Қырмызы гүлдиң жапырағы Самал менен шайқалған, Ҳәреми бағ-бақшалы, Бағыстанға келеди. Дийўал менен шәменниң, Әтирапы қоршалған. Ол дийўалдың үстине, Шеңгелден ҳәрем қойылған. Ол ҳәремниң ишине, Киретуғын есик жоқ: Қуслар ушып өтпесе, Тышқан да кирер тесик жоқ! Кийик бағды айланса. Бағы-ҳәремниң сыртында, Үлкен жапты көреди. Жағалап жапты жүреди, Бир жеринде бақшаның, Бағқа суў апаратуғын, Бир тоғыртқа бар екен. Үңилип оған қараса, Өңири күтә тар екен. Не де болса жаныўар, Бағ ишине кириўге, Сайран етип жүриўге, Бағ ишинде нелер бар?— Көзи менен көриўге, Бағдан мийўе териўге, Кийик қумар етеди. Нешше күн тамақ жемеген, Бели нәзик, қынайған, Ас ишпеген аш кийик, Жан-жағына қаранып, Қаршығадай таранып, Қуўыршақтай болып қунтыйып, Жыландай болып сымпыйып, Қулақларын қайырып, Көкирегин айырып, Өзин шотлап туўралап, Тоғыртқаға урады. Жары ортаға барғанда, Яки арман кете алмай, Яки берман жете алмай, Тоғыртқадан өте алмай, Алдынғы еки туяғын, Алдына қарап созады, Кейинги еки аяғын, Арт жағына созады. Басын төмен буғады, Еки көзин жумады. Оқ жыландай жылысып, Өлдим-талдым дегенде, Тоғыртқаның аўзынан, Кийик зорға шығады. Дүр-дүр қағып силкинип, Дөгерегине көз салып, «Ким бар, ким жоқ екен? -деп, Шәменли бағдың әтирапын, Кийик барлап биледи. Жүриңкиреп алдына, Жан-жағына қараса, Қызыл алма қызарып, Сабағынан үзилген; Ақ алмалар сарғайып, Әбден писип жетилген; Бадам, әнжир, жүзимлер, Писип жерге төгилген... Жерге түскен жемисти, Тойғанынша терип жеп, Жүрсе кийик сайранлап, Алтын тахттың үстинде, Алтын жыға басында. Қырқ кәнизи қасында, Отыр еди бир сулыў. Бағқа кирип жемистиң, Түскенлерин терип жеп, Мәс болып жүрген кийикке, Отыр еди қараңлап, Қасындағы қырқ кызы Жүр еди бағдың ишинде, Алма атып жайраңлап. Бағқа кирип мийўе жеп, Жүрген жалғыз кийикти, Ханшайымның алдына, Қуўып келди тайраңлап. Көп қызлардың ишинде Жаўырынлары қақпақтай, Билеклери тоқпақтай, Бурымлары бир қушақ, Мурыны бар пышақтай, Танаўлары шапшақтай, Кулағының көлеми, Журтта қалған ошақтай. Еки бети қайрақтай, Сөйлеген сөзи шақмақтай, Бет ажарын айтсаң, Қумдағы сары сақсақтай, Бир кәнизи бар еди. Кийиктиң бағқа киргенин, Бағ ишинде жүргенин, Бағдан мийўе тергенин, Бағда ойнап жүргенин, Кийикти қалай көргенин, Бастан ол баян етеди: - Қулақ салың ханшайым, Мениң айтқан сөзиме, Қызлар менен көшкиден, Шығып едим сайранлап— Жүзимлерди ойранлап, Жүрген кийик көринди, Бағ ишинде көзиме. Қуўып кеттим кийикти! Ҳәзир мынаў турыпты... Сол ўақтында ханшайым, Қыздың сөзин тыңлаған, Шәңкилдеген сөзлери, Шекесинен жыңлаған. Шул кийиктиң бул бағқа, Тоғыртқадан киргенин, Сонда ханым аңлаған. Ханым айтқан сөзлерден, Еситкен ғәрип кийиктиң, Жүреклери суўлаған: —Қетип қалар бул жерде көп турсаңыз, Қырқ қыздың бийлиги