Жылға, сайға тарайды, Сынаптай болып жылтырап, Қақ жарады мурныңды, Таўдағы түрли гияның, Ийислери аңқыған. Бир дарақтың астына, Шекпенин бара салады, Жаў-жарағын дастанып, Азырақ арам алды да, Шоршып турып орнынан, Жан:жағына қарады. Күн батыўға тақалған... Атына жақын барады, Ер-турманын алады, Жуўсанның көп жерине, Арқанлады апарып, Сол ўақта күн батады Терликлерин төсенип, Көк тулпарға исенип, Шаршап жүрген Зийўардың, Силеси қатып қалады. Сол жатқаннан жатады... Белги берип оң жақтан, Сарғайып таң атады, Желпилдеген жуўсанды, Жегеннен соң жаныўар, Көк тулпар күтә шөлледи, Тепсинип тулпар қоймады. Ат дүбирин еситип, Оянып бала уйқыдан, Көзин ашып қарады, Орнынан өрре турады, Атына жақын барады. Ағып жатқан булақтан, Суўғарады тулпарды. Зам-зам суўға қандырып, Көк тулпар атты ертлеп, Лийпасларын кийинип, Пирлерине сыйынып, Жаў-жарағын асынып, Секирип минип атына, Қарамады артына, Атына қамшы басады, Көк тулпар отқа тойған соң, Суўға әбден қанған соң, Едилдей гүўлеп тасады, «Ҳа» дегенше жаныўар, Жети таўдан асады, Шығарлығы сегиз күн, Түсерлиги төрт күндей, Есап етсек баршасын, Он еки күнлик жол екен. Басынан қулан шығалмас, Алдында сондай таў екен. Таўдан арман қараса, Жәдиўлардың журты екен. Сол таўдың түсер түбинде, Гүлистан бағлы шәменли. Бағы-бостан бар екен. Батыр минген көк тулпар, Таўдан түсти кулдырап, Ер Зийўардың көзлери, Баратырғандай булдырап. Белес-белес бул таўдан, Ойнап кетип барады, Еки көзи батырдың, Жайнап кетип барады, Астындағы көк тулпар, Қайың менен еменди, Шайнап кетип барады, Қия тастың басынан, Ырғып кетип барады. Бәлент таўдың астында. Шахсыпасы қасында, Бағы-бостан үстинде, Бийик таўдың баўырына. Мерўерт тастан салынған, Бир қалаға келгенше, Талай мийнет көреди. Астындағы көк тулпар. «Шүў» деген сайын желеди, Күн песинге жеткенде. Сәрҳаўызлы, шарбақлы, Қалаға жетип келеди. Бул бостанға қараса, Қырмызы гүллер ашылған, Ортасындағы булақлар. Ҳәр тәреплерге раўан… Бүлбиллери сайраған, Шаҳсыпаның қасында. Қырқ қазанның ишинде, Түрли тамақ қайнаған, Бул бағқа кирген адамның, Жүзлери гүл-гүл жайнаған. Кийик, қулан, арқарлар — Шәменли бағдың ишинде. Маймыллар қызық ойнаған. Бул бағдағы қызықты, Көргенниң мийри қанбаған. Қазандағы тамақтан, Жегенлер сирә тоймаған, Таўысқанша қоймаған. Арыслан туўған ер Зийўар, Атынан жерге түседи, Қылышын алып қолына, Қазанға жақын келеди. Тилла табақтың ишинде, Алтын шөмишти көреди. Қайнап турған қазанға. Былғалықты салады, Мазалыларын жеп Зийўар, Мейлинше тойып алады. Сол ўақытлары болғанда, Топпысы тозған, Арқасы қозған, Созғанда еки дизеси, Қулағынан зәрре озған. Күнге қатқан шеримдей, Бәтбешер қара жүзлери. Сүйегиңнен өтеди, Айтқан ҳәр бир сөзлери. Суўдан кеме жүргендей, Егер қумнан жүрсе де, Билинбейди излери. Өзи үш жүз жасаған, Саў сүйеги саўсаған, Өзи жүдә қаўсаған, Өлерине аз қалған, Жолбарыстай ақырып, Әрўақларын шақырып, «Жуўапсыз кирип бағыма, Отырсаң,—деп,—не қылып?!» Жетип келди бир кемпир. Жетип келип Зийўарға, Қарады залым тик турып, Көбик шашып аўзынан, Сөйледи кемпир бәт урып. Сөйлеген сөзи бир дәстан, Қәҳәрленсе ол кемпир, Жазды етер зимистан: —Ара шөлде арықлатып атыңды, Таўда тулпарыңды қатты желипсең, Бала, баян әйле ҳаслы-затыңды, Қай шәҳәрден қайсы журтқа келдиң сен? Қорықпай бәлент таўдың жаман жолынан, Қамшы урып аттың оңлы-солынан. Қаштың бала қандай шаның қолынан, Келгениңды бир-бир баян әйле сен! Жетпей кеткир, бәлент таўдан асыпсаң, Кеўилиң ҳаллас урып суўдай тасыпсаң, Яки бала ақылыңнан сасыпсаң, Бала, мақсетиңди баян әйле, сен! Жетпей кеткир, жудырықтай баласаң, Жақынласам, жанып турған шаласаң, Бир муш урсам сеспей қатып қаласаң, Бул жерлерге не себептен келдиң сен? Жүўернемек, шығып сапар жағыма, Ушырастың жерип жүрген шағыма, Неге кирдиң, қыршын болғыр, бағыма, Бала, әўладысаң қандай пирдиң сен? Қәҳәрленсем бирақ жутып қоярман, Ғәзеп етсем көзлериңди оярман, Яки етлериңе бир-ақ тоярман, Баламысаң яки еримисең ердиң сен?! Ғазап етсем тилла дарға асарман Айтпасаң етиңе тамға басарман, Етиңди жеп, жеригимди басарман— Яки әўлады ма едиң шердиң сен? Тирилей ет кесип алып саныңнан, Маўқымды басайын жалап қаныңнан, Жүўернемек, қорықпай жалғыз жаныңнан, Не себептен бағдан алма тердиң сен? Туттың шақасына атыңды байлап, Қырқ қазан асымды ишипсең жайлап, Келипсең өзиңди өлимге сайлап, Бала, маған көп ақырет бердиң сен. Жалғаншының жабысқыры едиң бе? Қырқ қазан асымның бәрин жедиң бе?!