Ҳасыл болар ер жигиттиң мурады— Көп узамай шәни-шәўкет қурады, Қапалан ба, елжирет пе кеўлиңди, Хорезмли Ҳәсен ханның зүрияты. Атымды айтады, мен қызбан Жаҳан, Сен өлсең қуўанар есапсыз душпан, Питкерейик кеўилиңдеги мақсетиң, Қанжарыңды тарт жүректен Зийўаржан? Бул гәплерди еситип, Зийўар атлы батыр ер, Қанжарды тартып алғанда— Еки бармақ терисин, Жүрегине тийдирмей, Сыйырып түсти ол қанжар. Шар тәрепке қырқ қыз, «Қарағым» деп жуўырды, Ҳасыл-ҳасыл гүллерден, Қызлар терип алады, Ол қанжардың орнына, «Ем болсын» деп салады, Жарасын беккем байлады, Барлық жерин сыпырып. Қызлардың сонда ер Зийўар, Шарап ишип қолларынан Таң атқанша шағлады. Бир нешше күн арадан өтти, Зийўардың жарасы питти. Заўрия бағды қыдырмаға Зийўар менен сайланды. Заўрия алтын, гүмис тағы бир тәрепке созылған қулпырып турған бағын аралап, Зийўарды билегинен услап, нешше түрли ойынлар менен жигиттиң ўақытын хошлады. Зийўар ҳәр тәрепке қарады. Бир ўақытта атына көзи түсип, өксип-өксип жылады. Сол жылап турған ўақытында бир-еки аўыз нақыл менен Заўрия жигиттиң ҳалын сорады: Қыз: — Сен шығыпсаң Хорезмнен жалғыз бас. Ашықлық зәҳәри болар жанға қас, Жаныңда турғанда мендей перийзат, Не себептен көзге алдың қанлы жас? Ж и г и т: — Арзымды еситкил гүл жүзли жанан, Ашьңқлық дегениң көргенше жаман. Салдың мойыныма жумыры билегиң, Бағ емес, гүл емес, ойының зиндан. Қ ы з: — Сен көрип еснегенди әреби ат, «Ер жигит көрмесин,—дейди,—машақат», Сен кетерсең сәўбетимнен айрылып, Заўрияны қалдырарсаң биймурат. Жи г и т: — Биймурат болмағыл, жаным Заўрия, Еккимизге тарлық етпес бул дүнья, Қыймай турсаң, жолдас болғыл биз бенен, Еле де кешермиз бир нешше дәрья. Қы з: — Бир сен ушын болмас мениң тәқәтим, Мудам саяңызда жүрмек мақсетим. Ҳаслы затым айтсам өзим дуўақан, Мен билермен сол жоллардың сыпатын. Ж и г и т: — Ашылғай сениң де бағдағы гүлиң, Мен билермен жалғаншыда қәдириң. Ҳеш ўақ қайтпас ғош жигиттиң қәдеми, Ыразы болсаңыз биз бенен жүриң. Қы з: — Жарқырайды «өңиримде тумарым, Жолларыңда! пидә болар бул жаным, Мәртлигиңди мен билгенмен, ер Зийўар, Бирге жүриў, сениң менен қумарым. Жигит: — Қолларыңнан иштим касалап шарап. Кеўлимсең, жүрсеңиз Зернигарға қарап. Ашықлықтың зиндан болар қумары, Атланайық, сонда кетеди тарап. Буны еситип Заўрия, Көзи оттай жанады, Ақылдан питкен данады, Зийўар менен қосылып, Сарайына барады. Қәлемдей қасы қыйылып, Айнасына қарады. Сүрме сүртип қасына, Басын төмен ийеди. Нешше түрли ҳасыл заттан. Үстине тартып кийеди. Мойнына тулға байлады. Қумар көзи жайнады. Жаў-жарағын асынып, Тулпарын алды шақырып. Кетермен болып Заўрия... Өзин жолға сайлады. Соған дейин ер Зийўар, (Жүриўге еди көп қумар!) Қолға қамшысын алып, Муздай темир қурсанды. Еки батыр саз болды. Сыйқыр урды Заўрия— Жаңғырады жер-аспан. Қырқ қыз бенен Жаҳаны, Ат ойнатып таўларда, Көкти қаплап шаңлары, Келип қалды сол заман. Жаҳан пери қараса: Заўриядай арыўың, Еркекше кийим кийинген, Белине қылыш илинген; Зийўар менен екеўи, Бир сапарды ойлаған. Буны көрип қыз Жаҳан, Бир-еки аўыз сөз сөйлеп, Кетер жолын сорайды, Әдеп пенен сол заман: Арзым есит, ай сәўлели перийзат, Бул сапарың бизге болды жаман дәрт, Жолларыңның барды жетпис бәлеси. Сен шегерсең Зийўар ушын көп мийнет. Белиңе байлапсаң қанжарыў-алмас, Қумар көзден ҳәр жайларда ағар жас. Гөриң екен, ақылың екен ер Зийўар, Сизиңдей дананы етипти жолдас. Зийўар ердиң ҳаслы заты—адамзат, Жалғыз кетсе шегер еди машақат, Аман барып, саў келгейсен, Заўрия, Барғаныңды ҳеш сезбесин перийзат. Саўаш болса қылышлардан ағар қан, Геллесинен жуда болған нешше жан, Ер Зийўарға қиянетлик әйлеме, Узақ сапарыңнан келгейсиз аман. Сонда 3 а ў р и я сөйледи: — Меннен зият ғайратыңыз, Жаҳанжан, Душпанлар етпесин ел-журтты талан, Мен көрейин ер жигиттиң ўәдесин, Зийўарға болмасын сөзлерим жалған. Бағларымда қалды ашылған гүлим, Палўанлықтан жоқдур сениң ҳеш миниң, Мен етейин жақсылықты Зийўарға, Шын мәрт болса билер мениң қәдирим. Ер Зийўар билмейди ҳеш бир илимди, Жалғыз жанға салар зорлық-зулымды, (Ол пери ҳеш ўақта болмайды қатын...) Көрсетейин тилсиматтың жолыны. Қолымда жарағым, астымда атым.