«Аў-тумар» ойнасын бәлент-пәстинде, Латманат яр болсын сениң дәстиңде, Атам қалған ноғайлардың ишинде, Атлан, саўаш болсын душпан үстинде. Бизлер гездик бағлар менен саҳраны, Ноғайлар жүрекке салды жараны, Келиң, қызлар, атланайық душпанға, Душпан келсе тигер бахытқа қараны. Саўаш күни арғымаққа салың ер, Қылыш тартып, маңлайдан төгиң тер, Қорқақ қыздай көп муңайып турмаңыз, Атланыңыз, өш алайық, перилер. Ел шетине залым душпан келгенде. Таў ыдырар арғымақты желгенде, Урысты ашпай жаўға елди бергеннен, Не қылады гелле кесип өлгенде?! Душпанға бағынсақ гелле кесилер, Болмаса жипектей шашлар есилер, Я ноғайға тоқалыққа бармасақ, Найза менен ақ төслериң тесилер. Хазан урмай қызыл гүлдей солғаннан, Жан барында жаўға-жесир болғаннан, Жаў менен алысып өлген жақсырақ, Соның ушын атланайық булманнан. Ханның қызы Ақтамақ, Сөзин тамам етеди; Тебилде турған секирип, Тулпарына жетеди; Жипектен терлик салады, Алтыннан ер қондырып, Гәўҳардан айыл шалады; Бурен баслы көк саўыт, Бөктергиге байлады, Ушып-қонып перийзат, Болар исти ойлады, Қылыш алып қолына, Өзлерин жаўға сайлады, Арғымақ минип перилер, Түсти саўаш жолына. Ақтамақтай арыўдың, Жүз қызы жүрди—алдында. Жүз қызы жүрди—артында, Сексен қыз жүрди—оңында, Сексен қыз жүрди—солында. Арғымақ атты ойнатып, Полаттан суўлық шайнатып, Көргенниң ишин қайнатып, Жүзлерин гүл-гүл жайнатып, Аўыт-аўыт ат шаўып, Перилер йошып барады, Ат кекилин тарады Алдындағы Ақтамақ, «Ўақып болың, қызлар»,—деп, Жан-жағына қарады. Қыз да болса Ақтамақ, Аўыр күнге жарады. Ат шаўып таўдың басына. Қара қайғы түскенде, Атасының басына, Күн-түн тынбай жол жүрип, Үш жүз алпыс қыз бенен, Түн ярымы аўғанда, Сәҳәрге мейил болғанда, Жетип келди Ақтамақ. Арғымағын байлады, Ақ шатырдың алдында, Ҳәр ислерди ойлады... Әдеп пенен Ақтамақ, Ишкериге киреди, Муңайып мүлгип отырған, Хан атасын көреди. Иззет пенен Ақтамақ, Ийилип сәлем береди. Тақтаполат атасы, Қапалы болып сол ўақта, Ноғайлыдан жеңилип, Төмен салып мойынын, Көзинен аққан жаслары, Толтырып етек, қойынын, Оң қолы менен ийегин, Отыр еди таянып. Кирип келди есиктен, Сәлем берип ийилип. — Қызының сестин еситип. Жарылғандай жүреги, Секирип турды орнынан, Келгендей-ақ тиреги. Көзлерде жасын моншақлап, Ақтамақ пенен атасы, Ақ шатырда жылады, —Мәдәры болған белимниң, Тирисең бе, қарағым, Айбаты болған елимниң? — Деди де хан зарлады, Зарлады да толғады: —«Тоқтаполат патша» дейдилар атым, Қыз да болсаң алдымдағы айбатым, Басларыма қара күнлер туўғанда, Сен келдиң—тасады мениң ғайратым. Журт сорадым бир неше жыл болып хан, Айбатымнан титиреди бәрша жан, Сәҳәр ўақта излеп келдиң «Атам», деп, Үш