«Саўыт болмас ҳаялларға аманат, Ғазеп қылды Айнажамал перийзат, Жаның барда таўып келгил батырды, Бизге дәркар Зийўар атлы адамзат!». Сол ўақлары, кемпириң, Ырғып-ырғып түседи: — Билмеймен,—деп ант ишеди. Өзиң көрген дәўпери, Кемпирдиң жыйған алтынын, Зери менен гүмисин, Қырқ жылғы жемисин, Сыпырып қолдан алады. Ийт қуйрықтай шашынан, Таўлап алып еки дәў, Диң аспанға көтерип, Тиккесине урады. Кемпир деген бийдәўлет, Мурдемлер қатып қалыпты, Буны көрип перилер, Сыйрағынан тутады. Маўқын басып аспанға, Зайратты топтай атады. *** Енди сөзди Заўриядаи еситиң. Ол раҳимилин қолына алып, Айнажамалдың пүткил жер жүзин шолып киятырғанын анық көрген еди. Заўрия қызларының бири, Алтыннан чайнек-кесеси, Тәжим берип перийзатқа, Алдына жайды дәстурхан Арақ-шарап келтирди. Ҳәммесиниң ортасын, Ишимлик-асқа толтырды. Шарап ишип сол жайда, Сайран етти перийзат. Бул хызметти көрген соң, Дәўдиң болды кеўли шад, Хызмет еткен алдында Шебер еди Заўрия Шийрин шекер тил менен, Айтажақ болған сөзлерин, Тийимли етип баслады. Билмек болып барлық жайды Айнажамал перийзаттан «Жол болсынға» араластырып, кеўилин алып барластырып, излеген жоғының дерегин сорап турған қусайды: — Бағларыңда сайрар сениң Мурғызар, Жамалың көрмеге болдым интизар, Қутлы болсын бунда басқан қәдемиң, Жол болсынды мен сорадым, перийзат. Атыңды еситип болды кеўлим шад, «Қандай жан екен?» деп етпедим тәқәт, Қутлы болсын сапар шегип шығыпсыз, Баян әйле барар жериң, перийзат? Сен иштирдиң бир нешшеге қайғы-зар, Нешше ашық жолларыңда гириптар, Себеп пенен сиз келипсиз бағыма, Отырыңыз, хош келипсиз, мийманым? Жақсы қонақ келсе болар әсли-ҳал, Жаман келсе мәләл көз салар. Айтар болсаң мен тыңлайын сөзиңди, Айнажамал, бул кеўлиңде кемлик бар. Тарыққанда сайлап миндим әреби ат, Ерлер болар ғапыллықтан биймурат, Бизиң менен сизиң теңдей жасың бар, Қурдасжан, қуўантып жақсы хабар айт. Бағымда ашылған гүллер лалазар, Шын ашықлар қосылғанша «аҳ» урар, Қәте болса кешир мениң, гүнайым, Айтың бизге жыллы жүзден хош хабар. Теңимсең, болайын бойыңа қурбан, Ашыўлансаң сен төгерсең наҳақ қан, Иштен күйип, запырандай сарғайып, Узаққа созылған ашықлық жаман. Бул сөзди қыз еситип, Түрли ойды ойлады, Тереңге түсип бойлады Дәўперисин далаға, «Сайран етип келсин», деп, Жиберип өзи қалады. Айнажамал аўыз сөз бенен, Зииўардан дерек сорады: — Сөз айтайын сендей, ҳасыл данаға, Мен атадан жалғыз қалған бийнаўа, Патша едим-атам өлгели бери, Сонда адамзат барған емес қалама. Мен жатырсам өлген екен Мурғызар, Айдарҳа шыңғырып бермеди хабар, Ашықлығын айтып кеткен өзиме, Хорезм елинен батыр ер Зийўар. Дүнья жүзи маған болды қараңғы, Басқа салған аўыр қайғы заманды, Қыласынды қылып қаламнан қашқан, Сорап келдим Зийўар атлы мийманды. Маған салған естен шықпас қайғы-зар, Енди меннен көшти перилик ажар, Ашық болса кетпес еди жанымнан— Мен өлимди көрдим оған миясар. Ағызды көзимнен қанлы жасымды, Өлтирипти Мурғызардай қусымды, Таўып берсең Зийўар атлы батырды, Кабап қылып қақлар