Қызыл гүллер ашылған. Ақ сарайдың ишинде, Алтын отаў қурылған. Есиклери—қубба алтын. Отаўына қарасаң, Барлық жери қуйма алтын. Он жағында—он бир қыз. Сол жағында—он бир қыз Силеси қатып қалыпты. Ортасына қарасаң— Айнажамал пери қыз!!! Буны көрип ер Зийўар, Естен танып қалады. Бар еди ашық ҳийлеси, Заўриядай арыўда— Келе қылып алады. Үшке дейин бул Зийўар, Қызға жақын барады. Қасында турған Заўрия, Көп қызыққа қалады... «Нәмәртлигин» Заўрия, Сол жерлерде биледи. «Мийнетим босқа кетти», деп. Ишинен жанып-күйеди. Бир ғана кесе шарапты. Қалтадан алып Заўрия, Ер Зийўарға береди. Шарапты ишип алған соң, Мәрт қушағын кереди. Буны билип Заўрия. Желкеден түйип жиберди. Қызығып мойнын созады, — Сорқайнаған, пайыңды ал!—деп. Арқасы әптен қозады. Көзи оттай жанады, Айнажамал арыўдың, Үстине барып ер Зийўар, Қушағын ашып қулады... Қәлем алып киседен, Айнажамалдың қолына, Атын айтып жазады. Буғағынан бир сүйип, Қолындағы жүзигин. Билдирмей ғана алады. «Орыны қуры қалмасын» деп. Өз жүзигин салады. Алмастырып жүзиклерди. Шығып қыздың қойнынан. Босағаға келгенде, Заўриядай сол арыў. «Питти исиң бала»,—деп; — «Ҳарам саған қала», —деп, Дәўперини басып-женшти. Қыздың тағамын жеп, Кеселеп шарабын ишип, Заўриядай сулыўдың, Ғайратын көрип сол заман, Екеўи бирге қосылып, Шықты олар дәрўазадан. Сегиз қабат қулыпты, Бурынғыдай урады. Атқа минип ер Зийўар, Заўриядай арыўдан. Уяла берип сорады: — Көзимниң алдынан кетпес қос анар, Ярға жетпей, жолда шектим қайғы-зар, Оянғанда мени түтип жер еди, Уйқлап жатқан гилең бахты қаралар. Перийзат қыз, алдың мениң тилимди, Ерлик еттиң, ҳеш көрмедим миниңди, Ашығыма сен жеткизип дүньяда, Ашылдырдың бәҳәр алды гүлимди. Қылышыңнан нешше жайда ақты қан, Кеўлимде қалмады зәрре бир әрман, Қыз қасына қайта барсам Заўрия, Тағы да алмас па бир ақшам мийман? —Рәҳим әйледим көзден аққан жасыңа, Енди барып болмас оның қасына, Бурынғының айтып кеткен сөзлери: «Батырлардың мийи болмайды басында». Енди барсаң хазан урар гүлиңе, Қайғылы сапарды алма тилиңе. Әрман менен еки көзиң төрт болар, Дәўперилер күш жыйнаса белине. Буны еситип ер Зийўар, Минди аттың белине, Шықты қызыр шөлине. Батырлар кеўилин хошлады. Заўрия жолды баслады, Атқа қамшы басады. Үш күн удай жол жүрип, Бир жайлаўға барғанда, Баяғы кеткен ол таўшан, Қулақлары ербейип, Тайын болды алдынан. Аттың жалын тарады, Ҳаял да болса геллеғар, Заўриядай мәрт сулыў, Ҳәр бир күнге жарады. Таўшан баслап жолларды, Алдында кетип барады. Ақыллы еди ер Зийўар. Ҳәр мезгилдиң өзинде. Келерде жүрген жолында, Шөптиң басын түйип кеткен... Белги еткен жайлардан, Өзгерилди жоллары, Қарсы алдында көринди, Перилердиң еллери.