Заўриядай гөззалдан, Қайта-қайта сорады: — Қулағың сал, перийзат, Шуғыл сөзге инанба. Шуғыл сөзге инанып, Мен болдым бүгин биймурат. Алмадым яр өзиңнен, Баҳасы артық нәсият. «Кет» дегенде инанып, Жылаўды қағып, шаптым ат. Бир күн тамам аш жүрдим— Көринбеди қараңыз. Үш күн тамам аш жүрдим— Көринбеди қараныз. Шийрин жанды қыйнадым, Ерип шуғыл сөзине, Мен сумлықты ойладым, Шайтан аўлап кеўлимди, Соны «яр» деп ойладым. Жетип келип дәрьяға, Ише алмай аққан суўынан, Әрманлы болып сорладым. Тулпарымды жылаўлап, Қалыппан сонда уйқылап, Сол уйқының арасында, Бир даўыс келди сыңғырлап, Көзимди ашсам сол заман, Жанжағыма қарасам— Жатқан өлик ағып қан... Баўырым мениң, Заўрия, Қала көрме жанымнан. Тарыққанда қорған бол, Сақлайгөр бундай бәледен. Сонда турып Заўрия, Толғай берип сөйледи: — Шуғыл сөзге сен ерип. Шақақ урып бир күлип, Бунда көрдиң ақырет. Жигитликтиң мен-мени, Болар басыңа мийнет. Жуўық көрсең сен мени, Келген сансыз бәлеге, Көрсетермен кәрамат. Мынаў жалғыз тилсимниң, Тата алмай суўынан, Шектиң азап-ақырет. «Бисмилла» деп мин атқа, Өткен иске тәўбе ет. Жаныңда жатқан өликлерди, Қырғанда көрдим машақат. Жаңа келдик ер Зийўар, Тилсиматтың кәнине, Түсемисең сен булай Енди мениң алдыма?! Көрсетейин ғайратым, Сендей паўлан батырға. Сонда турып ер Зийўар, Қызға қарап сөйледи, Сөйлей берип не деди: — Бәҳәрим етсе—жаз ғана... Қолыңда тилла саз ғана. Батыр аңқаў, ер гөдек, Ықтиярым берейин, Саған енди қыз ғана. Көзим менен мен көрдим, Сениң қылған дослығың, Мен изиңнен жүрейин, Жолым солдур қыз ғана. Сен екенсең бағда нар, Басыма салма қайғы-зар, Яки өлтир, я күлдир, Өзиңе бердим ықтияр. Басымның еркин мен бердим, Сендей ақыл-данаға, Зорлығымнан пайда жоқ, Қүдиретим жетпеди, Бурқып аққан дәрьяға. Мин атыңа, Заўрия. Қалқан болғыл, батырым, Бизге келген бәлеге. Ғайратыңды көрейин, Ҳийле қылғыл дәрьяға. Сол ўақлары Заўрия, Шақалақлап күледи, Тәўбе қылғанын батырдың, Ишинен танып биледи. Атына минип екеўи, Дәрья бойын жағалап, Бир мезгил жол жүреди. Ашықлардай ойнасып, Бир жайларға келеди. Ақ сәллеси басында, Бир дарақтың түбинде, Жай намаздың үстинде, Тәсписи бар қолында, Аўзы-басы жалаңлап, Отырған жандар көреди. Қарады сонда ол ғарры, Оңы менен солына, Сол ўақтында ер Зийўар, Аттың басын бурады, Заўриядай арыўға. Ж и г и т: — Ғаррының үстине шаўып барайық, Дәрьядан өтиўдиң жөнин сорайық, Мен ойласам жақсы адам қусайды, Аттан түсип биз қолынан алайық? Қ ы з: —Қайғыраман сендей мәрттиң жаныны! Көп саўдагерлердиң ишкен қаныны, Инанбағыл қолындағы қуранға, Дүнья ушын сатқан бул ийманыны! Алдаў менен сеннен сорар сыбаға, Сәл егленсең, қолын салар жағаға, Мәрт болсаңыз маңлайынан байлап ат, Өлигин ылақтыр аққан дәрьяға. Батыр туўған ер Зийўар, Заўриядай арыўдың, Қайырмай тилин алады. Ат үстинде паналап, Жайға оқты салады. Ширене берип өкшелеп, Жайды тартып қалады. Еки көздиң арасы— Қақ маңлайдан урады. Басы теңнен бөлинди! Аттан түсип Заўрия, Бабаға қарап жуўырды. Өзи палўан геллеғар, Сыйрағынан тартады, Айналдырып басынан, Бабаны суўға атады «Кәраматым көргил», деп, Заўрия минип атына, Дәрьяға өзин урады. Турсын ба енди ер Зийўар?! Бул да атты салады. Әллен ўақыт болғанда, Дәрьядан өтип барады. Сол мәҳәлде Заўрия, Ўақытын хошлап Зийўардың, «Қутқарылдың мәртим», деп, Сөйлеп турған қусайды: — Ат ойнатып астың нешше даладан, Сен екенсең көз ашпаған палапан, Қайсарлықты мендей қызға қылмағыл, Қутқарылдың алдындағы бәледен. Дәрьяға ҳәлек болды не бир батырлар, Нешше мәртке баба салған қайғы-зар, Азат болдың жолың тосқан бәледен, Енди саған несип болсын Мурғызар.