Ҳаққа жетер ол бабаның наласы, Оған жоқдур адамзаттың шарасы, Узақ жолға сапар шеккен, мәрт жигит, Жақын қалды Айнажамал қаласы. Кеўлине алғансаң ашықлықты ҳақ, Мудам сениң хызметиңде турсам тақ, Алдыңды кес-кеслеп шыққан бәлелер, Көзиңе көринбей болады жырақ. Тағы тыңла жолдасыңның сөзини, Сыйқыршы бабаның көрдиң өзини .. Дәўпериниң он жетти күн уйқысы— Соған дейин ҳәргиз ашпас көзини. Мен қарасам үш күншилик жолы бар, Қамысы көп, қара батпақ көли бар, Өзиңди аман өткизермен буннан да, Ҳәр жайларда «нашар» демей ақылымды ал. Қалаға барғанда қылғайсаң ғайрат, «Жүр» дегенде болма Зийўар нәмәрт, «Ур» дегенде кескил баўдай басыны, Душпаныңа көрсет аўыр сиясат. Бул жайларда жоқдур ағайин-жигер, Күшиң жыйнап шар тәрепке салғыл сер, Қылыш урғыл аянбайын малгүнге, Абырайыңды қолдан берме, батыр ер. Буны еситип ер Зийўар, Ўақты қыздан хош болып, Атқа қамшы урады. Еки бедеў қосылып, Ҳәсер таўдан асады. Суўлықты шайнап жаныўарлар, Ҳәр таўды бир басады. Таўдан аққан булақтай, Майданда алып қашады. Еки бирдей бедеў ат, Аўызынан көбик шашады. Маңлайдан терлер төгилди, Өз теринен тулпарлардың, Жал-кекили өрилди, Оманшаның қаласы, (Он еки дәрўазасы, Бир пақсасы—алтыннан, Бир пақсасы—маржаннан, Бир пақсасы—гаўҳардан, Жарқырап турған алдында, Әшекейлеп таслаған) Ер Зийўарға көринди. Заўриядай билгир қыз, Қолына алып китапша, Баслай берди түрли сөз. Бир дем урған ўақтында, Қарсы алдынан шошаңлап, Шыға келди бир таўшан. Адамзаттай кекирди, Зийўар менен Заўрияның, Алдына түсип қулдырап, Жолды баслап секирди. Өзи адамзат болған соң, Зийўар атлы батыр ер, Бул бәледен айбынып, Келгенине өкинди. Өкинсе де не қылсын,— Заўрия кетип барады! Қыздың ерип кейнине, Атқа қамшы салады. Намазлигер ўақтында, Дәрўазаның алдында, Заўрия аттан түседи. Атларының шылбырын, Бир-бирине байлады. Қаланың жаны көл еди— Көлге қарап айдады. Дәрўазаға барады, Тулғасын алып қолына, Қарамай оңлы-солына, Жети гилтти салады. Сегизленши гилтинде, Сегиз қабат дәрўаза, Бир исимнен ашылды. Жаңғырған алтын, гүмислер, Сыртқа қарап шашылды. Қолынан услап Зийўардың, Дәрўазадан киреди. Заўриядай перийзат. Азыўлары айланған, Бармақлары жабадай, Үш айланған айдарҳа, Минардай болып жатыпты,. Буны көрип ер Зийўар, «Ўах, дарих» деп өкинди. Сонда турып Заўрия: —Қылышты қолға ал!—деди; —Аяғын көтерген ўақтында, Тартар сени демине, Жан алқымға келгенде, Қәҳәрленип сал!—деди. Мәрттиң көзи жанады. Қолына қылыш алады, Ҳарлатып тартса айдарҳа, Ҳәр аяғы бир жерде, Тентиреклеп барады. Күшин жыйнап ер Зийўар, «Белбуўарың усы» деп, Алмас қылыш салады. «Тағы урайын» дегенде, Бөлинип қалған сол жылан, Ер Зийўардай баланы, Қуйрыққа орап алады. Шырмаўықтай шырмалып. Дәл белине оралып. Қатты қыса қалады. Босана алмай ер Зийўар, Муңын айтып зарлады: —Жарақтан айрылдым душпан зорынан, Өлер болдым айдарҳаның қолынан, Әжелге жоқ екен жигит шарасы, Оқый көр, кетпейин сорлап бийийман. Жақсылығың умытпасқа бердим шәрт, Ярды көрмей иште кетти гүллән дәрт, Наҳақтан шықпасын бул шийрин жаным, Азат әйле, гөззал Заўриядай мәрт. Заўриядай перийзат, Қанжарын қолға алады. Айбатланып ақырып, Айдарҳаға салады. Шыйратылып қуйрығы, Тең бөлинип қалады, Қолынан услап Зийўардың, Нешше дәўдиң басынан, Нешшесиниң аўзынан, Басып өтип барады. Қарғыў-қарғыў перилер— Үстинен өтип барады. Көшелерди айланып. Бир қапыға келгенде. Мурғызардай жаныўар, Жатыр екен уйқыда, Қәпесиниң үстинен, Заўрия келип қалады. Топыраққа дем салып. Қәпеске шашып жиберди — Хабаршысы Мурғызар, Сол турысында сеспестен, Бул да қатып қалады. Шаҳсыпаның үстинде. Шаҳсыпаның астында.