Ғурыжланып еки хан, Ортада атын ойнатты, Көзлерин оттай жайнатты. Найзаласып еки хан, Бираздың сорын қайнатты, Еки жақтың ләшкери, Найзаласып, қылышласты, Тақтаполат, Ҳәсен хан, Майданда етти саўашты. Сәрўанлы менен Байсалың, Айқаса алмай жазылысып, Қалды топтың астында, Тақтаполат залым хан, Қолына алып қылышын, Салып кетти бир замат, Сәрўанлының басына. Алмас қылыш иркилмей, Суўдай кесип өтеди Сәрўанлыдай мәрт жаны, Жәҳәннемге кетеди. Буны көрип Ҳәсен хан, Шыдамады күшине, Қәҳәри қатты келеди, Қынаптан қылыш алады, Байсалдың барып жанына, Күш пенен қылыш салады, Топтай қағып геллесин, Тәннен жуда қылады. Тақтаполат патшаның, Ләшкерлери көп еди, Хорезмли Ҳәсен хан, Дәл ортада қалады, Лалаўласып душпанлар, Тум-тустан қоршап алады, Ҳәсен ханның ләшкерине, Олар қырғын салады. Қылыштың жүзи кетилди, Саўытлар жүйден сөтилди, Пәрең мылтықлар* атылды, Аўыр топлар гүмбирлеп, Ләшкерлер басы жутылды, Қиямет қайым болғандай, Күнниң көзи тутылды. Батырлар қылыш сермеди, Думан басып жер жүзин, Биреўди-биреў көрмеди. Ғаршылдап қылыш урылды. Гелле кесип, қан төгип Ақырзаман қурылды, «Урыс себгил болды», деп, Еки жақтан дабыл қағылды, Геллеси қызып ләшкерлер, Тыңламады дабылды. Саўаш қатты қызыды. Қылыш тийди маңлайға, Кимлердиң мурны бузылды, Биреўлердиң бетлери, Тилкимленип тесилди, Арғымақтың жаллары, Қызыл хан менен есилди... Ләшкеринен олардың, Ҳәсен ханның ләшкери, Үштен бири қырылды. Омма турған** шоқ болды, «Туў көтерген жоқ болды, «Урысқанды қояйық»,—деп, Қол көтерген көп болды. Душпанлар суўдай тасады, Қызыл қанлар шашады. Ҳәсен хан палўан басылып, Басын алып қашады. Қарамастан кейнине, Арасын кем-кем ашады. Киятырып Ҳәсен хан, Сыйынады аллаға. Қамшы басып тулпарға, Жақынлады қалаға. Көзи түсти Ҳәсенниң: Қарағай найза қолға алып. Еки бети гүл-гүл жанып, Гөззалдайын доланып, Тақтаполат найсапқа, Киятырған жолланып, Қайсар киби балларға; Омыраўы есиктей. Турбаты келген бесиктей, Жаўырынлары қақпақтай, Билеклери тоқпақтай, Аўызы-мурны оймақтай, Сөйлеген сөзи қаймақтай, Киятырған қос қайсарға. Ҳәсен хан аңлап қараса— Бири өзиниң баласы, Бағдың гүли шайдасы. Балаларды көрип Ҳәсен хан, Иши оттай жанады, «Балаларым кирсе саўашқа, Неболар, —деп,—ҳалларым», Қайғырып хан сөйледи: — Болмай тур сабыры-қарарым, Аллаға жетпей бул зарым, Қарағай найза қолға алып, Жолландың қайда, балаларым? Сонда турып қос қайсар, Ҳәсен ханға гәпледи: —Хан ата, сизге арзымыз, Еки бирдей қайсарың, Сени қуўған ләшкерди, Қайтармаға барады, Жибермесең бизлерди, Иште қалар намыс-ар, Бизлерди жибер душпанға, «Болып турмыз бийқарар. «Атажан жаўға жибер», —деп, Биз жылаймыз зар-зар. Ақ пәтия бериң», деп, Биз болып турмыз интизар, Жуўап бер яки бермесең, Атажан сизде ықтияр. Буны еситип Ҳәсен хан, Ўақты шандан хош болды: —Жуўап сизге қос арыслан— Деп Ҳәсен хан йош болды, Пирлерине жалбарып, —Жолың болғай жортқанда,— Деп ақ пәтия береди. Сонда турып Зийўар мәрт Атасына сөйледи: —Душпаннан қашып биз барда, Жүрегиме салма дәрт. Хорезмдей журтың бар, Атажан, неге қашасаң? Бизлердей қайсар мәртиң бар. Бос усласаң қамысты, Атажан, қияр қолыңды. Жаўдан қашпақ намысты, Жаўдың күшин көрейик, Аттың жалын өрейик, Душпанлардан қашқаннан, Жаў қолында өлейик. Бир болса халқың қолда бар, Халық ушын өлейик. Жүректе қалса әрманы, Үйде де бенде өледи, Келсе хақтың пәрманы. Саўаш күни тасады, Мәртлердиң тәнде дәрманы. Душпанларды қырайық. Үйилсин гелле қырманы, Мәрт деген атқа ылайық, Душпанға ғаўға салайық, Душпаннан өшти алайық. Жеңип қайтсақ жаўларды, Алғысты айтсын халайық. Бизлер барда атажан, Геўирлерден қашпаныз! «Олар бизден басым» деп, Ақылыңнан саспаңыз. Қашпай турып атажан, Атландыр батырларыңды, Душпаныңды қыйратып, Алайық намыс-арыңды. Қәдирли ата-анаға, Хызмет етиў парызды. Биздей батыр балалар Аман болса душпанды, Жибермеспиз қалаға. Аттың жалын өриңиз, Зийўардың еткен саўашын, Көзиңиз бенен көриңиз, Душпанды жеңип, қәўипсиз, Шалқып дәўран сүриңиз, Ләшкерлерди қуўыўға, Атланды Зййўар улыңыз. Биз ушын пирге жалбарып, Тилеклес, ата, болыңыз. Пирлер болып мәдеткар, Болғай бизиң жолымыз, Геўирлерден қутылсақ, Көкке жетер қолыңыз, Зийўар менен ер Жанай, Ҳәсеннен рухсат алады. Тулпарды жолға салады, Астындағы атлары, Қубылып ойнап барады. Буларды көрип Ҳәсениң, Ләшкерлери изинен, Бәршеси ғаўлап ереди. Мәртлер менен қосылып, Тақтаполат батырдың, Ләшкерине келеди.