Бул майданда ағызайын теримди, Ноғайларға урып ақ семсеримди, Көп егленбең жуўап бериң, атажан, Қанлар төгип тарқатайын шеримди? Саўаш майданында шағлап йошайын, Ноғайлыны бир-бирине қоспайын, Ҳәсен ханның ат ойнатып үстинде, Қарсы турса қанын суўдай шашайын. Саўашта душпанды қырған саўапты, Мәртлер етер бир күн бизге таўапты, Ал атажан, латманатқа сыйындым, Көп егленбей маған берши жуўапты. Тақтаполат майданда, Қызының сөзин тыңлайды, Бир нәрсени аңлайды, Ақтамақтай қызының, Мәрт екенин биледи, «Зийўар, Ҳәсен ҳәм Жанайды, Қул етемен», деген соң, Патша шад боп күледи; — Саўаш күни мәрттей болып сал ғайрат, Жалғыз қызым болмағайсаң, биймурат, Бул майданда еңиреп жуўап берейин, Яр болсын, перзентим, саған латманат. Саўаш күни мәртлер қайнап-йошады, Қылышынан қызыл қанлар шашады, Қойдай дүркиретип қуўып душпанды, Батырлар ләшкерге жолды ашады. Арғымақтың жал-кекилин тарайман, Кешиксең мен жолларыңа қарайман, Қарсы жаўға өзиң соққы бермесең, Ғарры қулман, не мүшкилге жарайман? Қатты қамшы урып аттың етине, Қарамаңыз душпанлардың бетине, Бар жалғызым, ноғайларға сүргин сал, Душпанды келтирмей елдиң шетине. Үш жүз алпыс қызларың бар найзалы, Сөйлеген сөзлериң палдан мазалы, Ҳәсен ханды бенде етип келтирсең, Үйинде қатыны болар азалы. Ақтамағым, сеннен басқа кимим бар?! Ҳәсен ханға болсын бүгин дүнья тар, Жалғыз қызым, латманатым яр болсын, Ноғайларға жүрис қылсаң, аллаяр. Ханның қызы Ақтамақ, Қылышын қолға алады, —Алысқандай биз бенен, Ноғайларда бар ма ер?! Деп қыз шаўқым салады, Еки жақ сап шегилди, Ақтамақтың жүзлери, Туўған айдай жарқырап Гүрес тутар майданға, Жорғаны сүрип келеди, Батыр еди Ақтамақ, Ақ билекти сыбанып. Қыпша бели қылаңлап, Асыға сөйлеп жалаңлап. Туўған айдай толықсып, Ақ сазандай булқынып. Тоқсан түрли наз бенен, Ортаға келип турады, —Батыр болсаң, келиң!—деп, Ортада лап урады, Қызды көрип ер Жанай, Туралмады орнында, Жаңа безгек болғандай, Денелери қалтырап. Алмас қылышы сонда, Қынаптан шықты жалтырап, Жети қат саўыт үстинде, Қарағай саплы ақ найза, Ер Жанайдың дәстинде, Арғымақ тулпар астында, Жигит болсаң сондай бол: Жан алмақтың қастында. Тилла жыға қыстырған, Саўлат пенен басына. Бал қосып берген анасы, Ҳәр бир жутқан асына. Суўдай тилип өткендей, Силтеп алмас қылышын, Урса таўдың тасына, Көргенлер тилек тилейди, Узақ өмир жасына. Бара қойса душпанға Таўдың жыра-сайлары, Толар жаўдың лашына. Усындай ерден тартынбай. Қандай батыр болса да, Турғанын қыздың ортада, Көре салып ер Жанай, Атына қамшы урады, Күйип, жаны ашынып. Урыспаға жаў менен. Гүреспеге қыз бенен. Атадан жуўап алмаға; Палўан қыз бенен гүресип, Абыройға ийе болмаға; Тақтаполат патшаның, Басына қайғы салмаға, Несип етсе яратқан, Ақтамақтай арыўды, Ҳаяллыққа алмаға; Егер оған көнбесе, Аяғына ханшаның, Шарық бүрип қоймаға; Аташкурсиз, көсеўсиз, Қозды услатып қол менен, Қырқ жигиттиң алдында, Шылымкеш етип қоймаға; Оған да егер көнбесе, Ғазап етип ол қыздың, Еки