Зернигар — ол перилердиң қаласы, Тилсим менен қоршалған айналасы, Баралмайды адамыйзат баласы. Кетпе балам, Оманшаның журтына. Перилердиң болмайды ҳеш опасы, Адамзатқа өтер жәбириў-жапасы, Адам менен болмас заўқы-сапасы. Кетпе балам, перилердиң журтына. Кетсең дәў қолында ҳәлек боларсаң, Хазан урған қызыл гүлдей соларсаң, Дәў қолында әрман менен өлерсең, Соның ушын кетпе дәўдиң журтына. Атаңды зарлатып етпе маҳисал, Мениң пәндиў-насиҳатларымды ал, Жолыңа тасаддық, балам, дүнья мал, Бир яр ушын кетпе душпан журтына. «Бир перзент» деп ғарип жанды қыйнадым, Қудай берди, қанама ҳеш сыймадым, Сениң ушын дүнья малды жыйнадым, Кетпе балам, геўирлердиң журтына. Дүнья-малды не қылсаң да ықтияр, Жолыңызға етпе бизди интизар, Келгениңше биз боламыз бийқарар, Атам десең, кетпе пери журтына. Өзим өлсем сен қаласаң артымда, Саған ылайық ханзада көп журтымда, Жолларына дүньямды шаш тартынба, Кетпе, балам, дин билместиң журтына. Кетсең, балам, кесер дәўлер басыңды, Қабыл етпей көзден аққан жасыңды Көрсе дәўлер тири жейди лашыңды, Кетпе балам қандарыңның журтына. Атасының бул сөзин, Тыңламады ер Зийўар. Ҳәсен ханның гүл жүзин, Солдырады ер Зийўар. Ҳәсенниң ғамға кеўлин, Толтырады ер Зийўар. Зернигардың елине, Минип тулпар белине, Жылдам жүрип кетиўге, Күндиз тынбай, түн тынбай, Тезирек барып жетиўге, Бел байлады ер Зийўар. Дүнья-мал менен гөззалға, Мойын буралмайтуғынын Зернигардың журтына, Бармай туралмайтуғынын, Билдиреди ер Зийўар; — Ата, жылап кеўлиң ғамгүн болмасын, Зернигар журтына бармасам болмас, Қызыл гүлиң ғуншаланып солмасын, Оманша журтына бармасам болмас. Яр жолында ҳәр не болсам болайын, Қазам жетсе қызыл гүлдей солайын, Дағыстанда алып жолдың қолайын, Ара шөлде атты шаппасам болмас. Перийзатсыз дүнья-малды нетейин?! Айнажамал қызды излеп кетейин, Жаў жолықса жолда саўаш етейин, Перийзаттың елин таппасам болмас, Аттың жалын бестен таллап өрейин, Ығбалымнан ҳәр не болса көрейин, Жолында сергиздан болып жүрейин, Несип болса таўып алмасам болмас. Мийрим қанып перийзаттың ойнына, Арам алсам кирип оның қойнына. Айнажамал қыздың алма мойнына, Мен барып билекти салмасам болмас. Поса алып мийримди қандырып, Көрген адамлардың ишин жандырып, Ойнағанда қыздың есин тандырып, Өзим бас ушында турмасам болмас. Маған керек емес алтын-зериңиз, Зернигарға талап етти шериңиз, Перзентиңе, ана, жуўап бериңиз, Зернигарға, ата, жүрмесем болмас. Ата, сөзге жақсы қулақ салыңыз, Маған керек емес алтын-зериңиз, Кеттим, ана, хош аллаяр қалыңыз, Тез кетпесем зәрре тақатым болмас. Бул сөзди тыңлап Ҳәсен хан, Кетерин билди Зийўардың, «Усыдан жуўап бермесем, Жуўабыма қарамас, «Ата қарғысы оқ», деген, «Ене қарғысы боқ», деген, Бир нақыл сөз бар еди. Ашыўланып усыдан, Жуўап бермесем де мен, Сонда да турмай кетер ол, Мениң абырайымды, Қара пулдай етер ол. Қарасындай көзимниң, Емдей жалғыз балама, Жуўап бермей