Пашшап ханның есигинде жатар ма?! Мийманға келген адамды атар ма?! Датқашыны хан алдына жибермей, Хызметкери хан абырайын сатар ма?! «Алла ҳуў» деп етек жеңди түргенмен, Елден ҳәр жерлерди гезип жүргенмен, Қатты кетсем қәҳәриңиз келмесин, Сизден басқа талай ханды көргенмен. Шөлде жаяў жүрдим, жорға сүрмедим, Сапар етип ат кекилин өрмедим, Ханға датын айталмастай пуқара, Сизикиндей тар есикти көрмедим. Жақсы адам түсти жаман жорымас, Берген менен хан қазнасы қурымас, «Байдың асын байғус қызғанар», деген, Хан есигин датқашыдан қорытпас. Дизде мәдет, белде мәдер қуўатың, Майданға шыққанда еки зүриятың, Қосылып геўирге қылыш урғанда, Таспады ма бул тәниңде ғайратың?! Үшеўиңиз минип тулпар белине, Тақтаханды қуўып бардың елине. Суңқарыңды туғырына қондырдың, Ат байладың мурғузардың көлине. Өрин жығып, мунарларын қулаттың. Әжелине жеттиң Тоқтаполаттың, Саўашта таңлайы кепкен Жанайды, Палына қандырдың таза булақтың. Таҳы мықлылардың белин бүкледиң, Қалмақларға өзинен хан тикледиң, Ер Жанайды ўәзир қылып қасына, Абақанға аўыр ислер жүкледиң. Қанаң пүтин келдиң елиңе аман, Қолтықладым, қысылғаныңда жаман, Танымадың мәдет берген пириңди, Хорезмде әдалатлы, Ҳәсен хан! Елиңизге келип бердиң уллы той, Қыз жигитлер той тойлады жазып бой, Ким де болса ели-халқы менен хан, Соның ушын датқа жайды ашып қой! Байрақта арғымақ атлар шаптырдың, Мергенлерге алтын қабақ аттырдың, Хорезмниң абзал адамын сыйлап. Қарияларға жипек сарпай жаптырдың. Шайқап келинлердиң берген жармасын Келип едим айтыў ушын ҳармасын. Пашшапларың жибермеди алдыңа, Қызғанды ма Ҳәсен ханның қармасын! Хан есиги датқашыға қолай ма? Датқашы келмесе сизге оңай ма? Жасаўылың жибермеди шырағым, Я болмаса ҳәмириңиз солай ма? Бай дәўлеттен айрылар қайыр қылмаса, Пир сайыл болады зикир салмаса, Деми менен жердиң жүзин алса да, Тахтан түсер патша әдил болмаса. Нәўбет кетсе шалқар теңиз шөл болар, Нәўбет жетсе дағыстанлар көл болар, Шөллеп жатқан саҳраға ел қонса, Шәменли бағ, мурғузарлы жер болар. Түби ширип, тайса бәлент өрелер. Астында қалады не бир төрелер, Залым болса патшалықтан пайда жоқ. Патшалықты телпегиңдей көре бер. Жаўды қуўып, мурадыңа жетпесең, Саўлатына уллы тойлар етпесең. Датқа жайға датқашыны келтирмей, Ҳәсен хан, сен әсиликке кеткенсең, Пайғамбар жасына жасың жеткендей, Хан болмасаң белден қуўат кеткендей, Мүлайым бол, шүкирлик қыл шырағым, Қәлендериң көп ўасият еткендей. Сиз туўсаңыз, биз де туўдық анадан, Ырысқысын таўып жейди ҳәр адам, Тыңла я тыңлама нәсийҳатымды, «Өлмеймен» дегенди шығар санадан. Өзиң өлсең, орныңда бар ер Зийўар, Бәлеге болмасын балаң сазыўар, Қайда екен, ер Зийўарды көрейин? Қарғыс алмай, алғыс алса нур жаўар. Ғазап етип кең дүньяны тар қылма, Ҳәсенханжан, бул күниңе зар қалма, Ер Зийўарға айтатуғын сөзим бар, Қелтир, тақсыр, қалендерден ар қылма. «Алла ҳуў» деп жолда жүрген қәлендер, Аўызына жақсы түссе «жақсы» дер, Зийўаржанға бир сөз айтып кетемен, Ҳәсенханжан, керек емес маған зер. Сол ўақытта Ҳәсен хан, Өрре турып орнынан, Қарғып түсип тахтынан, Жуўырып келди ҳаплығып, Қалендердиң қасына. Тилла жыға қыстырды, Қалендердиң басына. Ишарат етти Ҳәсен хан, Қалендерди тахтына, Қуллық етти қалендер, Минбеди ханның тахтына. Сарпай берди—киймеди, Инам берди—алмады. Бир ләген тилла әкелди — Календер нәзер салмады. «Таймағай, — деп. —дәўлетим, «Кетпегей, —деп — нәўбетим», Патшаның жаны қалмады; —Жәллатлар! —деп шақырды, - Не хызмет, тақсыр?— деп, Жуўырып келди жәллатлар, Ҳәсен ханның алдына Бәршеси қол қаўсырып —Мордар деген пашшапты, Алып кел! — деп буйырды. —Әжеп болар тақсыр! —деп, Жүрип кетти қос жәллат. Ай балтасы қолында, Дәрўазаның алдында, Турған муртлы Мордарға, Жетип барды жәллатлар, — Датқашыны киргизбей; Дәрўазаны жаптың сен. Урнығып өлгир сен, Мордар, Өз пейлиңнен таптың сен. Хан есигин бекитпек — Қызыл гүлиң солғаны, Хан абырайын кемитпек — Пайманаңның толғаны! —Хан алдына жүр! —деди; —Не қылса да бахтыңнан, Хан алдында көр,—деди, Ханнан келген қос жәллат, Еси кеткен Мордарды, Әйле-пәйлеге қаратпай, Кепкен ернин жалатпай, Жағаға қоллар салады, Мойнына буғаў шалады. Еркине қоймай сүйрелеп, Ҳәсен ханның алдына, Мордарды алып барады, Датқашылар келгенде, Жибермей ханның алдына, Дәрўазаны бекиткен, Мордар деген сенбисең!