көзин оймаға, Батыр қиял етеди. Арғымағын ойнатып, Көргенниң ишин қайнатып, Жетип келди ер Жанай, Атасының қасына. Атасының алдында. Қол қаўсырып ер Жанай, Тәжим берип турады. — Жүреги оттай лаўлаған, Қайырып зулпын таўлаған, Қалмақ қызы заңғардың, Геллеси жаўдан ғаўлаған, Болмаса не бир батырды, Көрмегендей баўлаған. Болмаса барып көллерге, Жаз болса балық аўлаған. Я қоян қуўып, баяўлап, Етек-жеңин суўлаған. Қозғала басып, жаяўлап, Қайсар батыр қыз бенен, Барып гүрес тутайын, Егер жетсе қуўатым, Үш айландырып басымнан, Зынғытып көкке атайын? Аттың жалын өрейин, Ҳал сынасып қыз бенен, Ҳалымды сынап көрейин? Жықсам, алып яр етип, Қосылып дәўран сүрейин? Руқсат етиң ата?—деп, Ер Жанай жуўап сорады, — Алдымда жүрсең ғайратым, Кейнимде жүрсең айбатым. Палўан қыз бенен гүрессең, Пирлер болсын мәдеткар, «Бар, кете бер, зүриятым. «Алдымдағы панам»,—деп; «Кейнимдеги қалам»,—деп; Гүресшең қызды жыққайсаң, Бахытлы бол, балам»,—деп, Қолын жайып Ҳәсен хан, Еңиреген ер Жанайға, Пәтиясын береди. Батыр жигит патшадан, Ақ пәтия алған соң, Саўаш еди батырдың, Яратқаннан тилеги, Жуўап алып атадан, Мурады ҳасыл болған соң, Жүзлери гүл-гүл жанады, Қыз қандай гөззал болса да, Бир көрсе мийри қанады, Дәў болса да душпаны, Көргенде иштен жанады. Қайсардың қарыў-ғайратын. Ер Жанай кирсе саўашқа, Алмас қылыш душпанның, Төбесинде ойнайды, Ғайратын көрген душпанның, Ишлери оттай жанады, Астындағы арғымақ, Секиреди жулдызға. Бир перийзат бөленген, Парша менен қундызға, Айдарҳадай ысқырған, Танаўынан шыққан жел, Қақпақтай тасты ушырған— Жетип келди ер Жанай, Ортада турған мәрт қызға. Қарсыласып турғанда, Қарсы алып қонақты, Қол қаўсырып алдында, Әзизлеп сәлем бермеклик— Батыр ердиң белгиси; Ҳәм биринши нәўбетти, Қонағына бермеклик— Ол да мәрттиң белгиси; Елге келген қонақты, Жаў болса да сыйламақ.— Жақсы журттың белгиси; Истиң соңын ойламақ— Ақыллы ердиң белгиси; Палўан қыз ғапыл турғанда, Найза менен түйремей, Қурық салып мойнына, Қуры ат пенен сүйремей, Қынаптан алып қылышын, Қағып алмай геллесин, Алдына келип турғаны.— Ер Жанайдың ерлиги, — «Айда-айда, айда», деп; «Батырлары қайда?!»,—деп, «Бақырып едиң бад, урып, Батырларың болмаса, Қырылмай-ақ журтыңды, Бергениңиз пайда», деп, Сиз бе еди даўрыққан? Суўды көрмей шешинип, Қула дүзде ҳаўлыққан? Қутыла алмас оңайда, Бир бәлеге жолыққан. Мурнынан қан ағады, Басқы таўып зорыққан, Алдын алып бақырып, Душпанынан қорыққан, Батыр қыз сиз болсаңыз, Қарап жүрип урныққан, Найза көрсе тербелмес, Табаны қатты орныққан— Жанай батыр баламыз, Гүресип жасынан шыныққан. Елге келген қонақсыз, Бел буўардан қан кешип, Ийтаяқтан суў ишип, Адамды жеген, қуныққан. Батырлардың белгиси, Қонақты барынша сыйлаған. Найза салып ғапылда, Болмайды мәртти қыйнаған, Сиз палўан қыз қусайсыз, Денеңе күшиң сыймаған? Яки сағыйра қусайсаң, Еле есин жыймаған? Жетим сорлы болмасаң, Көзиниң жасын тыймаған, Бурын нәўбет берейин, Батыр қыз, қалма әрманда!