Гәззапларды дарға асып қыйнадым, Әтирапыма улықларды жыйнадым, Қарияларға сарпай жаўып сыйладым, «Сыйламадың» десе енди нәйлейин. Маңнайынан сыйпап жетим-жесирдиң, Ҳалынан қарадым ғәрип-қәсердиң, Үстине дүр шашып уллар өсирдим, Халық «Дүр шашпадың», десе нәйлейин. Өзи тиймегенге сирә тиймедим, Бирақ душпанға басымды иймедим, Хан болсам да халықтан зыят киймедим, Халық «Зыят кийдиң» десе нәйлейин. Бир ҳақтың жолына қойдым басымды, Саўаш күни төгип көзден жасымды, Жигитлерге бердим наным-асымды, Жигитлер «Жемедим» десе нәйлейин. Халайыққа бердим асы-нанымды, Саўаш күни аямадым жанымды, Халық жаман көрсе Ҳәсен ханыңды, Халық көзине мәр көринсем нәйлейин. Бул дүнья дегенниң бәри жалғанды, Бул дүньядан кимлер өлмей қалғанды?! Мениң жүрегиме отлар салғанды, Замзам сеўип өширмесең нәйлейин. Алма жеп бейиштен шыққан Ҳаўаға, Сонда да қудайым болды пәрўана, Ҳақ жолын излесем болып дийўана, Дийдар несип, ғайып болса нәйлейин. Хорезмде болдым шаҳлардың шаҳы, Алланың тобыдур адамның басы, Қартайғанда етип қудайым әси, Гүнам артып әси болсам нәйлейин. Шаҳ болдым, сағыйрдың ҳақын жемедим, Ким сөз айтса намақул сөз демедим, Қатарымда қайсы шаҳдан кем едим?! Қудайым «кем қылдым» десе нәйлейин. Даңқымды сорап халықтан бил сен!... «Инам алып кетейин» деп келипсең, «Пашшаплар жибермеди» деп күйипсең, Хақ кеўлимди билмей күйсең нәйлейин. Наймыт болғыр Мордар ҳәдден асыпты, Я болмаса, аўып, ғәплет басыпты, Яки «Жансыз ба?» деп жаман сасыпты, Алла бийабырай қылса нәйлейин. Буйырған нәрсеңди излеп табаман, Ҳүрметлеймен, жипек шапан жабаман, Инамымды алмасаңыз қапаман, Та өлгенше турмасаңыз нәйлейин. Көргенсиз Мордардың бердим жазасын, Аларман халыққа берген ызасын, Қәте кетсе жеткерейин тобасын, Ҳақ қабыл етпесе мен сор нәйлейин. Қәтем болса кешир, уллы бабажан, Бул дүньядан кетпейин мен бийнышан, Деп алдында арзы айтар Ҳәсен хан, Өлгенимше сизге ҳүрмет әйлейин. Қырқ жигитлерине болып саркарда, Зийўаржаным жүр еди ҳәзир шикарда, Болса көрер едик уллы бәргада, Бар болса келтирмей сизге нәйлейин. Жылаўында болса Шахимардан, Төрт-бес күннен келип қалар шикардан, Болсаңыз кен жай берейин бәргадан, Келгенинше күтпесеңиз нәйлейин. Алтын тарақ пенен сақал тараңыз, Устаз болсаң ҳәр мүшкилге жараңыз. Керек болса келгенинше қараңыз, Қарамасаң жолың болсын, нәйлейин. Сол ўақлары қалендер, Бул сөзлерди еситип, Ҳасаны қолға алады, Белин беккем шалады. Ҳәсендейин патшаның, Берген инамын алмады. Қойған сарпайларына, Қалендер нәзер салмады. «Алла ҳуў, я мен!» деп, Жолға түсип қалендер, Бәдәр кетип барады, Сол жүргеннен қалендер, Жети түн тамам етеди. Ақжүримниң қасында, Бир бәлент таў бар еди, Қырқ жигит пенен ер Зийўар, Усы таўдың басында, Қулан атып жүр еди. «Алла ҳуў» деген қалендер, Таўға жақын келеди, Қырқ жигит пенен ер Зийўар, Усы таўда жүргенин, Қалендер