Сиз—ханшайым, бизлер—сизге хызметкер, Не буйырсаң хызметкерлер «Мақул», дер, Ханымың буйрығын орынламаған, Өз ўақтында хызметкери қайғы жер. Тилсим менен бостаныңды орадың, Патша болып дәўперини сорадың, Сен буйырдың, бизлер дәрҳал бежердик, Орынланды ойыңдағы мурадың. Шашың қара, барқ урады жүзиңде, Ханым, орынланды айтқан сөзиң де, «Әкел!» деген кийигиңди әкелдим, Не қылсаңыз ықтыярың өзиңде. Ҳәмириңди тутты хызметкериңиз, Сизиң де тарқайды қайғы-шериңиз, «Атымды ата, сыбағамды ийтке сал,» Деген ханым, бизге инам бериңиз. «Сой»десеңиз, кийикти ҳәзир соямыз, «Ой» десеңиз, еки көзин оямыз. «Өлтирмеңиз жаныўарды» десеңиз, Онда туқымлыққа сақлап қоямыз. «Кәбап ет» десеңиз – иске тартылар, «Ас» десеңиз—заматында асылар, Жемисиңди жеген кийиктиң етин, Бир жесеңиз хәўесиңиз басылар. Әўелинде Суўсыма. Ҳаўлығып қалған бийшара, Айтар сөзин таппады, Айта берди ҳәр сөзди, Сонда да аўзын жаппады. Аўзын жаўып не қылсын, Ханшайымның буйрығын, Орынлап шыққан Суўсыма, Жеген дузын ақлады. Ҳаўлықса да әўели, Ети қызып алған соң, Сүйреңлеп тили шыққан соң, Бир сөзиниң кейнине, Және бир сөз тақлады: —Кийикти услап әкелдим, Ханым саўға бериң? — деп; —Туқымлыққа қойсаңыз, Тарқатылар шериң, — деп; —Яки кабап етсеңиз, Тезирек иске тартылар. Келсе сорпа ишкиңиз, Онда шаққан асылар. Етин жесең кийиктиң. «Желигиң» жылдам басылар. Сизиң быйыл жасыңыз, Он сегизден асты,—деп; —Түнде қызып денеңиз. Муҳаббатың тасты, — деп; —Жигирма жасқа шыққанша, Бир ғошшақты таппасаң, Өткердиң бийкар жасты,—деп; Патшалықтан пайда не? Алымлықтан пайда не? Таппасаң жерден асты,—деп; — Бир жақсыға қосылып, Қәдирлемесең басты, — деп; Муҳабатты билмеген. Жети атаңыз насты,—деп, Суўмаңлаған Суўсыма, Сөзин айтып мысаллап, Ханшайымды баплады. Тапсырмасын бежерген, Қызларға инам бермеди, Суўсыманның сөзлери, Ханшаға мәгар жақпады. Суўсыманы ханшайым, Жиберерде кийикке, Айтқан сөзинен шықпады, Сөз қайымға келген соң, Суўсыма қорқып, буқпады. Жулынына тийгизип, Қанша отырып айтса да, Ханшайымға жуқпады. Ханымның билип ыңғайын, Билген соң барлық жағдайын. Суўсыма тезирек тоқтады. Сонда турып ханшайым: —Ҳаў Суўсыма, Суўсыма, Услап келген кийикти, Өзиң ғана сой, — деди; —Баслап келген бағыма, Еки көзин ой, — деди; —Өкпеси, ишек-қарнын, Көмип жеп, өзиң той,—деди; —Баўыры менен жүрегин, Бүлкилдеген бүйрегин, Маған сақап қой, — деди; —Айналасынан кийиктиң, Басқа қызларды қуў, — деди; —Қанын сойып тазалап, Өз қолың менен жуў, — деди; —Жүрек, баўыр, бүйрегин, Кәбап етип писирип, Маған әкелип бер, — деди; —Қалған етин асыңыз, Қырқ қыз бенен қырқ кәниз, Таласып бәри жер,—деди; —Тарқатарсыз