Алса атып урғандай, Сондай алып ер еди. Сәрўанлы ханға қарады, Қасына жақын барады, —Бизди жибер жаўға,—деп, Патшадан жуўап сорады. «Сонда патша» «Бар»—деди, «Жүгинисти өлтирип, Халықтың өшин ал»,—деди, «Тақтаполат патшаның, Басына қайғы сал»,—деди, «Усыдан жеңсең жаўыңды, Тасаддық сениң жолыңа, Алтын тахт дүнья-мал»,—деди. Ханның сөзин еситип, Сәрўанлыдай батырың, Кеўили суўдай тасады, Тулпарға қамшы басады. Сәрўанлы минген бул тулпар, Омыраўдан көбик шашады. Хорезмли Сәрўанлы, Душпанға жақынласады. «Сәрўанлы болсаң ер».—деди, «Әўелги нәўбет меники, Соңғы нәўбет сеники, Нәўбетимди бер»,—деди, Ақжүгинистей батырың. Көзлери оттай жанады, Жүреги ғыж-ғыж қайнады, Астындағы тулпары, Суўлықты ғарш-ғарш шайнады. Сары жайын қолға алды, Қурамсаққа қол салды, Сәрўанлыдай батырдың, Маңлайынан байлады. Сол ўақытта Сәрўанлы,_ Алдына қалқан тутады, Ақжүгинис атқан оқ, Аспанға қаңғып кетеди. Жети қабат қара тасты, Шарқ үйирип өтеди, Сегизинши қабаты,— Мәрўерт тасқа жетеди. Ашыўланып Ақжүгинис, Тағы оқты алады. Сары жайға салады, Сәрўанлыны дәл көзлеп, Толғап тартып қалады. Қарсы турған Сәрўанлы, Жалт береди оғына, Оғы тиймей кетеди. Сыртта турған ләшкерди, Тек жаралы етеди. Қурамсаққа салады. Және бир оқ алады... Үш мәртебе атса да. Оғы тиймей қалады. Ақжүгинистей батырдан, Атыспақ нәўбет өтеди, Сәрўанлыдай батырға, Енди нәўбет жетеди. Сәрўанлы жаўға сайланды, Қурамсаққа қол салып, «Суржайыл» деген оқ алды, Сары жайға қыстырып, Қос жүректен барлады, Гирести қатты тартқанда, Оғы кетти атылып, Сәрўанлы атқан сары жай, Ақжүгинистей арысланның, Тумсығынан өтеди. Тесип шыққан сол оғы, Тақтаполат патшаның, Ләшкерине жетеди. Сәрўанлы атқан жалғыз оқ, Ақжүгинис батырды, Қанын суўдай шашады, Менсинбеген Ақжүгинис, Арандай аўызын ашады. Қара тастың үстине, Ет бетинен қулады. Ақжүгинистиң геллесин, Сәрўанлы кесип алады. Ақ найзаға илдирип, Ханға алып барады. Ҳәсен хан буған мәс болып, Ўақты шандан болады. Тақтаполат патшаның, Баяғы ата палўаны, Қатарынан зор еди, Келди ханның қасына, Рейҳим етип патшаның, Көзинен аққан жасына. — Мен баяғы ер едим, Арыслану-шер едим, Барып қанын шашайын Патшамыз жуўап бер,—деди. Тақтаполат зарлады, «Онда палўан бар»,—деди; «Хорезмниң батыры, Сәрўанлыны өлтирип, «Ханға қайғы сал»,—деди; Ақ жүгинис батырдың, «Өшин барып ал»,—деди; Ақырзаман сал,—деди, Қоррамда мениң көринген, Ҳәсен ханның қолында, Бир баласы бар екен, «Аты оның, арысланым, Зийўар қайсар» дер екен, Саған айтар нәсийҳат, Соннан болғыл итият». — Патшаҳым, сөзге қулақ сал, Сөзлеримди билип ал, Деп барып ханның алдына, Сөз сөйлейди мәрт Байсал: Жигирма бир жасым бар, Отыз мың ләшкер қошшым бар Қара таўдай күшим бар. Мен геўирдиң улыман, Қәтиржәм бол, патшаҳым. Байсал шықты лалаўлап, Атын минбей жаяўлап, Аўыр екен соншелли: Қара таўдың тасына, Белшесинен батады. Қара тасты қақ жарып, Гүрес жайға барады, — Бар болсаң тез келиң!—деп, Ортада шаўқым салады,— Батыр болсаң сен егер Кел қорықпай бәтшеғар, Бәриңди жексен етейин, Журтыңды етип интизар! Гүресиўге биз бенен, Сизлер болсаң мәрт, қумар, Бәриңди қырып майданда, Ханыңа салып қайғы-зар, Көрсетейин күшимди! Мәрт болсаң келиң геллеғар! Байсал батыр ақырды, «Көк түскен жерлер тақырды, Елиңде сен батыр болсаң, Гүреске кел»,—деп шақырды. Ашыўы мәрттиң келеди, «Пияда шықты Байсал», деп, Батыр аттан түседи, Үстиндеги көк саўытты Ғуббасынан шешеди, «Халық ушын ѳлсем қурбан», деп. Шийрин жаннан кешеди. Сәрўанлы батыр келеди, Ҳәсен ханның алдына: —Байсалға жибер, тақсыр,—деп, Патшадан жуўап тиледи. Дана еди Ҳәсен хан: Тақтаполат патшаның, Байсалдайын батырының, Зор екенин биледи, Сәрўанлыны қайғырып, —Итият бол балам,—деп. Батырға жуўап береди. Ханнан жуўап алады, Мәрт ортаға шығады, Сәрўанлының турпатын, Көргенниң мийри қанады. Билегин ол сыбанып, Байсалға пәнже салады. Сап шегилген ортада, Еки батыр алысты, Ақыра жанбас салысты, Сәрўанлы ҳаққа жалбарып, Пирлерге етти налысты, Сәрўанлының белинен, Байсал қатты қысады. Ишкени нандай сығылды, Бир қысыўға шыдамай, Жүреги аўзына тығылды. Сәрўанлыға Байсалың, Зорлық еткен усайды, Геўир қатты қысқанда, Сәрўанлы қан қусады. Сәрўанлыдай батырдың, Аўызынан қан кеткенде, Шыдай алмай Ҳәсен хан, Қолына найза алады. Шыдамайын ғайратқа, Душпанға атты қояды, Мәртлигине Ҳәсенниң, Халқының кеўили толады. Тақтаполат сол ўақта, Қатыўланды қатланды, Ҳәсен ханның үстине, Қәҳәрленип атланды.