Байлаўда турған тулпардың, Қаладан ушып шыққанын, Қуў мәстан билмей қалады. «Сеннен болған бәле!» деп, Зийўарға ғазеп қылады, Жолбарыстай ақырып, Әрўақларын шақырып, Түпиринип қақырып, Өз-өзине бақырып, Зийўарға заўал салады. Балаға дем урады. Сол ўақтында ер Зийўар, Тилсиз қатып қалады, Қулағы жоқ, тили жоқ, Жағал кийик болады. Кийик болған Зийўардың, Иши оттай қайнады, Ҳәр түрли қыял ойлады. Мәстан кемпир кеткен соң, Бағы-ҳәремнен шығады, «Бул жерде жүрсем сумм кемпир, Және бир бәле қылар деп»,— Бийик таўға минеди. Жан жолдасы көк тулпар, Оған қарап жүреди. Бағдан әстен шығыўдан, Қасына киснеп келеди. Түймедей басын көтерип, Танаўлары елпилдеп, Зийўарды ийискелейди. Ақыллы еди көк тулпар, Таўда жүрген кийиктиң, Кийик емес ол жаныўар, Хорезмниң елинен, Минип келген жолдасы, Ҳәсен ханның баласы, Зийўар екенин биледи. Кийиктиң қалмай изинен, Бир-бирине ес болып, Таўдан түсип келеди. Сол ўақлары болғанда, Күн батып қас қарайды; Кийик болған Зийўарға, Кең дүнья енди тарайды. Бир мерген шықса алдынан... Қуралы жоқ қолында, Атлы қуўса изинен, Не мүшкилге жарайды?! Тәўекел етип ҳәр иске, Жан-жағына қарайды, Желкилдеген жуўсанның, Ийиси аңқып барады. Көк майсаның үстинде, Кийик бара аўнады. Бас ушында көк аты, Қараўыл болып турады. Майсада жатып ер Зийўар, Сөйлерине тили жоқ, Муң-мүтәжин айтыўға, Жақын жерде ели жоқ. Көк майсаның үстинде, Бурынғы өткен күнлери Жүрегине түседи. Өткенди ойға түсирип, Кийик болған ер Зийўар, Ишинен сонда толғады: Жаздың ыссы күнинде, Сегиз қанат ақ орда, Жез шийлерин түрдирип, Ақ отаўдың төрине, Қамқа төсек салдырып, Елден сайлап қасыма, Жақсы қызды алдырып, Күн қызарып батқан соң, Сол төсекте жатқан соң, Ойын салып қыз бенен, Мийрим әбден қанған соң, Таң уйқының ўақтында, Сыйыр саўар болғанша, Түн уйқымды бөлмедим. Алтын табаққа бал салып, Дәмин татып тамсанып, Бир күнинде бес ирет, Чай ишсем де шөлледим. Тарлық көрмей дүньядан, Сол кеңликти тәрик етип, Бир яр таўып алғанша, Айнымас туўры шәрт етип, Жалаң аяқ жар кешип, Қызыл аяқ қыр кешип, Күнлердиң күни болғанда, Зернигардың жолында, Ақ суңқардай желлеттим. Ат жалын тартып минген соң, Атымды халық билген соң, Қарсыласқан душпаннан, Қайтпайтуғын бенде едим. Я пайманам толған ба, Қызыл гүлим солған ба, Пайтақ елден бездирип, Аяғымнан тоздырып, Сергизданға түсирип, Дағыстанды гездирип, Баўырымды ездирип, Бул бәлеге ушыратып, Я яратқан, яратқан, Қарғаған бендең менбедим? Айбатлы мендей ериңди, Жолықтырдың мәстанға, Кийик етип қуў мәстан, Салды маған қысымды, Аяқ-қолымды лал қылып, Герең қылып қулақты, Тилимди әбден гүң қылып. Жатқан жеримнен қозғатып, Ата-анадан айырып. Боталы нардай бозлатып, Жетим қозыдай маңыратып, Дағыстанды жаңыратып, Себеп пенен қудайым, Дағыстанға ысырдың. Хорезмниң елаты, Халық па еди қайырсыз, Қалмақ шаўып халықты, Тақта хан келип қол салған?: Соныңдай залымды, Қуўып барып елине, Тилла дарға астырған, Ер Зийўардай батырды, Кийик етти қуў кемпир! Ели-журтымнан қол жуўып, Қосынан қашқан қояндай. Бир басымды паналап, Қонбаған тоғай қоймадым. Ҳәмелдиң айы болғанда, Абылайсаң жаўыны, Нөсер болып қуйғанда, Төббелеме толғанда, Мәкән етип булманда, Таўдың басын жайладым. Көк-көмбек жуўсаң шайыға, Ҳайран болдым, жайылдым. Қанатымнан қайрылып, Туяғымнан майрылып. Жатырман тасқа тығылып, Жүрегим аштан сығылып, Уйқыласам түске кирмеген Көрмегенлерди мен көрдим. Өткизди көз алдынан, Патшалық болған саў күнди, Зарлаў менен өткерди. Кийик болған сол түнди. Бурынғы өткен күнлерин, Саҳрада еске түсирип, Аты менен қосылып, Зарланып жылап жатады, Жаздың қысқа таңы да, Қыйынлық пенен атады. Таң жулдызы серпилип, Шашырап қүн шығады. Жазғы күн қандай жағымлы! Әлемге нурын шашады. Кийик пенен көк аттың, Жол, шуғла зейнин ашады, Ағып атырған қулдырап, Булақтан суў ишеди. Гүзар жолға түседи, Тулпар менен кийиктиң, Жортып жоны қызады. Гаҳи кийик озады, Гаҳи тулпар озады, Кийик пенен көк тулпар, Ойнап таўдың басында, Ҳеш адам жоқ қасында, Гә жортып, гә шаўып, Екеўи шағлап йошады. Қулақлары сылпылдап, Кийик жолда болдырды, Адамнан зыят көк тулпар, Төрт аяғын бүгеди, Түйедей болып шөгеди. Кийиктиң болдырғанына, Көзден жасын төгеди. Болдырған досты, кийикти, Арқасына миндирип, Арандай аўзын ашады, Таўға алып қашады, Бир неше таўдан асады, Аспан менен таласқан, Және бир таўға шығады. Қос қанатын қағады, Кийик минген көк тулпар, Жулдыздай болып ағады. Көзди ашып жумғанша, Ескен даўыл тынғанша, Ашқан аўызды жумғанша, Бәлент таўдың баўырына, Көк тулпар барып түседи. Үстиндеги ол кийик, Қарғып түсти тулпардан. Қарсы алдына қараса: Шәменли гүллер ашылған, Бүлбиллери сайраған, Қырмызы гүллер жайнаған!