шер,— деди. —Әжеп болар ханым, — деп, Жалақлатып пышағын, Суўсыма қолға алады. Еки кәнизди шақырып, Кийикке жақын барады, Төрт аяғын топ қылып, Беккем етип байлады, Өлерин кийик билген соң, Ишин суўық жайлады. Сол ўақытта Суўсыма, Пышағын алып қолына, Қадалғанда шалмаға, Нәзер етип қараса, Адам сүўрет көринди! Кийиктиң көрип жүзлерин, Адамзатқа усатты, Ашып көрип көзлерин, Пышағын тартып алады. «Илая тасқа шапқыр!» —деп, Қынапқа қайтып салады. Орнынан қарғып турады, Ғәрип болған кийикти Көзи менен жүзлерин, Адамзатқа усатып, Ханымға баян қылады. С у ў с ы м а: —Суўсымаңның арзасы бар, ханшайым, Бул кийикти адамзатқа мегзеттим, Саған мәлим, жаным, мениң ҳал-жайым, Жаныўарды адамзатқа мегзеттим. Асығып ханым-аў ҳәўес асыңа, Жетип бардым ол кийиктиң қасына, Қарап турып көзден аққан жасына, Жаныўарды адамзатқа мегзеттим. Ол кийиктиң аяқ-қолын жыйнадым, Шалайын деп жаныўарды қыйнадым, Көзин көрип өлтирмеге қыймадым, Кийикти мен адамзатқа мегзеттим. «Шалайын» деп қаўсырғанымда жақты, «Жаныўардың көзлеринен қан ақты, «Қара болмасын» деп ханымның бахты», Алдыңызға келип ханым арыз еттим. Пышақты алғаннан қәўметин бүкти, Шалайын дегеннен көзден қан төкти, Арқаламайын мен бул аўыр жүкти, Бул кийикти адамзатқа мегзеттим. Көзлеринен аққан жасы мүсиндей, Түслери тап адамзаттың түсиндей, Кийик болғанына турман түсинбей, Соның ушын сизге келип арыз еттим. Жүзлерин көргенде гүл-гүл жайнайды, Тили жоқ, ишлери ғыж-ғыж қайнайды, Ким де болса өлтириўге қыймайды, Минез-қулқын адамзатқа мегзеттим. Адам болып қызыл гүли солмасын, Қәпелимде пайманасы толмасын, Дуўайыбент адамзат болмасын, Нағыз өзин адамзатқа мегзеттим. Адамзаттай нур бар еки көзинде, Адамгерлик мираўат бар жүзинде, Өлтир я өлтирме еркиң өзиңде, Мениң өзим адамзатқа мегзеттим. Адам болса аяқ-қолын шешиңиз, Өлтирмей бир қасық қанын кешиңиз, Дуўайыбент болған адамзат шығар, Адам гөши болмасын кийик етиңиз. Ара шөлде атын жортып желгенди, Рухсатысыз бағына киргенди, Қырқ қазаннан тойып тамақ жегенди, Терис қайтқан мениң анам дуўалар. Батыр болса ҳасыллыққа кеткенди, Сөйтип анам буны кийик еткенде, «Мәстанның қолынан қутылайын», деп, Келип, бизиң бағымызға жеткенди. Ол жоллардан саўдагер көп өтеди, Саўдагердиң жолын анам күтеди, Қызығып кәрўанның дүнья-малына, Анам адамларды кийик етеди. Анамның жоқ ҳаслы, намысы ары... Кәр етпейди жанның еңиреген зары, Кийик етип дүнья-малын алады, Бул — мәстан анаңнын кәсиби кәри. 3 а ў р и я: —Көп оқыған азайымның дуўасын! Қабыл етпей, кәрўанлардың көз жасын, Нешшелерди кийик етип жиберип, Мөминлердиң арқалаған гүнасын. Ким биледи, түйе баққан сәрўанды?