Атымды сорасаң мениң—ер Зийўар. Қ ы з: —Бала, түсиндиң бе мениң ойыма, Бойыңды мүнәсип көрдим бойыма, Маған ылайық ғошшақ жигит екенсең, Жолың түсип келгенсеңди тойыма. Ж и г и т: —Гөззалға мүнәсип мениң бойым бар, Бирақ сеннен басқа бөлек ойым бар, Саўалыңыз болса сора еглеме, Қыстаў баратырған қызық тойым бар. Қ ы з: —Бала, қоя турғыл қыстаў тойыңды! Басқа жаққа аўдармаңыз ойыңды, Хорезм журтынан келген ғош жигит, Ашық болдым көрип сәрўи бойыңды. Ж и г и т: —Ҳазан урмай ғуншалы гүл солмайды, Ханның кеўли қарашаға толмайды, Гөззал, меннен қиялыңды кетиргил, Зернигарға тез жетпесем болмайды. Қ ы з: —Билегиңди салып алда мойныма, Мийриң қансын перийзаттың ойнына, Бағыма кир, азырақ арам алып кет, Кирип жәннет яңлы мениң қойныма. Ж и г и т: —Жамалын көрмеге болып интизар, Мәстан анаңызға болдым гириптар, Не қылайын қойныңды, жәннетти?! Зернигар журтында ашық ярым бар. Қ ы з: —Ашығыңды қойып мени алмасаң, Ақ мойныма билегиңди салмасаң, Анам кийик етсе, мен ийт етемен, Зийўар, мени ҳаяллыққа алмасаң! Ж и г и т: —Алла бағымды ашса қулпы дөнемен, Әжел жетсе лаўлап оттай сөнемен, Не болса да ашығымның жолында, Алла басқа салған иске көнемен. Қ ы з: —«Ашығым», деп ара шөлде қыстанба, Ашығыңыз перийзат па, инсан ба? Зернигарды, ашығыңды баян ет, Күн көрсетпей жер астында бақсаң да! Жигит: —Сөйлегенде сөзи шийрин, ләби пал, Ақ жүзине жарасады қоша қал, Зернигарда ашығымды сорасаң, Оманшаның қызы, аты—Айнажамал. Қ ы з: — Айнажамал болар Гоҳибулырда, «Барып қызды аламан», деп урынба, Әтирапын тилсим менен бәнт еткен, Барсаң, бәнт боласаң қыздың торында. Жигит: —Қазам жетсе қызыл гүлдей солайын, Алла бахтымды ашса тасып-толайын, Излеп барып ашығымның журтында, Яр бәнт етсе торында бәнт болайын. Қ ы з: —Дәўлерди бәнт етип қойған жолында, Аждарҳа дем шеккен оңы-солында, Барып алалмайсаң Айнажамалды, Барған менен бәнт боласаң қолында. Ж и г и т: —Ашықлардың бул дүньяда баўыры қан, Жол табалмай болдым шөллерде сарсаң, Қийик болдым сол анаңның қолында, Яр жолында менде жоқты ҳеш әрман. Қ ы з: —Бағларыңды бүлдиреди Мурғызар, Оянады уйқылап жатқан залымлар, Тутып алса сени дәўи, периси, Болма, батыр, залымларға гириптар. Ж и г и т: —Саўаш күни қылышымнан ағар қан, Әжел жетпей тәннен шықпас шыбын жан, Тутып алса мени дәўи, периси, Яр жолында өлген мәртте не әрман?! Қ ы з: —Араладым Ҳәсер таўдың тасыны, Алған екен ондай шайтан ҳушыңды, Ҳәлек боласаң батыр қалаға барсаң, Дәў периси кәбап етер гөшиңди. Ж и г и т: —Қулақ салғыл, Заўриядай перийзат, Шын ашықлар ҳеш болмайды биймурат, Меи интизар Айнажамал арыўға, Нәсияттың бизге болар бул күн дәрт. Қ ы з: — Есит Зийўар мениң айтқан дадымды, Сорамаспысаң ләпте шекер-қантымды... Ашық қушағыма қайрылмай кетсең, Умытпаспан сениң берген пәнтиңди!!! Ж и г и т: —Атым Зийўар, өзим палўан батырман, Қаймықпаспан сендей ғәлет қатыннан! Қолдан келсе кескил мениң басымды, Мен өлейин сол ярымның артынан. Қ ы з: —Қиялмайын саған айттым нәсият, Ашықлықтан