Ол зыйыққа миндирди, Бир жүз жетпис молласын. Парахат елди шуўлатқан, Шыны менен ант айтқан, Жанларды дарға астырды, Адам қанын ишиўге. —Улды айырдың атадан, Ерди қылдың сергиздан. Дос елди еттиң сен душпан,—деп, Дүмше молла Қыдырды, Гүржилерге тарттырды. —«Мен», «мен» деген беглерди, Жас баладай еңиреттиң, Ғарры менен кемпирди, Аш гүзендей зарлаттың, Ҳәсеншадай патшаның, Халқына келип оқ аттың. Хан жазасы сол саған,—деп. Абақандай патшаның, Аўзына қазық қақтырды. Басшы болған бийлерин, Әрманлы қылып өлтирди, Молла менен ийшанның, Ер Зийўар үнин өширди. Көзи қыймады Зийўардың... ...Өлтириўге Жанайды. Жаҳанды берип Жанайға, Әдиллик пенен сорады. Он жети ай дегенде, Қалмақ пенен ноғайлы, Араласып ел болып Қатын менен баласы, Ойнап-күлип қосылды. Душпанларды (қыйратып, Дәўран сүрип нешше жыл, Оқыўдың күшин ер Зийўар, Сол заманда сынады, Ақжүримдей шәҳәрде, Көрди шадлық заманды. Ядында сақлап Қурбанбай, Халық арасына таратты, Ер Зийўардай дәстанды.