Ләшкерге басшы ер Жанай, Еңиреген ер еди, Сансыз ләшкерлерине, Мәрданалық береди. Қарағай найза қолға алып. Арысландай ыңыранып, Буўырқанып, бурсанып, Муздай темир қурсанып, Тулпарға қамшы басады, Көкиреги тасады. Геўирлер көрип батырды, Ақылынан сасады. Зийўар менен ер Жанай, Тулпарға қамшы урады. Еки бирдей батырдың, Келбетине қарасаң, Кимниң де көзи тояды. Тақтаполат булардың, Айбатынан сескенип, Жүреги суўлап барады, Қалтыратпа тийеди, Сол ўақлары болғанда, Хорезмниң ләшкери, Еки жаққа бөлинди. Геўирлердиң қорыққаны, Батырларға аның билинди. Тилладан дабыл қағылды, Саўашқа сап тартылды. Зийўар менен ер Жанай, Ләшкерлерге бас болып, Душпанға оқлар атады, Көбиниң үнин өширди, Қарсы келген геўирлерге, Әжел майын иштирди. Батырлар табан тирести, Найзаласып, ирести. Мәрт баслаған мергенлер, Толғап тартты гирести. Рустемдей саўаш етилди. Саўыттың жүйи сөтилди, Қылыштың жүзи кетилди, Мәртлер атты тебинди. Геўирлер кейин шегинди. Атлар шаўып әсте-әсте. Қылыш урып шәдәсте. Жаў өлиги дәсте-дәсте. Үйилди майдан ишинде, Геўирлердиң қызыл қаны, Төгилди майдан ишинде. Денесинен шийрин жаны, Үзилди майдан ишинде. Мойны қулаш тулпарлар, Сүрилди майдан ишинде, Шоқпарлар тийип геллеге, Езилди майдан ишинде, Тулпардың жал қуйрығы, Есилди майдан ишинде. Қылыш тийип геллелер, Кесилди майдан ишинде, Жерге тамған қанлары, Жуўылды майдан ишинде. Геўирлердиң қоллары. Суўырылды майдан ишинде. Геўирлердиң кейнинен. Қуўылды майдан ишинде. Тулпарлардың қуйрығы, Түйилди майдан ишинде. Геўирлердиң геллеси. Үйилди майдан ишинде. Тақтаполаттың жүреги, Күйилди майдан ишинде. Жаў қаны аттың дизинен, Кешилди майдан ишинде. Геўирлердиң кийими Пишилди майдан ишинде. Мәрт күшинен басқы таўып. Қашты жаў майдан ишинде. Қуўып жетип Зийўар мәрт. Шанышты майдан ишинде, Геўирлердиң қанларын, Шашты майдан ишинде. Зийўар менен ер Жанай, Йошты майдан ишинде. Ләшкери жетип, күшлерин, Қосты майдан ишинде. Найза жаўдың жүрегин. Тести майдан ишинде. Бәле келген геўирлер, Састы майдан ишинде. Атлар тахтты туяқлап. Басты майдан ишинде. Ерлер әжайып мәртликти, Етти майдан ишинде. Нешше бәлент таўларда, Геўирди қуўды қос батыр. Қалмақтың шегарасында, «Бесмазар» деген бар еди— Зийўар менен ер Жанай, Соған қуўып барады. «Сасық мазардың» тусында, Қалмақты тәслим етеди. Геўирлердиң патшасы, Аяқ жолын көре алмай, Қалған соқыр ғәрибин, Елиндеги елеўсиз, Жүрген гилең сағыйды, Күн көрип жүрген тиленип, Қалендер, сорлы бақыйды, Аўылында қалдырмай, Бийшара қатын-баланы, Қаладағы қассапты Жуўазшы менен баққалды, Нәшеси бәлент тириекшини, Шылым тутқан пәйекшини, Аспазы менен мәскепшини, Кемпир менен ғаррыны, Көмирши-темиршини, Сыртта жүрген сыпырып, Тамағы жоқ жалшыны— Бәрин қоймай айдады. Қалдырды босқа қаланы. Бел, кетпен, темир жабаны, Ҳәттеки темир-сынықты, Темиртек, қырғыш, тыйықты,— Бәрин қоймай жыйнатты.