жиберсем, Патшалыққа қарамас — Оннан да жуўап берейин, Не түскенин басыма, Талайымнан көрейин. Жаратқанға бендемен, Не салса да көнейин», Деген қыялға дөнеди, Рухсат берип Зийўарга, Толғаў айтып сөйледи; — Зернигар журтына жаўлан етерсең, Қөрер көзим, та өлгенше аман бол, Руқсат бермесем де өзиң кетерсең, Сүйер қозым, жан перзентам, аман бол. Көзим нуры, қуўатысаң белимниң, Шекер қантлы бүлбилисең тилимниң, Өзим өлсем шопанысаң елимниң, Рәўшаны көзимниң, қозым, аман бол. Тақтаханға әжеп ислер көргиздиң, Гөрқарадай жуўан мойынын үздиң, Бүгин жат еллерге көзиңди сүздиң, Кетер болсаң, жигербентим, аман бол. Мен аҳымды бәлент таўдан асырдым, Сол себептен ақыл-ҳуўшым қашырдым, Сени балам, пирлериме тапсырдым, Жалғыз балам, кетер болсаң, аман бол. Өсирдим мен, болып саған пәрўана, Кешиксең боларман жолда дийўана, Перилердиң паяны жоқ, бийгана, Барсаң алла яр болсын, аман бол. Көзиниң ағы-қарасы, Басы жерге тийгенде, Үстине қара кийгенде, «Енди өлдим», дегенде, Көрген жалғыз баласы, Алладан соңғы панасы, Жигербенти Зийўардың, Зернигардың журтына, Қетерин анық билген соң, Бийшара муңлы анасы, Қара шашын жаяды, Бетин жыртып Ақжулқын, Ет бетинен қулады, Қасындағы канизлер, Дәрҳал сүйеп қалады. Тоқтап қалған Ҳәсенхан. Сөзин даўам етеди. — Сен болмасаң тажы-тахттан безермен, Зар-зар жылап жүрек-баўрым езермен, Келмесең қалендер болып гезермен, Белнмниң мәдәри, балам, аман бол. Сен болмасаң тажы-тахтты нәйлейин, Бәршесин жолыңа барбат әйлейин, Келгениңше тилегиңди тилейин, Периниң журтына барсаң, аман бол. Келмесең жан балам, излеп кетермен, Жылай-жылай әрман менен өтермен, Дүнья-малды жолыңа тәрк етермен, Мәдеткарың мәўлен болсын, аман бол. Перини алған соң бизди умытпа, Сонда мәкән тутып бизди жылатпа, Ата-анаңыздың баўырын дағлатпа, Нәсийҳатым усы, балам, аман бол. Пери халқы сум болады, егленбе, «Бир яр», дейип жат еллерде тиленбе, Перийзатты алған замат егленбе, Мәқсетиңе жетсең тез кел, аман бол. Ер Зийўардың анасы, Ақыллы еди Ақжулқын, Орнынан өрре турады, Сапар шеккен Зийўарға, «Арыслан болып туўылыпсаң, Перилердиң елине, Кетсең, балам хош бол», —деп, Анасы нәсийҳат қылады. — Мен сени арыслан қылып туўыппан, Бүгин жат еллерге кетсең алла яр, Саўаш ушын қамарыңды буўыпсаң, Елден кетсең болсын, балам, алла яр. Әлпешлеген ана деген бийшара, Сен кетсең болмай ма бағрым мың пара, «Кетпе», десек қоймасаң сен не шара?! Кетер болсаң саў бол, қозым, алла яр. Нәсийҳат еткенде ата-анасы, Нәсийҳатын тыңламас па баласы? Ата-ананың көкке жетер наласы, Шарам жоқ нәйлейин, балам, алла яр. Ата-анаң жасы жетип қарыды, Кетсең балам бизге бәле дарыды. Сонлықтан анаңның айтқан зарыды, Тыңламасаң илаж не, алла яр. Әтирапыңда көпдур атаң душпаны, Атаңның олардан бардур гүманы, Атаң еди Хорезмниң султаны, Кетсең қандай болар, балам, алла яр? Сен кетсең халықты қалмақ алмай ма? Ата-анаңды қой кейнине салмай ма?