Қарағанда шуғыла шашар көзинен, Дәртке даўа поса алсаң жүзинен, Ўәде берсе өлмей таймас сөзинен, Бир сөзли перийзат сизге мүнәсип. Зийўар балам өзиң патшазадасаң, Әрманлысаң ол перини алмасаң, Мың жасайсаң кеселине шыдасаң. Күйип жаныў емес сизге мүнәсип. «Отыраман», десең — әне алтын тахт, «Қыз аламан» десең — әне дәўлет-бақ, Неге керек жигитликте жүриў тақ, Сондай жупты балам сизге мүнәсип. Тыңламасаң қалендердиң сөзлерин, Таса болып жоғалтқан соң көзлерин, Бул жаҳаннан табалмассаң өзлерин, Перийзатты болған сизге мүнәсип. Мен кеткен соң табаныңды тоздырма, Ўайран етип қалаңызды буздырма, Бирақ ол периге жат қол создырма, Ол перийзат, балам, сизге мүнәсип. Периниң мәканын баян етейин, Баян етпей балам сизге нетейин? Қуда қосса мақсетиме жетейин, Көргенди билдириў бизге мүнәсип. Айтсам, ол периниң ҳаслы-затыны, Айнажамал дерлер оның атыны, Барсаң көрерсеңиз инабатыны. Несип болып алсаң сизге мүнәсип. Талўас етсең аттың жалын өресең, Ҳәўес етсең ол перини көрерсең, Егер жеңип алсаң дәўран сүрерсең, Пери қызы шаҳ улына мүнәсип. Қалендердиң сөзи усы тыңласаң, Бәри айттым сөз мәнисин аңласаң, Ықтиярың сөзди бәржай қылмасаң, Сөзди тамам етиў бизге мүнасип. Дедидағы қалендер, Елди гезген сәмендер, Сөз тыңлаған Зийўардың, Ғайып болды көзинен. Ақыллы еди ер Зийўар, Ҳәр түрли мәни аңлады, Қалендердиң сөзинен. Ақша бети қубарып, Қаны қашты жүзинен, Денелери түршигип, Нуры қашты көзинен. Бийҳуш болып жығылды, Ер Зийўар кетип өзинен. Қасындағы қырқ жигит, Бийҳуш болған Зийўардың, Барып басын сүйеди. Көк атына миндирип, Ақжүримге жөнеди, Намазлыгер ўақтында, Шәҳәрге жетип келеди. Зийўарға бир ис болғанын, Патша болжап биледи. Анасы болған Ақжулқун, —Қағынғанды балам,—деп, —Ушынғанды балам,—деп, —Көзиккенди қозым,—деп, Сергиздан болып жылады, Көзиниң жасын булады, «Жалғызым қарар көзим», —деп, «Аўзымдағы сөзим», — деп, Бийҳуш жатқан Зийўарға Көп пәрўана болады. Жалғызы үнсиз қалған соң, «Әлле қандай болды» — деп, «Бир ис болса усыдан, Ғамға кеўил толды», — деп «Жалғызымнан айрылсам, Туяғымнан майрылсам, Қанатымнан қайрылсам, Қызыл гүлим солды», — деп Шаншыў тийди етине, Тынып еки көзлери, Суп-сур болып жүзлери, Бийҳуш болып қулады, Ярым мезгил өткен соң, Ақжулқун муңлы анасы. Қумалақ тартқан палдаман, Китап ашқан қоррапаз. Зикир салған порқанлар, Жин шақырған хожалар, Дуўа бергиш моллалар, Пәтиягөй ийшанлар, Қолын жайған шайықлар, Ел гезип жүрген қалендер, Нәзир алған дийўана, Мәканы жоқ бийгана, Тамыр услаған тәўиплер, Бәри келди жыйналып, Зийўардың аўырғанына, Күтә қатты қыйналып. —Бақтыр, — дейди тәўиплер, —Қақтыр, — дейди хожалар, —Оқыт, — дейди порқанлар, —Дуўа ал, — дейди моллалар, —Пәтия ал, — дейди ийшанлар, — Әўлийеге апарып, Түнет — дейди шайықлар, —Нәзир бер, — дейди дийўана, —Олай, — дейди масайық, — Булай — дейди әўлийе... Жыйналған бундай халайық, Кеселине Зийўардың, Ҳеш бир емди таппады. Орнынан турып қалендер. —Бәриң де емин таппадың, Мәрт кеўлине жақпадың. Зийўарды өзим бағаман, Жин-пери егер жабысса, Пешим менен қағаман, Сизлер емин таппасаң, Өзим емин табаман. Зийўаржанды маған бер, Тартпаса егер қара жер, Кеселин өзим емлеймен, Зийўарды маған бер деймен,— Деп даўрық салады. Сол ўақтында Зийўардың, Кесели де қыстады. Жақын барып қалендер, Тамырын тез услады. —Ҳаўлықпанлар, ҳаўлықпан, Сөзи жоқ жерде даўрықпаң! Услап көрдим тамырын, Кесели қатты кетипти, Зийўар жанға кеселдиң, Ҳазары жаман өтипти. Өткенлигин соннан бил. Қаттылығы кеселдиң, Жүрегине түсипти. Тезирек ем етпесең, Кесели қатты писипти, Кесели қурсын нетейин, Емин излеп таппасаң, Балаң зая болады, Қызыл гүлиң солады, «Еми оның не десең?» Айтайын «Емин айт,» десең; Шикардан балаң қайтқанда, Ат үстинде баланы, Қутырған қаншық қаўыпты, Кеселди балаң патшаҳым, Дәрбент жолда таўыпты. Әдалатлы, Ҳәсен хан, Керек болса Зийўаржан, Зийўарды қапқан қаншықты, Өзиң излеп таппасаң, Өзим излеп табаман. Балаңды қапқан ол қаншық, Болады Гоҳибулырда, Дәў болмаса ол таўға, Баралмайды адамзат. Себеби Гоҳибулырдың, Барлығын пери жайлайды. Егер барса адамзат, Бәнт етип тасқа байлайды. Қияметқайым болғанша, Бәнт болып таўда турады. Бир барса ол таўларға, Дуўақан молла барады. Моллалар да бармаса, Қолларынан келмесе, Онда Зийўар барады, Қутырған ол қаншықты Зийўар таўып алады, Тутып алып басына, Ақырзаман салады. Ол қаншықты өлтирип, Мәнисине келтирип, Өкпеси менен жүрегин, Жулып ғана алады. Алып барып жыллылай, Суўық суўға салады, Қайта-қайта жуўады, Әбден таза қылады, Сексеўилдиң отына, Алып барып салады. Шоққа Әбден писирип, Сөйтип сүртип күллерин, Жеп ғана тойып алады. Буннан кейин Зийўардың, Кесели тәўир болады, — Дедидағы қалендер, Ҳәсен хан менен Жулқунның, Көзинен ғайып болады. Еки бирдей мунлының, Ишлери ғамға толады, Еки бирдей сорлының, Ақша жүзи солады. Сонын менен арадан, Бир нешше күнлер өтеди. Бир күнлери ер Зийўар, Хуўшына келеди.