Ашықлықтың дәртинен Күннен-күнге жүдеди, Айнажамалдың ышқысы, Жаннан жаман өтеди. Қызды излеп кетиўге, Ер Зийўар қәддин дүзеди. Ақ отаўда илиўли, Ҳасыл қамқа кийимин, Кийип жигит гезенди, Излеўге Айнажамалды, Ер Зийўар жақсы безенди. Алтыннан қас қойылған, Ақ ҳайўанға қойылған, Ер-турманын алады, Көк тулпар турған тебилге, Ер Зийўар жетип барады. Ойнап турған тулпардың, Арқасын жақсы сыпырып, Маңлайынан уўқалап, Зер менен нағыс салынған, Ақ терликти алады, Арқасына салады. Қуйысқаны қуйма алтын, Тебингиси терме алтын, Үзенгиси үзбе алтын, Ақ баслы ердиң бәри алтын, Артқы қасы сом алтын, Алдынғы қасы қуйма алтын— Ақ терликтиң үстине Алтын ерди салады. «Өрме-өрме таў келсе, Таўға өрмелеп шыққанда, Ер артына кетер» — деп; «Атты майып етер», деп, Қайтпайтуғын гүдардан, Жуптан айыл шалады. «Терме-терме таў келсе, Ат термелеп түскенде, Ер алдына кетер», деп, Алғы ғубба қойылған, Ҳәр ғуббаның бәнтлери, Алтын менен ойылған — Жуп қуйысқан салады. Пешанасын беркиллеп, Маржан менен гүркиллеп, Көк тулпарды қунтыйтып, Қуйрығын түйип шунтыйтып, Жалын тартып сымпыйтып, Тулпарды жолға дүзеди. Бөдене көзли көк саўыт, Өлсем болар кепин», деп, Оң ийнинен кийеди, Қынапқа салса «қылт» еткен, Суўырып алса «жылт» еткен, Қәҳәрленсе тас кескен — Испаҳаны алмасын, Ишинен белге шалады. Қарағай сапалы ақ найза, Оң қолына алады. Буўырқанып, пурсанып, Муздай темир қурсанып, Минди тулпардың белине. Шар айнасы жалтырап, Қуйқасы қалтырап, Зернигарға бармаға, Атасынан жуўап алмаға, Ер Зийўар жетип келеди. Ат үстинде қунтыйып, Киятырған баласын, Ҳәсен хан көреди. Ата-анаға Зийўаржан, Ийилип сәлем береди. Баланың берген сәлемин, Атасы әлик алады, «Жалғызымның сапары, Қайда екен, билейин», Деп атасы Зийўарға, Тил қатып сөйледи; — Астыңа ойнатып тулпар минипсең, Жигербентим, қайда сапар әйледиң? Үстиңе жайнатып саўыт кийипсең, Жаным, қай шәҳәрге сапар әйледиң? Қарағай саплы найза алып қолыңа, Қарамассаң балам оңы-солыңа, Қайрылмай барасаң балам жолыңа, Қай еллерге балам сапар әйледиң? Саўытларың жарасады бойыңа, Ким түседи балам бағлы қуўыңа?! Қандай әндийшелер түсти ойыңа, Жаным балам, қандай сапар әйледиң? Көк тулпарың гүўлер суўлығын басып, Сен кетерсең таўдан-таўларға асып, Атаң-анаң қалар бунда жыласып, Күлип балам қайда сапар әйледиң? Бизге жаман перзенттиң дағы, Сен боларсаң көздиң қарасы-ағы, Сен кетерсең сарғаяр атаң сияғы, Тәнде жаным, қайда сапар әйледиң? Зийўар балам, батырлыңтан миниң жоқ, Гәўир менен саўаш еттиң, кемиң жоқ. Ҳәзир қасыңда ҳеш кимиң жоқ, Балам, қай журтқа жаўлан әйледиң? Жарасады аттың жалын тарасаң, Қәҳәрленсең тасларды қақ жарасаң, Балам зарлатып қайда барасаң? Кимниң қаласына сапар әйледиң? Тири ғайып болса мөмин баласы, Анасының