жүрегимде жанар от. «Бир пери», деп кеше бердиң жаныңнан, Қәҳәрленсем мен саларман саған дәрт. Ж и г и т: —Душпан титирер мениң Зийўар атымнан, Қоллар салдым ҳәр палўанның бәнтинен, Айнажамал қызды көрмей жаҳанда, Мен сүймеспен басқа ләби-қантынан. Қ ы з: —Анамның қолынан әйледим азат, Меннен жақсы емес онда перийзат, Сал мойныма ақ арыстай билегиң, Бул дүньяның қызығын көр, адамзат. Ж и г и т: —Ҳәй, Заўрия қулағың сал зарыма, (Айнажамал қызды қушсам баўырыма!) Тыңламайман айтқанныңды бәри бир, Наҳақ қалма мендей мәрттиң қанына. Қ ы з: —Ашықпан, сөзлерим бар саған минәй, Менде бардур алтын, гүмис, ақ сарай, Жилўа менен киргил мениң қойыныма, Өлмек те адамға емести оңай. Ж и г и т: —Сен ҳәм жанан, ақ жүзиңде барды қал, Баўырың тилип, маған болма интизар, Қолыңнан тутпаспан жақты дүньяда, Қойныма кирмейинше сол Айнажамал. Қ ы з: - Дүньяда ашықтың ўәдеси жалған, Анам кийик қылса,—қыламан ҳайўан, Қайтармағыл гүлдей болған кеўлимди, Бир ақшам сүрейик еккимиз дәўран? Ж и г и т: —Мен билермен ашықлықты—жаман дәрт... Ақ сийнеңе жарасады тилла бәнт, Тағамсаң сен шийрин сәўбет қурғанда, Тилим алсаң таң атқанша арман жат. Қ ы з: —Мойынымда алтын ҳәйкел-тумарым, «Сендей мәрт», деп пидә болды бул жаным, Ләптен тислеп, тилден сормай палыңды, Бул Заўрияң бос жибермес дийдарың. Ж и г и т: —Атым Зийўар мәңги дүньяда сәрбар, Сендей қызға мен емеспен миясар, Бул дүньяда ашықлықтан әрман жоқ, Өзиме урарман қайғылы қанжар. Қыз: —Атымдур Заўрия дүньяда жанан, Адамына шийрин болар жалғыз жан, Ақ билегим енди салдым мойныңа, Еки ашық өлсе жоқты ҳеш әрман. Ж и г и т: —Батырман питкенди маған күш-ғайрат, Мен өлсем басыңа болар көп мийнет Ыразыман енди сениң өзиңе, Қазама қалмайжақ болсаң ары кет. Қ ы з: Қеўилиме келипти бир бөлек гүман, Көзлерим сарғайды қурып ҳәл-дәрман, Ур қолыңды қылдай болған белиме, Баўырыңа кирип өлсем жоқ әрман. Қыз тыңламай ғош жигиттиң тилини, Жан алып солдырды қызыл жүзини, Аямайын батыр туўған ер Зийўар, Урды қанжар қәҳәрленип өзине. Сонда қыз көзин жаслап, жигиттиң билегинен услады. Бир өзиниң күши жетпей, қара баўыры қан болып, жигиттиң шыннан өлерин билди. Жаҳан деген канизеги бар еди, Заўрия Зийўарды өлимге қыймай, оған бир-еки аўыз сөз айтады: 3 а ў р и я: Кел қасыма енди мениң Жаҳанжан, Ашықлық жолында болды баўырым қан, Мен көргенмен ғош жигиттиң ўәдесин, Төсеклерден ақты бүгин қызыл қан. Зийўар өз жанына қылып тур қәҳәр, Зәҳәрге дөнгенди ишкен шекер-пал. Қүдиретим жетпес батыр палўанға, Жаҳан жери, әтирап-дашқа хабар сал. Тыңламады Зийўар айтқан зарымды, Төсек толды тәннен аққан қанына, Ырас екен мәрт жигиттиң ўәдеси, Жаҳан пери, тезирек бар жанына! Турды орнынан сол ўақытта қыз Жаҳан, Сыйқыр урды, титиреди жер-аспан, Таяр болып Заўрияның қызлары Келип ер Зийўардың тутты қолынан. Енди Жаҳанның Зийўарға айтқан сөзин еситиң: —Ҳәй, палўаным, Зийўар атлы салтанат, Ғапыл болды сырың билмей перийзат, Тәниңнен тарт мениң ушын қанжарды, Сен өлсең бизлерге қалар жаман ат.