Мойынынан қушақлап, Тарса қатып сүйисип, Шырмаўықтай шырмалып, Отырыса қалады, Кеўлинен дәртти кетирип, Маўқын басып сүйисип, Ашықлық машқын жетирип... Отырғанлардың үстине, Самандун деген ол залым, Аспаннан түскен бәледей, Жети қат көктен секирип, Қәпелимде келип қалды, Айнажамал перийзаттың, Жағасына қол салды. «Қолындағы жүзикти, Бергил, алып кетейин», деп: — Арзым есит, Айнажамал, эй жанан, Көп жыллар болдың сен бизлерге султан. Мурғызарды әрман менен өлтиртип, Сен бүгин айрылдың патшалығыңнан' Ашықлық дәртине табалмай даўа, Мениң менен қус сап шықтың саҳраға... Алдым басыңдағы алтын тажыңды, Енди бергил мөр салдырған жүзикти! Қол жуўдың басыңа келген бахытыңнан, Атлап өттиң сирә сөнбес сақтыңнан. Ата жолы орның босқа қалдырып, Сен айрылдың алтын тажы-тахтыңнан! Дусласыпсыз бириң бүлбил, бирин, гүл, — Саған несип болды Хорезмдей ел, Хызметиңде мудам болған дәўпери, Бүгинги күн таслап кетти сени тул. Жүрегиңниң майын таўыпсаң жас жан, Өлгенше сүргейсиз әрмансыз дәўран, Зәлел бермей бизлер буннан кетейик? Бериң қолды, дийдарласың хош аман. Айнажамал бул сөзди еситип, «Дәўперилер, ярыма зәлел бермей кетсин», деп қолындағы жүзигин алып, Самандунге берди. Дәўперилер сарайды үш айланып, Айнажамалдың азасын тутып, көкти жанғыртып, үш мәртебе шақырып, көзден ғайып болды. «Бир яр» деп патшалықтан айрылып, дүнья жүзине сыймай, Айнажамал ер Зийўарды қыймай, оңашада ғана сөйлесер еди. Бир-бириниң мойнына қолларын салысып, үсти-үстине поса алысты. «Аҳ» урғанда аўзынан отлар шығып, Хорезм елинде, Хәсеншаның шәҳәринде көрген ўақыясын бир-бир тәрип қылып Айнажамал ер Зийўарға не деп турыпты: — Яр излеп елинен шығынған султан, Хаслың адамзатдур ғайратың тасқан, Дослық сырын бир-бир баян әйлейин. Бул жолларда жақсылық аз, көп жаман. «Тахттан айрылдым», деп қылмайман әрман, Тарықсам дәртиме сен болғыл дәрман, Азап шектиң мениң ушын дүньяда, Сени қосқан қудайыма ырзаман. Сен билмессең—мениң жүрегим сызлар, Жанынан жибермес әмеңгер қызлар... Ғарры атаң бенде болды қалмаққа, Болмас бул дәўран сизге миясар. Елиңди уйқыда шапқанды душпан... Тулпарың жүйрикдур қанатлы қустан, Ырза болсын қублагаҳиң атаң да, «Халқым», десең тезирек атлан мәрт палўан. Ойыңды аўдар айтқан ҳәр бир сөзиме, Тилсим менен көрсетейин өзиңе, Мәслик қурып жата берсең, ер Зийўар, Жаслар толар сениң гәўҳар көзиңе. Ноғайлыдан сел-сел ақты қызыл қан, «Ер Зийўар» деп налыс етер сансыз жан, Минсең батыр тулпарыңның белине, Рахмет аларсаң туўған халқыңнан. Айнажамал бул сөзди айтып болған соң ер Зийўар ақылына келип, кимниң дос, кимниң душпан екенин билип, қызға қарап, айтып турған қусайды бир-еки аўыз жуўап: Кеўилимди хошладың көрсетип ҳүрмет, Мен ушын Заўрия шекти көп мийнет, Сол баслап апарған шәмен бағыңа, Таслап кетсек оны болмаспекен ақырет? Сөзимди тыңлағыл турып бетпе-бет, Сениң жолыңда етти маған мириўбет, Заўрияны бирге алып кетпесек, Дүньяда адамлар айтпай ма нәлет? Зийўар менен Айнажамал бул ойласықтан кейин жүзлери солып Заўрияның алдына барды. Гүләән азық-түлик, жаў жарағын тайынлап, Заўрия қолына тулға-рәҳимилин алып, жер жүзине көз салып, ер Зийўарға қарап не деп турыпты: — Бағдың гүли әлўан-әлўан лала ма? Дослық қылған мәрт айралық сала ма? Күлип-ойнап кетиң мениң жанымнан. Қосылған яр бундай қапа бола ма? Ўақты жетсе сарғайып атар таң, Жамалыңды көрип шықты тәннен жан, Қайта-қайта «аҳ» урасаң, ер Зийўар, Кимлер салды кеўилиңизге қайғы, әрман? Душпан болса мәртке салар бәлемат, Екеўиңди қосып болды кеўилим шад, Сен муңайып неге қапа боласаң? Ойыңдағы әрманыңды тезирек айт. Сонда турып ер Зийўар, Жылай берди зар-зар: —Қәўендерим Заўрия, Ашықлықтың зардабы, Көкейимди тиледи. Жақсының айтқан сөзлери, Ақыры бир күн келеди. Оқыған адам шамалап, Алдындағыны биледи. Оқымай надан қалғанның, Қылған исин қәйтейин?! Рәҳимилин алса қолына, Дүньядағы көринисти, Сендей гөззал биледи. Арыўлығына жарасқан, Ақ жүзинде барды қал. Келген шығар ойына, «Өзине мени ер Зийўар, Көрмейди,—деп, —миясар». Алдыңа басты қойғаным, Жалғыз жаным саў болса, Ортаға салып дослықты, Бирге өлмек әрманым. Сол ўақтында Заўрия, Рәҳимилин қолға алып, Жер жүзине қарады, Қиялын берип көз салып... Ер Зийўардың елин көрди, Жылап жүрген естен танып. Мәртти жоқлап турған екен, Аға, ини, туўған халық. Буны анық билип Заўрия, Зийўарға қарап иркилмей, Көргенин етти жәрия: —Қулақ салып, арзым есит Зийўаржан, Атланбасаң сен қыларсаң пушайман, Қоршап апты Ақжүримди душпанлар, «Зийўар» деп жанғырар жер менен аспан. Иркилсең еллериң қурыр нәўбәҳәр, Ноғайлыға душпан төккен уў-зәҳәр, Атланагөр туўып-өскен жериңе, Тез бармасаң қарап қылар қалмақлар. Дәркәр емее бул күнлерде сәўер яр, Сәл егленсең олжа болар ноғайлар, Сен бармасаң халқың түсер қуллыққа, Қартайғанда ата-анаңды көрип қал. Ғазы-үйрек атыўды енди қоялы, Шер тарқатып қан төккенди қыралы, Дәўперилер бул бағыма келалмас, Ашыўлансам бағым мың жыл турады. Сол гәпти айтып Заўрия Айнажамал арыўға, Таярлады бир атты, Кескир қылыш полатты. Жети нардың үстине, Азық-түлик сайлады; Жети нардың үстине, Қарыў-жарақ тайлады; Жети нардың үстине, Алтын, гүмис жыйнады.