Жуўапсыз жеп «ийеси жоқ», дедиң бе? Жуўапсыз бағыма неге кирдиң сен? Батыр бала, қандай шаҳдың улысаң, Яки қандай бийдиң қашқан қулысаң, Яки жолдан адасқан бир муңлысаң, Ҳаслы-затыңды бир баян әйле сен? Ҳеш ким кирмейтуғын еди қалама, Қорықпай кирген қыршын сендей бала ма! Бирден урсам бала, жаның қала ма, Келген жумысыңды бала айтқыл сен? Қыршын болғыр, ким көтерер буныңды, Жүўернемек, шығарайын уныңды, Жоқ еткенде ким сорайды қуныңды, Жаның барда тез кейниңе қайтқыл сен! Қимди алым десең оннан бетермен, Ашыўлансам сени пидә етермен, Сөйтип, бала, мурадыма жетермен, Қайтпасаң жат, қыршыныңнан қатқыр сен. Зийўар қайсар ер еди, Әзирейилден айбынбай, Қайтпай шапқан шер еди. Ерлигин оның соннан бил, Көпти қуртқан қуў кемпир, Зәҳәрин жайып жыландай Қаншама сөз айтса да, Қатыўланып, қатланбай, Шамырқанып, шамланбай, Қайсы журттан шыққанын Қайсы ханның елине, Өзиниң ким екенин, Барыўға сапар еткенин, Қәҳәрленген кемпирге, Сонда баян етеди: —Ана, шықтым Хорезмниң елинен, Зернигар журтына пәрўаз әйледим, Он еки күн түспей тулпар белинен, Келип қалаңызға ҳаўаз әйледим. Қышқырсам қалаңнан шықпады саза, Қалаңның халқына келген бе қаза, Ҳаўаз бермеди ҳеш, тутқан ба аза, Оннан соң бағыңа мейил әйледим. Зернигар елинде бир қыз бар, дейип, Бойыма мүнәсип назлы яр, дейип, Шықтым, ана, қорқытпаңыз «дар» дейип. Яр ушын өзимди сейил әйледим. Атам Хорезмде әдил Ҳәсен хан, Айбатынан титирер жер менен аспан. «Қашқыншы» деп қәўип әйлеме анажан, Ҳаслы-затымды мен баян әйледим. Ҳәсен ханның улы, атым—ер Зийўар, Анажан, етпесең сөзимди баўар, Ғазабыма боларсаңыз сазыўар, Сизге мен сөзимди аян әйледим. Зийўар бағың-тағыңызды не қылсын?! Дүнья-малың, алтын-гәўҳар тағысын... Жеген тамағымның алың ҳақысын, Сениң бағы-бостаныңды нәйледим. Анажан, қызбайман мен дүнья-малға... Оманшаның қызы Айнажамалға, Ашықпан; сормаға ләбинде палға, Жанымды жолында пидә әйледим. Сол ўақтында кемпирдиң, Көзи оттай жанады, Қансыз жүзи қубарып, «Туўра келген бәле!» деп, Бежирейип қарады. Арысландай ақырып, Анаў-мынаў адамның, Жүрегин даўысы жарады. Адамды қуртқан қуў кемпир, Даўыллатып келеди. Көк гүркиреп көклемде, Жалтылдап шақмақ шаққандай. Жаўынланып келеди. Бул мәстан кемпирдиң, Бир қиялға кеткенин. Ер Зийўарбек биледи. Шабынып турған Зийўардың, Қолындағы қылышын, Мәстан замат көреди, Ҳасасын жерге урады.— Сол ўақтында ер Зийўар, Кийик сүўрет болады! Көзи ғамға толады. Ақша жүзи солады. Налыс етип аллаға, Зийўар зар-зар жылады. Еси-ақылынан айрылып, Ет бетинен қулады. Арадан азырақ өткен соң, Ақылына келеди, Өзиниң кийик болғанын, Сол ўақта Зийўар биледи. Қуў мәстанның қолынан, Қутылмасын билген соң, «Жаның барда жаныўар, Қуў мәстаннан қутыл!» деп. Атына қарап сөйледи: —Сен, сен едиң мениң еки қанатым Қай жерлерде қалды мениң елатым?! Азайымқан мәстан мени бәнт қылды, Саған да барыўға жоқдур ҳалатым. Енди мени адамлыққа санама, Тегинликте мәрт есинен тана ма?! Мен мәстанға болдым енди гириптар, Барсаң сәлем айтқыл ата-анама. Залым кемпир мени естен тандырды, Кийик етип ишлеримди жандырды. Мәстанға гириптар болма, жаныўар, Жәдиў кемпир мени алдап жандырды. Ойын етсе қуў мәстаннан утылма, Жаның барда мәстанға сен тутылма, Жаның болса шайнап үзип жибиңди, Есабын тап, мәстаннан тез қутыл да. Айрылдың сен минип келген баладан, Жаның барда қарғып шық тез қаладан, Жаныўар, мәстанға болсаң гириптар, Мендей болып қутылмассаң наладан. Жалғанаңнан, кекилиңнен жаныўар, Қуў мәстанға бола көрме сазыўар. Сен шықсаң қаладан мен де шығарман, Керек болсаң табысарсаң ийеңе. Буны еситип көк тулпар, Көзиниң жасын төгеди, Қулақларын жымыйтып, Төрт аяғын бүгеди. Шайнап қыйып шылбырын, Қос қанатын қомлады. Әне-мине дегенше, Кийик болған Зийўардың, Көзинен ғайып болады. Қарғып өтип қаладан, Бийик таўдың басына, Барып бир-ақ қонады. Көзин ашып қуў мәстан. Жан-жағына қарады.