Ким биледи, түйе тартқан кәрўанды? Ким биледи, Хорезмге хан болып, Заманында шағлап, дәўран сүргенди? Ким биледи, журттан асқан палўанды? Ким биледи, қай журтқа қылған жаўланды... Мен де сорлы едим «яр» деп жылаған, Ким билсин, көз жасым қабыл болғанды... Көз жасымды қабыл әйлеп қудайым, Даңқымды еситип бағқа киргенди, Сынамаққа бағдан жемис тергенди, Кийикти ғайыптан қүдирет бергенди. Қурдасларым, қабыл болғай көз жасым, Кийикти көргенше кетти ықласым, Жүрегим ҳалласлап соғып барады, Жүрегиме батпай уртлаған асым. «Яр» деп өртенбеген жерим қалды ма! Алла көз жасыма нәзер салды ма? Ким биледи, адам шығар бул кийик, Урмай-соқпай алып келиң алдыма. Жақсы липас кийип белди қынайын, Кийикти өз көзим менен сынайын, Ҳайўанбекен, адамбекен, айырып, Не болса да оннан кейин тынайын. Деген ўақта Суўсыма, Қырықпа тайдай қунтыйып Қулақлары жымпыйып. Майға түскен тышқандай, Кийикке барды сымпыйып. Топ болып жатқан кийиктиң. Аяқларын шешеди. Орынынан турғызып, Алдына пал қояды, Палды кийик ишеди. Суўсыма желдей еседи, Ханшайымның алдына, Кийикти алып келеди. Қуштар болған ханшайым, Кийикти барлап көреди, Кийик емес, ким билсин, Патшазада турмекен? Кийик болса бул неге, Адамзаттан қашпайды? Бағқа неге киреди? Бул бағлардың ишинде, Адам барын биледи... Үйир көрип адамды, Кийик болса ҳақыйқат, Адамға неге келеди? Кийик болса бул неге, Адамды душпан демейди? Жерге түскен жемистиң, Жаманын неге жемейди? —Ҳай, Суўсыма, Суўсыма, Шардараға барыңыз, Шардараның астына, Кеңнен төсек салыңыз. Бир жағынан шөп төсең, Ортасына төсектиң, Дәстурханды жайыңыз, Түрли тамақ қойыңыз. Шөп төсеген жағына, Пәшек пенен шайлардан, Жантақ пенен ақбастан, Селеў менен жуўсаннан, Номай етип қойыңыз. Соннан кейин Суўсыма, Шардараның ишине, Кийикти жекке жибериң, Азған болса адамнан, Жан-жаққа да қарамас, Селеўге де қарамас, Жуўсаңға да қарамас. Адам болса бул кийик, Ақ төсектиң үстине, Бара аўнар бул кийик. Адамзат, өйткени, Ҳәзликти жақсы көреди, Кийик болса—ҳайўан ол, Қанша ҳүрмет етсең де, Иззетти ҳеш билмейди, Шөптиң-шардың басын жеп, Аўқат етип жүреди. Адамзаттың белгиси, Шөп төсекте жатпайды, Қус төсекте жатады, Шөпти-шарды татпайды, Мың түрли жемис қойсаң да, Әўеле палдан татар ол. Ҳайўан болса қайғысыз, Шөп төсекте жатар ол. Усыны бил Суўсыма, Тапсырмам мениң саған сол, —Мынаў сөзиң ақыл,—деп, Шардараға барады, Ғалы гилем жаяды, Ол гилемниң үстине, Ақ текиймет төседи, Текийметтиң үстинен, Мамық төсек салады, Ҳәр жағына мамықтан, Жуптан көпшик қояды, Қус төсектин алдына, Ушығадан торлаған, Кең дәстурхан жаяды; Бир жағында—алма бар, Бир жағында—әнжир бар, Бир жағында—бадам бар. Бир жағында—писте бар; Бир табаққа—палаўдан, Бир табаққа—қуўырдақ, Бир табаққа—кәбаптан, Бир табаққа—семиз ет, Бир табаққа—сорпадан... Түр-түринен қояды. Жемиске кийик тояды, Жемистен мийри қанған соң, Шардараның астында, Мамық төсек үстинде, Уйқыға мейил болады. Қарап турған ханшайым, Бенде болған кийиктиң, Кийик емесин биледи. Секирип түсип тахтынан, Жуўырып-жортып ханшайым, Шардараға келеди. Азайымлық дуўасын, Қап таўының астында, Жети жыл жатып оқыған, Перилерди бәнт етип, Көкирегине тоқыған, Азайымлық ислерин, Ол мәстаннан арттырған. «Мәстанның бул қылығын, Көрмейин мен сирә», деп, Қырқ қыз алып қасына, Қала салып, бағ егип, Өзинше шетте ҳәз етип, Мәстаннан бөлек отырған. Бир қысым топырақ алып, Үш мәртебе дем салып, Қарсы турған кийиктиң, Маңлайына шашады. Кийик еткен мәстанның, Әрўақлары қашады. Алдында турған ол кийик, Түшкирип, дүр-дүр қағынып, Адам суўрет болады... Жамалына жигиттиң, Қыздың кеўили толады. Кийик болған Зийўарға, Заўрия ашық болады. Ашықлығын билдирип, Жилўа етип, наз етип, Алдында ойнап турады, Ер Зийўардан Заўрия, Ҳаслы затын сорады: Қ ы з: - Сыйпайсаң жаңа тап берген муртыңды, Сөйтип қоздырдың сен мениң қуртымды... Жөн сорасыў бурынғыдан қалған жол, Маған баян әйле ели-журтыңды? Ж и г и т: —Маҳитабан яңлы мениң гүл жүзим, Ҳәсеншаның әўладыман мен өзим, Ҳаслымды мен сизге баян әйлейин, Журтымды сорасаң мениң Хорезм. Қ ы з: —Баян еттиң, бала, ҳаслы-затыңды, Оқып көрдим пешанаңда хатыңды, Атаңыздың аты болса Ҳәсен хан, Бала, баян әйле өзиң атыңды? Ж и г и т: —Душпанды қәҳриме болған сазыўар, Бар еди астымда тулпарым қуўар, Қуда боласаң ба сорап атымды?