көкке жетер наласы, Машуғыңыз қандай ханның ағласы, Көрпе қозым, қандай сапар әйледиң? Таўда жортып тарқатарсаң шериңди, Майданда төгерсең маңлай териңди, Баян әйле, балам, барар жериңди, Мақсетиң не, қайда сапар әйледиң? Соның менен Ҳәсен хан, Сөзин тамам қылады, Атасының сөзине, Зийўар зейин салады. Ҳәр сөзиниң мәнисин, Жақсы уғып алады, Он төрт жасар бир пери, Ақыл-ҳуўшын алғанын. Ышқы отына салғанын. Ол периниң жолында, Өзи сергиздан болғанын, Минип тулпар белине, Тәғдир қосса әзелде, Ол перини алыўға, Жөнемекши болғанын, Ата-аналарына қарап, Бир-бир баян қылады; — Қулақ салың, ата-анам, сөзиме, Мақсетимди бир-бир баян қыламан. Нала етип сарғыш салмаң жүзиме, Тыңлаңыз бар исти аян қыламан. Ғурыжланып минип тулпар белине, Зернигарлы Айнажамал елине, Барып, қоныў ушын бағдың гүлине, Гоҳибулырға болдым талабан. Ара шөлде аттың жалын өремен, Ҳәр не болса ығбалымнан көремен, Айнажамал менен дәўран сүремен, Соның ушын Зернигарға бараман. Душпан шықса ат үстинен алысып, Табан тиреп, қайтпай найза салысып, Ақ найзаны қызыл қанға малысып, Жолда дәўлер менен саўаш қыламан. Қан орнына төгип маңлайдан терди, Дәў менен урысып тарқатып шерди, Жолындағы қайсар дәўперилерди, Жеңсем Айнажамал қызды аламан. Ким кепил өмирдиң узақ-азына?! Ашық болдым Оманшаның қызына, Жаным қурбан таўландырған назына, Соның ушын сапар етип бараман. Таўды-тасты қақ жарады ғайратым, Дәў перини титиретер айбатым, Бармағанша жоқтур ҳасла тақатым — Оманшаның шәҳәрине бараман. Жиберсеңиз жуўап алып кетейин, Оманшаның шәҳәрине жетейин, Дәў перилер менен саўаш етейин, Руқсат бер! Бермесең де бараман! Баласының сапардан, Қайтпасын анық биледи, «Алдап-арбап көрейин. Мәдеткер пирлер яр болып, Жақсылық салып кеўлине, Бармаса периниң елине, Алғаны мениң тилимди, Нәсийҳатым-пәндимди», Деп ойланып Ҳәсен хан, Сапар тартқан Зийўарға, Көп нәсийҳат қылады, «Оманшаның елине, Барма, балам», деп толғады; — Қәлеген қызыңды алып берейин, Кетпе балам Зернигардың журтына, Жан балам, бағыңнан гүллер терейин, Барма балам Гоҳибулыр журтына. Бүлбиллер қор болар айрылса гүлден, Шешенлер қор болар айрылса тилден, Ер жигит қор болар айрылса елден, Кетпе қозым Оманшаның журтына. Көрер жаным, көзим нуры, баламсаң, Жаў жағымда жығылмастай қаламсан, Жаным балам, жел жағымда панамсаң, Тилимди ал, кетпе дәўдиң журтына. Сен кетсең не кешер бизиң ҳалымыз, Жылаў менен өтер маҳисалымыз, Талаўға түспей-ақ дүнья-малымыз, Кетпе балам, Оманшаның журтына. Периниң журтына ҳеш ким баралмас, Гоҳибулыр таўын минген жаралмас, Пери қызын адамыйзат алалмас. Нәсийҳатым, кетпе пери журтына. Перилердиң болмас мәнзил-мәкәны, Олардың раўана еки жаҳаны, Оларға дос емес бул дүнья адамы, Адамзатсаң, барма пери журтына.