Көрсетейин дәўпериниң айбатын, Қыйыншылық көрген мәртке жақсырақ, Өлгенимше аямайман хызметим. Сөзим тыңлаң, хош қылықлы перийзат, Шарап ишип, мен келгенше жеңиз қант, Қутқарайын ашықлықтың дәртинен, Зийўарды әйлейин бул дәрттен азат. Биз барғанда шақырмағай Мурғызар, Ер Зийўарға болмағайды дүнья тар, Биз атландық шәри-шаман бағына Хош қалыңыз бирге ойнаған перилер. Пери ҳалқында атланған жигитке пәтия қылыў, көп тилек тилеў бурында әдет емес екен. Жаҳан менен қасындағы қызлары тарасып сарайларына кетти. Екеўи атын жетелеп, қыйсық жолды төтелеп, ер Зийўар менен Заўрия дәрўазаны бәнт етти. Атларына минип алып, Гоҳибуларға сапар шекти. Жан-жағына көз таслап, нешше жайдан сөз баслап (ақыллы еди Заўрия!,) сөзине қосып нәсият, «Болмасын батыр биймурат», деп Зийўардың кеўлин хошлап, бир-еки аўыз сөйледи: — Мен айтайын, батыр Зийўар, нәсият, Бул сапарда болсын сениң кеўлиң шад, Билмегениң көпти сениң, султаным. Тыңласаң сөзимди жетерсең мурат. «Зийўар» дейди халық сениң атыңды, Ҳақ көтерсин сениң кеўил-шадыңды, Сен адамсаң қам сүт емген анадан, Алжып жүрме, писент тутпай қатынды. Қасыңда жолдасың —бир гөззал жаҳан, Үйренген илими-билимлери кән. Ғапылсаң адамзат өзиң дүньяда. Мийнетти шеккенде муңайма, султан. Екеўимиз қосылып миндик әреби ат. «Бир нашардан көрдим», деме ақырет, Айда атың әўел баслап, Ер Зийўар, Шын ашық болсаңыз көрермиз мийнет. Қулағың сал тағы, батыр ер Зийуар, «Изде қалды», дейип қылмағыл қыял, Бул жоллардың көпдур айтсам ҳийлеси. Ақылыңды алар, барсақ Айнажамал. Айтылған сөзлерге ер болсаң инан. Қанат байлап ушар астыңда ҳайўан. Дәркарыңды жеткеремен тарықпа. Издеги достыңнан етпегил гүман. Зийўар атлы палўаның, Атқа қамшы урғанда, Көкке шықты бурқып шаң! Артта қалды Заўрия... Мәрт болды жолларда сарсаң, Жүрген жери батырдың, Таўдың сайлы саҳрасы, Бир күн тамам жол жүрди, Көринбейди изинен, Заўрияның қарасы. — Бир шайтаннан қутылдым!—деп. Шақақ урып күледи. Геллеғардың «баласы» — Батыр минген гүреңше, Әне-мине дегенше. Бес күн тамам жол жүрди. Бир дәрьяға барады. Ағып турған сала жоқ.. Аттан түсти ер Зийўар, «Ишейин суўдан», дегенде, Суў дөңгелеп барады. «Айнажамал периге. Жете алмай әрманлы, Бул дүньядан өттим», деп. Дәрьяның қорқып түринен. Мәрт қайғыға батады. Ер жигит қайғыға батты, атының жылаўынан услап, сол жерде қырынлап жатты. Жатып батыр уйқылады, сол заматта бир сыңсыған даўыс ер Зийўардың қулағына тал-тал келди. Көзин ашып қараса—дөгерегинде омма турған, ярым белинен бөлинип қалған сансыз өликлерди көрди. Заўрия қылышын қанлап, «турҳа-тур» деп Зийўарға үш-төрт аўыз сөз айтып зарлады: — Данқы шыққан Зийўар атлы султаным, Жалғыз қашпақ еди сениң әрманың, Шақақ урдың «қутылдым—деп—шайтаннан» Қәне жигит Мурғызарға барғанын?! «Маған несип,—дейсең,—барсам Мурғызар», Бизди душпан билип етипсең қиял. Мен болмасам кеспеспеди басыңды. Мына қатар жатқан сансыз душпанлар? Заўрия—танысаң, билесең атым. Минекей көрдиң бе мениң ғайратым, Мени жолдас етпей қалдырсаң кейин, Жене алмассаң бул жоллардың зулматын. Секирип турды орнынан, Сол ўақытта ер Зийўар. Тар көринди көзине, Жер менен оған аспан. Ишейин деген суўы. Ағыл-тегис қызыл қан. Өлик пенен ол қанды, Көргеннен соң ер Зийўар, «Қәте екен—деп—меники» Қалмады жан-ийманы. Сол ўақлары болғанда, Аттың басын бурады, «Не келтирдиң кеўлиңе, Ырас айт?» деп ер Зийўар.