Ярым ақшам ўақтында, Батыр аң-таң болады. Оң қолтықтан үш адам. Аяғын жерге тийдирмей, Көтерип мәртти алады, Алтын сарай, пәр төсек, Төсекти кеңнен салады. Шарап берди қолына. Анда батыр мәс болып. Қызларға қылды марапат. Сазы-шәўкет артынан, Уйқыға кетти парақат. Уяға шыққан күн батты. Күнниң батқан шағында, Рәҳимилин алды Заўрия. Қәҳәрленип қолына, Қәлемин қойып солына. Сыйқырын тутып алдына, Жер жүзине көз салды. Жер жүзине көз салса... …Айнажамал перийзат. Ғапыл болып қалыпты: Қолындағы жүзикти, Оны да биреў алыпты: Сайрамайды Мурғызар; Жуўырып барып қараса. Қалыпты өлип жаныўар; Дәўлерине қараса— Баслары қалған кесилип; Дәрўазаға қараса— Айдарҳа қалған ол өлип; Қулып урылған сыртынан. «Бул қалай ис болды» деп, Айнажамал сол пери, «Анадан неге туўдым?» деп. Болыпты сонда пушайман. Дәўперини оятпай. Қайтып келди отаўға. Болған исти билдирмей, Душпанларды күлдирмей. Көрмегендей жуўынып. Аясына қараса, Адамзаттың аты бар. «Хорезмниң шәҳәринде. Атам Ҳәсенша деген. Айнажамал арыўға. Ашықпан.» деген шәрти бар: «Арыўсаң-ғой, ҳай ярым, Жүзлеринде барды қал. Тамағыңнан мен сүйип, Ләблериңнен сордым пал. Қорқыў менен отаўдан. Жуўырып шықтым далаға. Адамзатты көрмеген. Жүреклери жарылып, Өлди қусың Мурғызар. Айдарҳаңыз бар екен, Тартты мени дем шегип. Өлим—ашшы, жан—татлы, Қәҳәр менен силтедим. Шығарып қыннан алмасты. Бир сен ушын Айна қыз, Қус-жыланды өлтирдим. Шығып кеттим қалаңнан, Қутқарылдым, қызғанам, Жүз мыңлаған бәлеңнен. Жер жүзинде жүремен, Өмиримди ҳақтан тилермен, Мен өлимге ыразыман, Ықтиярың арыў», деп. Жазған хатын ол пери. Қолын жайып оқыды... ...Рәҳимилди тағы алады, Кеңликке талап салады, Еринбейди отырып, Сол ўақтында қараса... ...Айнажамал перийзат, Дәўперисин оятып, Көк аспанға оқ атып, Ғаздай болып сайланып, Хорезмниң үстинен, Киятырғанын көреди. * * * Ендиги сөзди пери патшасы Оманшаның қызы Айнажамалдан еситиң. Тахтын қурып сарайдың ишине кирип, ҳеш бир тири жан таппай, аттың изинен басқа нәрсеге көзи түспей Айнажамал болды ҳайран. Қыз дәў ҳәм перилерине қарап «Адамзатты излеп, таўып бериң. Ол усы дөгеректен басқа ҳеш жаққа кеткен жоқ», деп ғазап етти. Дәўлер қалып, перилери шар тәрепти излеп кетти. Зайрат деген кемпирдиң бағында, Зийўар кийик болар алдында өзиниң саўытын бағдың бир шақасына илдирип кеткен еди. Сол саўытты Айнажамалдың Марғун деген бир периси таўып алды. Ер Зийўардың атын, ҳаслы затын, саўыттың қатар өңирине тағылған түймесиниң биреўинен оқып көрип, Марғун кемпирге қарап не деп сөйлеп турыпты: — Ашықлардың таза болған ҳақ дәрти, Мийманлардың үлкен болар ҳүрмети, Билсең егер ырасыңнан келе бер, Қолымдағы қайсы мәрттиң саўыты? Сарлап келген суўдың питти сағасы, Сен кемпир екенсең ақыл данасы, Саўытына қарап тапсақ ийесин, Жазылады патша қыздың жарасы.