жақсы биледи, Таўдың етек шетинде, Ақжүрим шәҳәр бетинде, «Аң аўлап болса ер Зийўар, Усы жолдан өтер», деп Жолын тосып жүреди, Қырық жигит пенен Зийўардың Қулан аўлап елине, Қайтар ўақты жетеди. Сегизинши күн азанда, Әйне сәске болғанда, Қырқ жигити қасында, Тилла жыға басында, Полат қалқан жамылған. Жамалын көрген адамның. Ишлери оттай қамылған, Ақ найзасы қолында, Көк тулпары астында, Ғәнимлер шықса алдынан, Жан алмақтың қастында. Көк тулпарды ойнатып, Полат суўлық шайнатып, Жүзлерин гүл-гүл жайнатып, Қалендер турған жерлерге, Ер Зийўар жетип келеди. Темир ҳаса қолында, Өзи ҳақтың жолында, Басында бар сәллеси. Үстинде бар мәллеси, Сақалы түскен белине, Темир ҳаса таянып, «Жан балам» деп аянып, Турған әжеп қарияны, Зийўар батыр көреди. Балаға кеўли толады, Сынаған жерден шыққан соң, Ўақты шандан болады, Әдеп пенен қалендер, Бир неше мысал келтирип, Ўәлийлпк пенен билдирип, Зийўарға қарап толғады; —Зийўар балам—Ҳәсен ханның әўлады, Дәўлет, ҳиммет балам саған мүнәсип, Сиз болсаңыз Ҳәсен ханның саўлаты, Сиз екенсиз алтын тахқа мүнәсип. Зер кекилиң бул қәддиңе жарасар, Көрген адам жамалыңа қарасар, Перийзатлар ашық болып таласар, Сиз екенсиз перийзатқа мүнәсип. Лийпасың жарасар қәдди-бәстиңе, Көк саўытың жарасады үстиңе, Қарағай саплы найза, балам-дәстиңе, Алып жүрсең жарақларың мүнәсип. Көк тулпарың жарасады астыңда, Егер ғаним келе ғойса қастыңда, Балам, кемисиң жоқ теңи-тусында, Не ислесең, балам, бәри мүнәсип. Атаң сениң әдалатлы Ҳәсен хан, Атаңнан да қусниң бәлент, Зийўар жан. Бул сөзиме яки инанба, яки инан, Ҳеш адам көрмедим сизге мүнәсип. Жарқырап тур белиңдеги қамарың, Маған керек еди сениң дийдарың, Қалендериң болсын балам нигарың, Күннен көрикли гөззал саған мүнәсип. Балам, зерли алтын жыға басында, Сайран етсең қырқ жигиттиң қасында, Нардай күшке толған он бес жасыңда, Салланған сәрўиназ сизге мүнәсип. Атынан жерге түседи, Астындағы тулпарын, Бир жигитке услатып, Әдеп пенен ер Зийўар, Ақсақаллы қарияның, Тап алдына келеди. Ҳүрмет пенен мәрт бала, Көп жасаған қарияға, Иззетлеп сәлем береди. Ийман жүзли қалендер, Сәлемин әлик алады, Белиндеги қамарын, Алдына шешип қояды, —Ата, сизге саўға, — деп, Жуп қулан және береди. Жағаларын тағылап, Зер менен жақсы торлатқан, Ҳәр өңирине бес-бестен, Алтын ғубба орнатқан. Сәрдары шекпенин. Оң ийнинен шешеди, —Бизден сизге саўға, — деп, Қалендерге береди. Сонда Қалендер Зийўарға қарап ие дейди; — Жигитликте сүйгениңди алмасаң, Ақ мойынға билегиңди салмасаң, Ақ бетинен жуптан поса алмасаң, Бул болмайды жигитликке мүнәсип. Қалендермен, гездим балам жаҳанды, Бир шәҳәрде көрдим маҳитабанды, Биз билемиз балам жақсы-жаманды, Шамшикамар екен сизге мүнәсип. Ол периниң жүзлеринен нур тамар, Ләбинен сорғанның мийири қанар, Көрмеген ашықлық отына жанар, Маҳитабан дийдар сизге мүнәсип.