едим гөшини. Айнажамал арыўға, Сонда З а ў р и я сөйледи: — Айнажамал, сизге айтар сөзим бар, Таўсипинди жеткерипти ахмақ шал, Ашық болып айдай болған жүзиңе, Бир шыбын жанына салыпты азар. Сендей қыз, деп шығыпты ол журтынан, Азап шеккен, ақырет көрген, жутып қан, «Қыйлансам, өзим-ақ қыйланайын», деп, Изине ертпеген ҳасла ҳеш бир жан. Нешше күнлер жоллар жүрген далада, Ушыраған жан көрмеген бәлеге, Сениң ушын шеккен жәбир-зулымды! Айналып келипти анам бағына... Сол жерден жегенди сорамай тағам, Зийўарға жегени болған қарақан, Қәҳәрленип, дуўа менен бәнт етип, Кийик қылған ғош жигитти сол анам. Бир кийик жетелеп келди атыны, Мен өширдим анам жазған «хатыны», Сер салып қарасам турған бир гөззал, Соң сорап таныдым ҳаслы-затыны. Шарап берип тарқаналы қолымнан, Қырқ қыз хызмет етти оңлы-солынан, Үш күн удай оған қылдым зияпат, Бирақ ол жүрмеди айтқан жолымнан, Ашық болдым гирбиңи жоқ етине, Қар үстине қан тамғанда, бетине, Ашылған қушағым орнына түспей, Қайыр тепти жүрегимниң шетине. Арзымды еситкил ҳәй, Айнажамал, Қанжар урды, аямады өз тәнин— Ол өлгенше саған болған интизар, Ашыўдың дуўасын оқыды қызлар. Ол көрмеди мени өзине миясар, Жарамайды сеннен өзге ҳеш бир яр, Аманатын алып қайтқан қалаңнан, Усы күн бизлерге мийман ер Зийўар. Перийзада Айнажамал, Бир ақшамғы түсинде, Әйлеген еди Зийўарға, Аппақ тәнин миясар. — Өзим болсам патшаман, Жаныма келтирип сөйлессем, Сүйген ярым Зийўарды. Дәўпери маған не қылар? Кимниң менде ҳақы бар?—деп, Заўрияға қарап, Айта берди шешилип, Ер Зийўар жайлы сөз сорап: — Заўрия, еситкил, айтайын зарым, Жигитти көрмекти мениң әрманым, Айттың маған ҳақыйқатлық сөзиңди, Енди алдыма келтир батыр мийманың. Бағларың ашылып дөнген лалазар, Яр менен сөйлеспе, тарқамас қумар, Дәўпери келмей алып келгил Зийўарды, Егер көрсе қияметлер қурылар. Патша болмас дәўпериге ҳаялдан... Бизге буйырғандур бундай ер султан, Билип болмас адам алдындағыны, Дийдар қияметке қалмасын мийман. Шақырсаңыз бунда келер мәрт палўан, Адамзат ишинде өзи ер султан. Келгенде бермей-ақ қойсын сәлемин, Ер өзин жоқары тутса қатыннан! Бул сөзлерди еситип, Заўрия турды буралып, Үстине кийген көйлеги, Пәшек гүлдей оралып. Нәзери төмен баладай, Жетип келди қыйланып, Сөз айтады Заўрия, Ер Зийўарға толғанып: — Қасларың қыйылған, келискен сымбат, Жамалың болыпты қызларға қымбат, Саҳраға кетипти «дәўи, периси, — Оңашада келсин», дейди перийзат. «Өлтирер», деп шекпе батыр уўайым, Сарғаймасын сәўле шашқан шырайың, Мениң менен жүргил ярдың қасына, Сол ярыңнан мен тиледим гүнайың, Деген ўақта ер Зийўар, Ырғып турды орнынан, Алтын қамарды буўып, Шәмсиден шекпен кийеди, Еки алма қолында, Қонақлар жатқан сарайға, Әдеп пенен киреди. Қыз орнынан турады. — Көрисиңиз, ханым,—деп, Ортадағы Заўрия, Қыздан руқсат сорады. Қол узатты ер Зийўар, Айнажамал сулыўға, Сыңқылдап сырттан күлисти, Пейли тар, қызғаншақ қызлар Еки ашық сол жайда, Душпанларға билдирмей, Бир-бириниң жүзигин, Еки ашық өз қолына, Ийба менен салады.