сизге тийисти, Қалай қылсаңыз да барып услаңыз, Услап мунда тез алып кел, Суўсыма! Бағқа руқсатсыз кирген кийикти, Услап тезирек алып келиң, Суўсыма! Жан тиймеген жемислерге тийипти, Гүнакар кийикти әкел, Суўсыма! Кирген ҳайўанды болса жаныңыз, Барып ҳийле менен услап алыңыз, Қашпасын, мойнына буғаў салыңыз, Жазым етпей тез алып кел, Суўсыма! Бир туттың түбинен ошақ ойыңыз, Екеў-ара ўаззаҳаны қурыңыз. Алып барып бул кийикти сойыңыз, Буйрығымды бежер барып, Суўсыма! Егер услап алып келсең кийикти, Онда сизиң мәртебеңиз бийикти, Қырқ қыздың бийлиги сизге тийисти, Соның ушын тезирек бар, Суўсыма! —Әжеп болар, ханым,—деп, —Сизиң ушын тасаддық, Болсын әзиз жаным,—деп, Ўайрақлап жуўырып кетеди, Бағда жүрген қыдырып, Қырқ қыз бенен қырқ канизге, Суўсыма жылдам жетеди, Ханшайымның буйрығын, Қызларға баян етеди: —Сайран етип жүрген сенсең, Арзайым, Сизлерге жиберди мени ханшайым, «Басқа қыздан аяқ-қолың жеңил» деп, Хызмет буйырады маған ҳәрдайым. Ҳарам өлгир кийик бағқа кирипти, Көзге сүрме бағдан мийўе терипти, Жемисти жеп, жаўлан урып жүргенин, Көшкинде отырып ханым көрипти. «Суўсыма, сен бийкелерге бар», деди; «Егер аман кетсе, бизге намыс-ар», деди; «Қалай болса да кийикти қутқармай, Услап әкелегөр тезирек», деди. Усы еди шоршынғаны жанымның, Қысылып шыққаны сыртқа қанымның, Жүриң, қызлар, кийикти услап алайық, Тапсырмасы орынлансын ханымның? Кийикти усламай барсақ бүлдирер, Услап барсақ инам берип, күлдирер, Егер орынламай барсақ буйрығын, Сексен бийке—ҳәммемизди өлтирер! Ханшайымның қызыл жүзи қубарып, Кийиктиң етине ҳәўес болыпты, Ханшайым нақ он сегизге толыпты, Қазан урған қызыл гүлдей солыпты. Ети қызыў, аўырыў болған демекши, Кийик етин кабап етип жемекши, Кәбаптан ҳәўеси басыла қойса, Онда бизлерге раҳымет демекши. «Жериктиң» жағдайын билесиз сизлер, Онда оның емин табыўшы бизлер, Кийикти қашырмай услап алайық, Жүриңизлер қырқ қыз бенен қанизлер? Суўсыманың бул сөзин Қырқ қыз бенен қырқ кәниз, Бәршеси мақул көреди. Геўишин таслап көп қызлар, Жалаң аяқланады. Он қыз кетип алдына, Он қыз шықты артына, Он кәниз шықты оң жаққа, Он кәниз шықты сол жаққа, Қол усласып көп қызлар, Бир кийикти қашырмай, Дәрҳал услап алады. Суўмаңлаған Суўсыма, Ол кийиктиң мойнына, Айдыллысын салады. Қырқ қыз бенен қырқ кәниз, Ҳәр ким бир таяқ урады. Таяқ жеген кийиктиң, Көзи кетти алақлап, Оннан сайын кийикти, Иши қызған бийкелер, Ура берди таяқлап, Таяқтан кийик болдырды. Қызыл тилин салақлатып, Алып барды ханымға, Бенде болған кийикти, Тазыларындай қәлпениң, Сексен бийке жалақлап, Кийикти услап келгенин, Ханымға баян қылады, Суўсыма келип алақлап: —Ғурыжлансаң қүдиретлисең, ханшайым, Орынланды бизге еткен ҳәмириң. Ҳеш бир нәрседен жоқ мениң пәрўайым, Қәлесең, кийиктиң басын кемириң.