жүз алпыс қызлар менен Ақтамжан. Хорезмди алмақ еди мурадым! Бирақ жетпей турғанында қуўатым, Келипсеңиз үш жүз алпыс қыз бенен, Қыз болсаң да арысландай зүриятым. Перзентимсең, саған қылдым мулақат, Саўлатымда сен еттиң-ғой салтанат, Турғанымда ләшкер жетпей тарығып, Ертип келдиң үш жүз алпыс қол-қанат. Он бесиңде ойнап кемалға келдиң, Намысын қорғайық туўылған елдиң, Қызым, ноғайларға бирден ат қойып, Шатырына от қояйық Ҳәсенниң. Үш күн болды бул басымда қайғы-зар, Қыз болсаң да ерге едиң барабар. Егер бүгин келмегенде зүриятым, Бул кең жаҳан маған болып еди тар. Ул перзентим жоқлығынан кеўлим кем, Өлсем дүнья-малым болар журтқа жем, Қызым, келдиң үш жүз алпыс қыз бенен, Ноғайларды жеңиўимиз муҳаям. Қыз болсаң да мәрттей белди буўғаның, Қызым, атаңнан да артық туўғаның, Егер ертең ноғайларға ат қойсаң. Зийўар—ер Жанайдай болып туўғаның. Зийўар менен Жанай алды асымды, Ноғайлардан қутқар мениң басымды, Егер буннан енди қашсақ кейинге, Ўайран етер мениң Қиял-қаламды. Ноғайларға ар-намысты бермейик, Душпанлардан азап-ақырет көрмейик, Егерде кимде-ким қашса кейнине, Өлтирейик, қарсы қылыш сермейик. Бенде етсең Ҳәсен, Зийўар, Жанайды, (Олар өзин ер Әлийге санайды!!!) Олжа етсең ханы менен батырын, Қалғанларын бенде етиў оңайды. Жарқылдайды жүзлериңиз алтындай, Ноғайларға қылыш урың айбынбай, Келиңлер, үш жүз алпыс қызлар да, Ноғайларға жүриңиз ҳеш тартынбай! «Тақтаполат қайсар» дейди атымды, Жаўды жеқип көтериңлер, даңқымды... Саркардасы үш жүз алпыс қызлардың, Тыңла мениң усы нәсийҳатымды. Сол ўақытта таң да атты, «Саўаштың ўақты болды», деп, Ноғайлар дабыл қақты. Тилла дабыллар кейнинен. Зийўар, Жанай атқа минди. Сырнай-гернайдың даўысы, Таўды, тасты жаңлатты. Дабылдың даўысын еситип, Ақтамақтай арыўдың, Жуўлап бети қызарды. Танадай көзи жаўтаңлап, Ырғып турып орнынан, Байлаўлы турған тулпардың. Шылбырын шешип алады, Секирип минип тулпарға, Қарағай найза қолға алып, Атасынан руқсат сорады: — Қолымда ойнады полаттан қалқан, Жаў жақын келгенде қашсаңыз жаман, Тилла дабыл қаққан Зийўар —Жанайға, Жуўап бер барайын, жаным атажан? «Саўаш күни секирмесе әреби ат, Жаў келгенде қашты», деген жаман ат, Көп еглесең душпан келер үстиңе, Атажаным, тезирек бериң руқсат. Жарасыққа жүзде қойдым қалымды, Бүгин мен сынайман ығбалымды, Егер әсир болсам ноғайлыларға, Залым ноғай қыйнар мениң жанымды. Атажан, тыңладым сениң зарыңды, Душпанға атландыр мәрт қызларыңды, Шамам келсе Зийўар менен Жанайды, Бенде етип, алайын бир арыңды. Мен турыппан, ғайратыма сыймайын, Саўаш күни ғәрип жанды қыйнайын, Атажаным, жуўап берсең бизлерге, Зийўарыңды бенде етип байлайын.