлымға жетеди. * * * Сырлы ҳаса қолында, Өзи ҳақтың жолында, Кеше—күндиз ел гезген, Ел ишинде жүрген соң, Көп нәрсени ол сезген, Бир қалендер бар екен. Зийўардың даңқын еситип, Датқа жайға келеди. Датқа жайға кире ,алмай, Ханға сәлем бере алмай, Айтажақ сөзин айта алмай, Я кейнине қайталмай, Датқа жайдың алдында, «Адла ҳуў, яҳуў мен ҳуў!» деп. Сипсекеш болып жүр еди, Елди гезген қәлендер. Нешше күн өтти арадан, Елди гезген қалендер. Күнде келип патшаның, Сыпырады есигин. Дәрўаза баққан пашшаплар, «Кет» десе де кетпейди. Сипсекеш болған қәлендер «Датқа жайдың есигин. Сыпырма!» деген адамның Айтқан сөзин етпеди. Мордары деген бир пашшап, Тутып алды жағадан, Хан алдына апарды, «Қорықпайсаң ба,— деп ағадан!». Қәлендер сонда «дат!» деди, «Айт!» дегеннен қалендер. Ҳәсенге «қуллық ханым» деп, «Қыйналдыңғой жаным»» деп, «Зийўаржанның жолына, Тасаддық дүнья-малым», деп, Патшаға датын айтады: — Сен патшасаң, мен бир болсам дийўана, Елди гезген, мәкәным жоқ бийгана, Тақсыр ханым, алдыңызға әкелди, Найсап пашшапларың урды бийгүна. Аға келсе ини «төрге өт» демес пе?! Аға сарқыт берсе ини жемес пе?! Хан адына халайықлар келеди, Хан есиги—халық есиги емес пе?!