Тазартпаға жерлерин, Аспаз, суўшы, ерлерин, Үш күн бурын Хорезм, Шәҳәрине айдады, Үш күнге дейин Заўрия, Қызлар менен ер Зийўар, Бағы менен сарайды. Жан кирместей бәнт қылды, Дөгерөгин тилсиматлап. Заўрия тулпарға минип, Қыз бенен Зийўарға қарап, Бир-еки аўыз сөйледи: Зийўар батыр, сизге айтар арзым бар, Сабырәйле, жан өлтирме, төк қәҳәр Ҳийле менен тутып алсақ душпанды, Наҳақ қанлар бизге болмас миясар. Зийўар мәлим болса журтыңа атың, «Адам қырмақпеди сениң мурадың?! «Душпан-ғой» деп ат қоймағыл қалмаққа, Аман барсаң көргил мениң ғайратым. Сабыр етсең, дос болады көп душпан, Адам болған бийгүнадан төкпес қан, Еки жақтың тыныш елин азғырып, Бир-бирине қарсы қойған мола-ийшан. Елиңде алжыпты мола-ийшанлар, Парахат халыққа салған қайғы-зар, Көрсетейин барсам оларға күшимди— Адамзат кеўилини сөз бенен бузар. Қылыш урсақ жоя-жоя ағар қан, Сөйтип мәртлер көп халқынан айрылған. Сырын айтып бир-бирине жаманлап, Еки елди жаўластырған молла-ийшан. Батыр қылар саўаш күни ерликти, Молла ислер хан қасында пирликти, Тайпа елде гүнә болмас ер Зийўар, Есиңде сақлағыл аўыз бирликти. Қалмақтың еллери—ноғай еллери, Аўзы ала болған өңкей беглери, Қан төгиўге себепкерди өлтирсең, Көпшилик халықтың тарқар шерлери. Хаққа жетсин бул зарым, Айтып болдым сөзимди, Ат ойнатқан жырағың, Ойға алған бирли-ярым. Еменқиял еллери, Болсын сениң байрағың. Бул сөзлерди айтқанда, Қызлардың көзи жайнады. Астындағы тулпарлар, Көкке шапшып ойнады, Таўдың басы тарады. Күнлердиң күни туўғанда, «Билимли» күнге жарады. Шапқан аттың дүбири, Жаңғыртып таўды барады. Мезгилсиз атты айдады, Мийнет етпей, азап шекпей, Парахат турмыс қайдады?! Қуўырмаштай қуўырып, Жердиң шаңын суўырып, Өзиң көрген Заўрия Жолларды баслап барады… Буның билгирлигине, Ер Зийўар ҳайран қалады. Үш ярым күн болғанда, Жаңлаған мылтық даўысы, Шуўлаған елдиң наласы, Қулақты жарып барады. Омыраўына қадалады, Оқ болып халықтың көз жасы, Елдин ғамын ойлағанның. Сарай ишинен шығады, Бир қара шор көп адам... Арасына қараса: Бир қолында, тәсписи, Қыдыр деген молласы, («Ақылгөй», Қалмақ данасы»), Әдил патша Ҳәсенниң, Қолын байлап артына, Жүрсе, жанын азаплап, Сақалынан тутады: —Зийўарың қайда сениң? – деп, Басына қамшы урады. Буны көрип ер Зийўар, Көзлери оттай жанады. Жаўдың берген қорлығына, Иши-ғыж-ғыж қайнады. «Ат қояман қалмаққа», деп, Аш арысландай ҳарлады. Сол ўақтында Заўрия, Бир-еки аўыз тәселле айтып, Зийўарға қарап зарлады: — Ушырмағыл басқа қонған қусымды, «Сен» деп ерттим бирге ҳәмме қызымды, Ғош жигитке сабырлылық пайдадур, Қулақ салып тыңла мениң сөзимди. Барған менен қарсы турар қалмақлар, Қайта оған биз салармыз қайғы-зар, Кейнимизден Жаҳан келип жеткенше Сен бир заман сабыр еткил, ер Зийўар. Атты шаўып алмағыл сен қаланы, Үйме өликлерге жасыл даланы, Қылыш жумсап, гелле кесип, қан төгип, Зар жылатпа қатын менен баланы. Сениң ушын мен жумсайын зибанды, Қырсаң танымассаң досты, душпанды, Мәрт болған соң сеннен саўға тилеймен, Сәл сабыр ет, шақырайын Жаҳанды. Сол ўақлары болғанда, Әжайып сыйқыр урады, Заўриядай перийзат. Ғарры менен кемпирдиң, Қатын менен баланың, Тиришилик еткен инсанның, Бул даўысты еситип, Ақылынан айрылып, Сам-сазы шығып қалады. Шийрин жанын қыз Жаҳан, Халық қаны ушын қыйнады. Урыспазларды ләң қылыўға, Белине күшин жыйнады, Атты ойнатып жиберип Сансыз қалмақ ләшкериниң, Дөгерегин үш айланды. Ақырында бул Жаҳан, Ортаға өзин урады!!! Адам билмес көзи илмес, Шеберлигин қылады. Сол илимниң күши менен, Жанай менен Абақандай, Сумлардың тилин байлады. Изине ерип сансыз адам, Зийўар атлы батырға, «Бағындық», деп зарлады; «Алпыс еки ҳәмелдар, Жетпис еки мөҳирдар, Молла менен ийшаннан, Алдандық», деп шуўлады. Бул оқыўдың қүдиретинен, Қалмақтың не бир бийлери, Мектептеги балалары, Қуўанып күлип ойнады. Әўел—урыс, кейин—дослық, Халықтың ишин жайлады. Ғайратын көрип Жаҳанның, Батыр туўған ер Зийўар, Атасын барып қушақлап, Сүйип сонда зарлады. Атасының қасында, Қыдыр менен Абақан. Ер Жанайды айнытқан. Бир жүз жетпис бар еди, Қалмақтың ийшан-молласы— Бәрин қойдай байлады! Алып барып ер Зийўар, Атасын тахқа миндирип, «Отыр ата», дегенде, —Мурадыма жеттим,—деп, Атасы еңиреп бийшара, Тахтан таслап өзини, Ет бетинен қулады: —Хан тухымы қурысын, Бек тухымы жоқ болсын, Халықтың ери ел ушын, Хорезмге хан болсын. Меннен қалсын бул нәсият, Балам болғыл саламат,—деп, Ҳәсен деген атасы, «Ҳақ» деп өтти дүньядан. «Алпыс еки әмелдар, Жетпис еки мөҳирдар, Алынды,—деп,—орнынан». Шыңғырып кетти салған жар. «Хан тухымы қурысын», деп, Ақтамақтай арыўды.