«Дәрўазаны ашыңыз, Я болмаса шырағым. Бизлердиң келгенимизди, Барып ханға айтыңыз», — Деген мүсәпирлерди, Хан алдына жибермей, Яки исин питирмей. Кең сарайға киргизбей, Бежирейтип көзиңди, Суп-сур етип жүзиңди, Байқап айтпай сөзиңди, Датқашыны муңайтып, Халықты ханнан қашырған, Қанқорым Мордар сенбисең?! Дүзимди жайлап отырған, Көзиңе қан толтырған, Адам көрсе қутырған, Ахмақ Мордар сенбисең?! Қарияларды сыйламай, Ханнан кеўлин қандырмай, Ҳүрметлемей улықты «Хаy есиги жабық» деп, Үркиткен ханнан халықты, Урып, сөгип азаплап, Қалендер менен шайықты, Хожаларға қарғатқан, Қандарым Мордар сенбисең?! Патшаға датын айтпаға, Келген ғәрип-қәсерди, Жетим менен жесирди, Хан алдына келтирмей, «Сондай бир адам келди» деп, Яки ханға билдирмей, Арзаға келген халықтан, Хан есигин қорыған, Гәззап Мордар сенбисең?! Патша қалып майданда, Өз алдына хан болып, Аяғыңа бас урғанның, Мойнына буғаў салдырған, «Буғаўлы Мордар» атанған, «Ҳәсен ханның пашшабы, Сондай зор болған екен», деп, Тарийхта ат қалдырған, Ағасы Мордар сенбисең?! Көрген-билгенлериңди, Дәрҳал маған айт деймен! Әси болсаң аллаға, Ырайдан тез қайт деймен! Ырасыңды айтпасаң, Ырайыңнан қайтпасаң, Айтпасаң, ырас сөзиңди Оярман еки көзиңди, Дарға асып өзиңди. Тарттырарман гүржиге, Ахмақ Мордар етиңди. Жаның барда, Мордар, сен, Анығынан кел деймен! Ақылың болса бәтшеғар, Сөз мәнисин бил деймен. Жан керек болса өзиңе, Дурыс жуўап бер деймен! — Деген ўақта Ҳәсен хан, Дәрўазаман Мордардың, Бети кетти қубарып, Сур жыландай бозарып, Көзи кетти найсаптың, Оттай болып қызарып. Яки тил жоқ, қулақ жоқ, Қалды тилсиз сазарып!!! Қорыққанлығы соншама, Безгек болған адамдай, Денеси кетти қалтырап. Бираз ўақыт өткен соң, Есин жыйнап алады, Жан-жағына қарады, Қоршап турған жәллатқа, Мордарың көз салады. Дәрўазаның алдында, Қалайынша турғанын, Ханға баян қылады. — Дәрўазаның алдында, Турған Мордар мен едим. Датқаға келген адамды. Хан ҳәзиретке жибермей, Дәрўазаға қулыпты, Урған Мордар мен едим. Халықты ханнан қашырған, Гәззап Мордар мен болдым. Шонтық абырайымды, Уллы ханнан асырған, Ахмақ Мордар мен болдым. Датқашының нәзерин, Патшаға бермей жасырған, Бақыл Мордар мен болдым. Сыйламадым улықты. Ғәрип пенен қәсерди, Жетимлер менен жесирге, Еттим жөнсиз зорлықты, Ҳәзиреттиң алдына, Сәлемге келген қарияға, Бердим ақырет-қорлықты. Дәрўазаның алдында, Датқаға келген адамға, Жолбарыстай ақырып, Күшиме әбден толықтым. Көзимди қан қаплаған, Ақ-қарасы көринбей... Датқаға келген адамның, Наҳақ қанын төксем де, Жөнсиз ислер етсем де, Жүрдим халыққа билинбей. Датқаға келген адамнан. Қанша пара алсам да, Жүрдим аўызға илинбей. Қара пулға сатқанман, Адамгерлик арымды. Барлық сырды жасырмай, Айттым сизге барымды. Мазхаб тутқан, патшаҳым, Тыңлап көр мениң зарымды. Кеширмесең гүнамды, Көрип турман, патшаҳым, Асатуғын дарыңды. Не қылсаң да өзиң бил, Келип турман алдыңа, Аяғыңа бас урып. Айттым тақсыр дадымды. Өзиң бил-кешир, кеширме. Бир гүналы бендеңиз, Алдыңызға келипти. Жарылқа, қарға-өзиң бил, Пәрманы күшли патшаҳым. Еситип буны Ҳәсен хан, Отырады ойланып... Бир ўақта басын көтерип, Ийегин бир қағады. Жыбырлатып муртларын, Оң ийнине қарады. Бул ўақтында жәлләтлар, Мүлгип турған Мордарды, Зинданға апарып салады. Ғайыптан келген қалендер, Патшаның әдиллигине, Тәәжип-ҳайран қалады. Сол ўақтында Ҳәсен хан, Орнынан өрре турады, Қалендерге қарады, Жанына жақын барады, Басынан өткен ислери, Қысқаша баян етиўге, Қалендерден Ҳәсен хан, Изажат сорап турады; — Баргама ғайыптан келген, қалендер, Сизге сырларымды баян әйлейин. Алмадыңыз ләген менен берсем зер, Ғәзийнемде шубҳа бар ма, нәйлейин. Хорезмде әдалатлы хан едим, Ғәриплерге зыянсыз бир жан едим, Халыққа хызмет етип, ҳадал нан жедим, Шубҳасы бар болса енди нәйлейин. Пақырлардың қара пулын алмадым, Нәмәремге ҳеш бир нәзер салмадым, Хорезм халқына жаман болмадым, Енди халқым «жаман» десе нәйлейин.