Хорезмниң халқы қарап болмай ма? Буны ойламадың, балам, алла яр. Залым душпан етер пейли тарлықты, Ата-анаң тартар қорлық-зарлықты, Өз журтыңда қой баққаның артықты, Тыңласаң сол нәсийҳатым, алла яр. Душпанларың таўдың жатыр басында, Көрсеши жан балам, көздиң жасын да, Кетпе, балам, отыр анаң қасында, Отырмасаң нәйлейин мен, алла яр. Жигит — жигит болар теңи-тусында, Перийзатлар табылмай ма усында? Басымнан ушырдым бахыт қусын да, Бахыт қусы қонбасаң хош, алла яр. Арыслансаң ҳәр мүшкилге жарарсаң, Перилердиң мәкәнына барарсаң, Жеккеликтен жан-жағыңа қарарсаң, Сол ўақытта сизге болғай, алла яр. Периниң дәстинен аман қалғайсаң, Басларына ақырзаман салғайсаң. Ашық Айнажамалыңды алғайсаң, Тилегиңде ата-анаңлар, алла яр. Ата-анаң муңлы екенин билгейсең, Ара шөлде көк тулпарды желгейсең, Келинди алып аман-есен жеткейсең, Аман барып саў келгейсең, алла яр. Анасының бул сөзин, Еситкен соң ер Зийўар, Барса Келмес елине, Перилердиң журтына, Барып келер мәнзилин, Былай баян қылады; — Зернигардың шәҳәрине бараман, Көргенимше ата-анам, хош болың, Алғыс айтпасаңыз бахты қараман, Қысылғанда мәдет бериң, хош болың. Көзиңниң рәўшаны, нурың, шырағың, Көринеди жақын болып жырағың, Көрмесең артады дәрти пырағың, Ақ сүт берген анажаным, хош ,болың, Қолларына сырлы ҳасасын алған, Алғыс айтып бәрҳа нәзерин салған, Тилегимди тилеп кейнимде қалған, Қария устаз, аталарым, хош болың. Арғымақ атларды сайлап миндирген, Ҳасыл липасларды сайлап кийдирген, Қайың-қарағайдың басын ийдирген, Арысландай ағаларым, хош болың. Дағыстанды, жазираны гүл еткен, Қонақ келсе аз асыңды мол еткен, Қонағыңды «Хош келдиң» деп жөнелткен, Қарқыранлы жигитлерим, хош болың. Қара шашын бестен өрип тараған, Аўыр күнде ҳәр бир иске жараған, Сийрек барсам жолларыма қараған, Ақ жүрекли апаларым, хош болың. «Жан ағам», деп кеше-күндиз ойлаған, Кеше-күндиз дийдарыма тоймаған, Қатарыңда абырайсыз болмаған, Қәдирли қарындасларым, хош болың. Мерекеде қол алысып көрискен, Шай кесени сазлап, шағлап жүрискен. Жарыспаққа ,сәмен жорға сүрискен, Қәдирданым, қатарларым, хош болың. Журтта жоқ бахтыны излеп тапқанлар, Үстине жайнаған сарпай жапқанлар, Урысқанда әреби атта шапқанлар, Әдиўли ағайинлерим, хош болың. Қонақ болса семиз малын сойғанлар, Татлы тамақларын алға қойғанлар, Гөрқаў аш көзлердиң көзин ойғанлар, Татыў тамыр-туўғанларым, хош болың. Зулпын таўлап жилўа менен наз еткен, Ҳәр кешеде сәўбет пенен саз еткен, Қумар әйлеп қақаманды жаз еткен, Көз қысысқан гөззалларым, хош болың. Топ ойнап, маңлайдан аққан терлерим, Асық ойнағанда тарқап шерлерим, Ата-мәкән ойнап өскен жерлерим, Ели журтым, қәдирданлар, хош болың. Жаз болса сейил етип шағлап йошқаным, Сайраған бүлбилге нама қосқаным, Гүлшеним, шәменли бағы-бостаным, Бағы-бостан шәҳәрлерим, хош болың. Өсирген бағманы дәўлет-бахыттың, Жарасығы анаў алтын тахыттың, Әдалатлы ханы ели-халықтың, Ҳәсен атам, көргенимше, хош болың. Алтын тахтта Ҳәсен атам аманда, Бахыты таймаған ҳеш бир заманда, Атамның қостары еки жаҳанда, Жулқун анам, көргенимше хош болың! Астындағы тулпардың, Дизгинин қолға алады, Аттың басын оңғарып, «Шүў!» деп жолға салады. Жүрисине тулпардың, Қанаат қылмай барады. Тебиңгиге тебинип, «Шүў, жаныўар, шүў!» деди, Астындағы көк тулпар, Оннан сайын гүўледи, Қос қанатын қомлады. Табаны жерге тиймеди, Буўданнан туўған жаныўар, Батпақ шықса набада, «Қуйрығым ылас болар», деп. Еспе-еспе қумлардан, Еспелеп келип жортады. Дойнағы тасқа тийген соң, Әптен жоны қызады, Күн өткен сайын жаныўардың, Шабыслары артады. Табан жол менен тарысты, Төбесинен қыялап, Ушқан қус пенен жарысты. Үстиндеги ер Зийўар, Азыўлық пенен алысты, Сегбир тартып жол жүрди, Күни-түни жатпастан. «Зернигардың журтына, Жетемен», деп ер Зийўар, Қысым етти жанына. Хорезм менен Зернигар. Екеўиниң арасы, Асқар асыў бел екен. Адам түўе қус ушпас, Дағыстанлы шөл екен. Қарсақ батпас қарағай... Мәкән етсе бул жерде, Қыс отыны мол екен. Кийиклер келип булақтан, Суў ишетуғын жазында, Таўдың ойпат баўыры. Телегей теңиз көл екен. Жарық шыққан басынан, Шақмақ тасы көп екен. Ол төбе менен бул төбе, Қулазыған шөл екен. Неше күн тамақ татпастан, Муздай темир қурсанып, Қарсы шықса ғапылда, Арын алмақ душпаннан. Жалғыз өзи саҳрада, Жапа шегип барады, Қарсақ батпас қалыңнан, Баратыр Зийўар қайтпастан, Астындағы көк тулпар, Таўдың қия тасынан, Қарғып кетип барады, Аяғын алжас баспастан Ақша таўдың басында, «Қырқ булақ» деген бар еди, Қырқ булақтың қасында, Бири кеткен — Юнанға, Бири кеткен — Қақпанға, Бири кеткен — Бағдадқа, Бири кеткен — Тегеранға, Бири кеткен — Қабылға, Небир жоллар бар еди. Шынмашын менен Наҳарға, Қандар менен Қытайға, Ҳиндистанның журтына, Самарқанд пенен Бухараға, Ташкент пенен Қоқанға, Кетер жоллар бар еди. Сол жүриўден жол жүрип, Аз ғана емес, мол жүрип, Он бир күн тамам болғанда, Жетип келди ер Зийўар, Қырқ булақтың басына, Ҳәр журтларға тараған, Тоғыз дәрбенттиң қасына. Зийўар аттан түседи, Астындағы тулпарын, Бир путаға байлады. Жаздың, ыссы күнинде, Бийик таўдың басынан, Ағып атыр булақлар. Ҳәр тәрепке сарқырап.